Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын аналардың аяқлары аўырыўын билесизбе? Аллаҳ таала ана | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Не ушын аналардың аяқлары аўырыўын билесизбе?

Аллаҳ таала ананың жатырындағы суйықлықты ҳәдден тысқары шор қылып қойған. Соның нәтийжесинде, жатыр ишиндеги ҳәмиле салмақсыз жағдайда болады. Ол ҳәр дайым суйықлықтың жоқарғы тәрепинде болады. Балаға азық киндигинен анаға байланған сезим арқалы аңсат ғана келип турады.
Ҳәмиледар ҳаял тойып аўқат жемесе яки көбирек аш қалса, ҳәмилеге келетуғын азық ананың тислери ҳәм сүйеклериниң жемирилиўи арқалы қапланады. Соның ушын көпшилик ҳаяллардың жасы өткени сайын тислериниң төгилиўи, дизе ҳәм аяқларының аўырыўы гүзетиледи.

Сол себепли ҳәмиледар ҳаяллардың ўақтында тойып аўқатланыўы өзлериниң келешекте саламат болыўында жүдә әҳмийетли саналады. Қәне енди, анасының дизеси яки аяғы не ушын аўырып атырғанын перзент билгенинде, тек өзин ойлайберместен қандай қылып анасын разы қылыў үстинде бас қатырған болар еди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бийкарға: «Жәннет аналардың аяғы астында» демеген.

http://t.me/nasiyatuz