Get Mystery Box with random crypto!

#рамазан_кирип_келмекте #ҳәдис #ораза Әбиў Ҳурайра разы | Paziyletuz | Рәсмий канал

#рамазан_кирип_келмекте #ҳәдис #ораза

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Аллаҳ таала «Адам баласының ҳәмме әмели өзи ушын, тек ораза Мен ушын ҳәм оның сыйлығын Мен – Өзим беремен», – деди. Ораза – сақлаўшы. Қашан қайсы бириңиз ораза болсаңыз, жаман сөз айтпасын ҳәм бақырысып-шақырыспасын. Егер биреў оны сөгежақ болса яки оның менен урысажақ болса «Мен ораза адамман», десин. Муҳаммадтың жаны қолында болған Аллаҳ пенен ант, әлбетте, ораза тутқан адамның аўзындағы ийис Аллаҳтың алдында мушктиң ийсинен де жағымлы. Ораза тутқанға еки қуўаныш бар. Қашан аўыз ашса, қуўанады ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы себепли қуўанады», – деди».

Бесеўи рәўият қылған.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz