Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
Ҳикмет
Әҳмийетли
Тәрбия
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
Ҳикмет
Әҳмийетли
Тәрбия
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 71.07K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 977

2021-04-08 20:23:14
https://t.me/paziyletuz
9.3K viewsАдмин, 17:23
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 19:47:02
УЙҚЫДАН АЛДЫН ҚЫЛЫНАТУҒЫН ИСЛЕР

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Ким таҳарат пенен уйқласа, оның басында бир периште түнейди. Ол түнде оянса: Аллаҳим, оның гүналарын кешир, себеби ол, таҳарат пенен уйқлады, дейди".

Айша разыяллаҳу анҳа айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр күни түнде өз орнына жатса, еки алақанын бир қосып, оған дем салатуғын еди. Оған «Қул ҳуўәллооҳу аҳад»ты, «Қул әъуўзу бироббил фалақ»ты, «Қул әъуўзу биробин-нәәс»ты оқып, еки алақанына дем салғаннан кейин, денесиниң қол жететуғын жериниң ҳәммесине сүртетуғын еди. Басынан, жүзинен ҳәм алдынғы тәрепинен баслайтуғын еди. Усындай тәризде үш мәрте ислейтуғын еди».

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйқлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
11.6K viewsАдмин, 16:47
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 18:32:02
#ҳәдийс #тәрбия

САДАҚАНЫҢ ТҮРЛЕРИ

Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылыныўынша, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деди:
– Мусылман бирадарыңа күлип қараўың сен ушын садақа;
– Адамларды жақсылыққа шақырып, жаманлықтан қайтарыўың да садақа;
– Басқа елден киятырған мүсәпирге жол көрсетиўиң де садақа;
– Көзи жақсы көрмейтуғын адамға жәрдем бериў мақсетинде қараўың да садақа;
– Тас, тикен, сүйек ҳәм шөпти жолдың бир шетине алып таслаўың да садақа;
- Шелегиңдеги суўды достыңның шелегине қуйып суў толтырыўың да садақа.


"Ғам қайғысыз жасаўды қәлесеңиз" китабынан


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
12.3K viewsАдмин, 15:32
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 17:14:22
#хош_хабар #рамазан_2021

БЫЙЫЛҒЫ РАМАЗАН АЙЫНЫҢ 1-КҮНИ 13-АПРЕЛЬГЕ ТУЎРА КЕЛЕДИ

«Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында»ғы Президент қарары кабыл етилди.

Қарарға көре, Рамазан айы карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларға сай рәўиште өткериледи.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы уламалары тәрепинен Ислам дини дереклери ҳәм астрономиялық мағлыўматларға таянып 2021-жылда Рамазан айының 1-күни усы жыл 13-апрель, сийшенби күнине туўра келиўи ҳаққында жуўмаққа келинди.


Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспа сөз хызмети



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.7K viewsАдмин, 14:14
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 16:01:18
#рамазан_кирип_келмекте

(-/+ 1 күнге парық қылыўы мүмкин)

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
10.8K viewsАдмин, 13:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 14:51:11
#ҳәдийси_қудсий

ӨМИРИҢ ЗЫЯДА БОЛАДЫ

Аллаҳ таала айтады:

Ҳәй адам баласы! Сабыр қылып, кишипейил бол! Өзим сени жоқары шыңларға көтеремен.
Мениң берген неъматларыма шүкир қыл. Өзим сени неъматлар менен сыйлайман.
Маған қылған гүналарың ушын истиғфар айт. Өзим гүналарыңды кеширемен.
Егер маған дуўа қылсаң, Өзим қабыл қыламан.
Қылған гүналарың ушын тәўбе ет, Өзим тәўбеңди қабыл қыламан.
Мүтәж нәрсеңди меннен сора, Өзим саған оны беремен.
Адамларға садақа қыл, ырысқыңды берекетли қылып қояман.
Ағайын-туўысқанларың менен байланысыңды үзбе. Өмириңди зыяда қыламан.
Ҳәр дайым беккем ден-саўлық сорап дуўа қыл! Меннен тынышлық болыўын сора.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.8K viewsАдмин, 11:51
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 13:37:02
#ҳикмет

Аллаҳ таала Өз қорғаўына алған көз жаслар:

Ең қымбат көз жасы бул ананың көз жасы. Оның төгилиўине жол қоймаң. Себеби, еки дүньяңыз да күйип кетиўи мүмкин!

Ҳақыйқый көз жас – зулым көрген адамның көз жаслары.
Оның төгилиўинен де қорқың. Өйткени, ол сизди түпсиз жарлыққа алып барыўы мүмкин!

Ең таза көз жасы бул – жас нәрестениң көз жасы. Оны жылатпаң. Себеби, ертеңги күни перзентке зар болыўыңыз мүмкин!

Ең пәкизе көз жасы бул – тәўбе қылған адамның көз жасы. Бул көз жасты ҳәр күни төгиң. Бул сизиң утысыңыз. Тәўбелериңиздиң қабыл болыўына себепши болады
.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
11.5K viewsАдмин, 10:37
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 11:11:09
#ramazan

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
2.0K viewsАдмин, 08:11
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 10:33:01
#Қысқа_сораў_жуўаплар

СОРАЎ: Ораза тутқан адам тис пастасы менен тисин тазаласа бола ма?

ЖУЎАП: Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм.
Ораза ҳалында тис пастасынан пайдаланыў мәкруҳ. Егер тамағынан ҳеш нәрсе өтпесе, оразасы ашылмайды.
Бир нәрсениң дәмин көрип, кейин түпирип тасласа, ораза ашылмайды (Роддул Мухтар). Аллаҳ таала билиўширек.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
3.9K viewsАдмин, 07:33
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 09:15:32
#ҳикмет #тәрбия

ШАЙХ МУТАЎӘЛЛИЙ ШАЪРАЎИЙ НӘСИЯТЛАРЫ:

– Тәшўишиңиз тек инсанлардың муҳаббатына ерисиў ушын болып қалмасын. Инсанлардың қәлблери өзгериўшең. Бүгин жанынан да артық жақсы көрген инсан, ертең жаман көрип қалабереди. Тәшўишиңиз Аллаҳ тааланың муҳаббатына ерисиў болсын. Егер Ол сизди жақсы көретуғын болса, инсанлардың қәлблерин сиз тәрепке умтылатуғын қылып қояды.

– Айыбы бар адамниң үстинен күлмең. Егер айып оның минези ҳәм дининде болса, оны туўырлаң. Егер ол сыртқы көринисинде болса, оны Аллаҳ таала жаратқанын умытпаң! Әдеп сақлаң!

– Жыйналған ҳәм қолға киритилген нәрсе ырысқы есапланбайды. Оннан пайдаланылған нәрсе ырысқы есапланады. Себеби, сен айрым ўақытлары үлкен мал-мүлкке ийе болып, оны сарыпламайсаң. Демек, бул сениң ырысқың емес, басқаның ырысқысы. Сен тек бул ырысқылар биреўге бараман дегенше қорғап баратуғын адамсан.



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
6.1K viewsАдмин, 06:15
Ашу / Түсініктеме