Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Ҳадис
Салаўат
تانگی
Намаз
Пикирлеў
Қурбанлыққа
Video
Мақала
Sora
Жума
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Ҳадис
Салаўат
تانگی
Намаз
Пикирлеў
Қурбанлыққа
Video
Мақала
Sora
Жума
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 69.61K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 978

2021-04-26 10:46:06 #рамазан_2021
#аят #ҳәдис #зәкат
#мағлыўмат

Зәкатты бериў – Аллаҳ тааланың буйрығы

Зәкат – имканияты бар болған мусылман адамға Аллаҳ таала тәрепинен буйырылған муқаддес ўазыйпа болып есапланады. Мусылман адам зәкат ибадатын орынлар екен, экономикалық мәмилеге емес, илаҳый көрсетпеге көре шәрий ибадат қылған есапланады.
Төмендеги аяты кәрийма зәкат бериў парыз екенлигине дәлил есапланады:

«Мал-мүлклеринен оларды ол себепли пәклеўиңиз ушын ҳәм тазалаўыңыз ушын садақа алың…» (Тәўбе сүреси, 103-аят).

Басқа бир аяты кәриймада байлар бир бөлек малларын камбағалларға бериўи парыз қылынған. Аллаҳ таала мынандай дейди:
«(тапқан) мал-мүликлеринде (ажыратылған) мәлим ҳақ бар болып, (ол) тиленши ҳәм бийшаралар ушын» (Маъариж сүреси, 24-25-аят).

Зәкат бай ҳәм камбағалды бир-бирине жақынластырады, бай адам жәрдем бериў муҳаббаты менен жасайды, ал камбағал байға муҳаббат ҳәм ҳүрмет сезимин сезеди ҳәм қызғаншақлық, көреалмаслық ортадан көтериледи.

Қураны кәриймде Аллаҳ таала мынандай деп айтады:
“(Ҳәй мөминлер) Намазды кәмил оқың, зәкатты бериң ҳәм пайғамбарға бойсының. Қәнекей, (сонда) рейим қылынсаңыз” (Нур сүреси, 56-аят).

Зәкат – бул қайырхомлық емес, ол байдың мойнындағы жуўапкершилик, ўазыйпа. Бай адам зәкат ибадатын орынлаўға мәжбүр ҳәм мүтәж есапланады. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мине усындай мәнистеги гәпти айтқан:
“Егер зәкатты берсеңиз, расында, мойныңыздағы (ўазыйпа)ны орынлапсыз”, деген. (Имам Ҳәким, Имам Байҳақий рәўияты).

Имам Әбиў Ҳамид Ғаззалий раҳимаҳуллаҳ айтады: “Аллаҳ таала Өз бендесине жан неъматын ҳәм мал неъматын берген. Дене ибадатлары жан неъматының шүкирлиги. Қаржылай ибадатлар мал неъматының шүкрлиги болып есапланады”.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
10.7K viewsАдмин, 07:46
Ашу / Түсініктеме
2021-04-26 10:11:06 #рамазан_2021 #зәкат

Жүдә әҳмийетли мәселе!

БЫЙЫЛҒЫ ЗӘКАТ МУҒДАРЫ



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
9.6K viewsАдмин, 07:11
Ашу / Түсініктеме
2021-04-26 09:20:30 #рамазан_2021
#зәкат
#мағлыўмат

ЗӘКАТ ҲАҚҚЫНДА

Зәкат – исламның бес тийкарғы сүтинлеринен бири болып, ҳижраттың екинши жылы шәўўәл айында рамазан оразасы ҳәм фитр садақасынан соң парыз қылынған. Зәкат сөзликте: пәклик, көбейиў, зияда болыў ҳәм берекет мәнилеринде келеди. Ал, шәриятта: «Белгили мүлктен, белгиленген бир бөлегин, Аллаҳ таала белгилеп берген бир топар мусылман адамларға мүлк етип бериў болып есапланады».
Зәкат сөзиниң мәнилеринен тиккелей көринип турыпты, оны берген адамның мал-дәўлетиниң қалған бөлеги пақыр ҳәм мискинлердиң ҳаққынан пәк болады. Зәкат берилген мал-мүлкке берекет киреди, көбейип, өсип барып, зияда болабереди. Зәкаты берилген мүлкти Аллаҳ таала сақлайды. Бул турмыс тәжирийбелеринен көп мәрте өткен.
Қураны кәриймниң отыз еки жеринде зәкат бериўге буйрық болып, соннан жигирма сегизи намаз бенен бирге тилге алынған. Усы итибардан зәкаттың мәртебеси намаздың мәртебеси менен тең десек қәте қылмаймыз. Билемиз намаз динниң сүтини делинеди. Демек, мусылман инсан намаз бенен зәкаттың арасын ажыратпайды.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
19.8K viewsАдмин, 06:20
Ашу / Түсініктеме
2021-04-26 08:01:31 Смотрите "Устаз Есенгелди Низаматдинов 2 бөлим" на YouTube


10.3K viewsАдмин, 05:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-26 06:50:21
#ҳәдис

ТИЛДИ САҚЛАЎ

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:

– «Ҳәй Әлий! Ҳеш кимди кемшилиги себепли айыплама! Өйткени, сүйексиз гөш болмайды.

Ғийбаттың (өсектиң) каффараты ғийбат қылынған адамнан разылық алыў яки оның ушын Аллаҳтан жасырын мәғфират сораў.

Аллаҳ таала инсан денесинде тилден көре кескир нәрсе жаратпады. Адам тили себепли жәннетке яки дозаққа киреди. Тилиңди тый! Тил (жаманлықта) қабаған бир ийт (киби).

Ҳеш бир мусылманды ҳәм ҳайўанды ләнетлеме (егер олар ләнетке ылайық болмаса) ләнет өзиңе қайтады».


«Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳуға нәсиятлары». Имам Шаъроний раҳимаҳуллаҳ.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
22.0K viewsАдмин, 03:50
Ашу / Түсініктеме
2021-04-26 05:30:23 #рамазан_2021 #ҳәдис
#оразаның_пазыйлети
#мағлыўмат

ОРАЗАНЫҢ СИЗ БИЛМЕГЕН ТАҒЫ БИР ПАЙДАСЫ

Ақ қан тоқымалары инсан иммунитет системасының тийкарғы элементи. Илимий изертлеўлерде анықланыўынша, бир күн ораза тутылса, ақ қан тоқымасы пайда болып, инсанды ҳәр түрли кеселликлерден сақлайды екен. Қамарий жыл (айға қарап есапланатуғын жыл есабы) болса, 355 яки 356 күнге туўры келеди. Организм ушын бир жылға жететуғын ақ қан тоқымаларын пайда қылыў ушын 36 күн ораза тутыўымыз керек екен. Демек, шәўўал айында тағы алты күн ораза тутсақ, иммунитет системасын толық тиклеген болады екенбиз!

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен шәўўалда алты күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады», деген».
Имам Муслим рәўияты.

Шолыў: Рамазан айынан кейин келетуғын шәўўал айында алты күн нәпил ораза тутыўға шақырық өзине жараса ҳикметлерге ийе. Дәслеп, динимизде бәрқулла нәпил ораза тутып жүриўге шақырыў бар. Қалаберди, Рамазанда бир ай ораза тутып жүрип, шәўўалда бирден өзин аўқатқа урыў жақсы емес. Шыпакерлер де узақ мүддет ашлықтан кейин аўқат жеўди әсте-ақырын көбейтип барыўды усыныс етеди. Өйткени, ораза жуўмақланыўы менен шайтан да иске кирисип, ҳайыт күни көп аўқат жеўге шақырады. Нәтийжеде көпшиликтиң асқазаны менен машқаласы пайда болады. Халқымыз «Нәпси жаман ҳайытта өлер», деп бийкарға айтпаған. Мөмин бенде ҳайыттың ертесинен тағы ораза тутыўды басласа, шайтан қыйналып, «Бул адамды жолдан урып болмас екен, бир ай ораза тутып шаршамапты, буннан былай да шаршамайды» деп, оны адастырыўдан үмитсиз болады.
Аллаҳ Уллы!


"Рамазан ҳикметлери" китабынан үзинди.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
20.6K viewsАдмин, 02:30
Ашу / Түсініктеме
2021-04-26 04:15:18
#дуўа

АЗАНДА ҲӘМ КЕШҚУРЫН
ОҚЫЛАТУҒЫН ЗИКИР

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким
ҳәр күни азанда ҳәм кешқурын "Родийту билләәҳи Роббәә, ўә бил Исләәми дийнәә, ўә би Муҳаммәдин соллаллооҳу аләйҳи ўә сәлләмә Нәбиййәә, ўә Росуўләә " деп үш мәрте айтса қиямет күни Аллаҳтың разылығын табады", деди.

Зикирдиң мәниси: "Аллаҳты Рәбб, Исламды дин, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды Нәбий ҳәм Расул деп разы болдым".



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
11.3K viewsАдмин, 01:15
Ашу / Түсініктеме
2021-04-26 04:01:17
Ассаламу алайкум!

Бүгин Дүйшемби күни



Дүйшемби күниңиз қайырлы болсын!

26-Апрель 2021
14-Рамазан 1442





Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
13.3K viewsАдмин, 01:01
Ашу / Түсініктеме