Get Mystery Box with random crypto!

#зикир 'Ҳасбунәллооҳ ўә ниъмәл ўәкийл' зикириниң айырықша паз | Paziyletuz | Рәсмий канал

#зикир

"Ҳасбунәллооҳ ўә ниъмәл ўәкийл" зикириниң айырықша пазыйлетлери

Усы дуўа дуўалардың пазыйлети ҳәм дәрежеси жағынан ең уллысы;

Онда Аллаҳтың ризасы жасырынған;

Онда бенде Аллаҳтың ҳүзиринде әззи ҳәм мүтәж екени, Аллаҳ пенен болса барлық махлуқатлардың алдында ғәрезсиз екен бар.

Онда исти Аллаҳқа тапсырыў бар;

Онда Аллаҳтың Өзине тәўекел қылыў менен Оның Өзине сүйениў менен зулым, жаманлық ҳәм қорқынышты кеткизиў бар;

Онда Аллаҳ Оған сүйенген бенделерине Өзи жеткиликли екени бар;

Онда дүнья ҳәм ақырет саадаты бар;

Онда жеңиллик ҳәм шийеленисликтиң шешими бар;

Онда ырысқыны келтириў бар.

Аллаҳ таала Оған дуўа қылып жалбарынатуғын, ислерин Рәббисине тапсыратуғын ҳәм тек ғана Оған сүйенетуғын бендесин сүйеди. Сол иси себепли Ол бендесинен разы болады. Оған мийримин ҳәм кеңшилигин береди. Ҳүзиринде сол бендесиниң дәрежесин көтереди. Аллаҳ таала тилимиз ҳәм қәлбимизди зикринен үзбесин!



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ