Get Mystery Box with random crypto!

#ҳәдис Сәлем — аманлық ҳәм тынышлық Абдуллаҳ ибн Амр ра | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳәдис

Сәлем — аманлық ҳәм тынышлық

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳудан рәўияты қылынады:
«Бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:
«Исламның неси жақсы?» — деп сорады.
«Тағам бериўиң, ҳәмде таныған ҳәм танымаған адамыңа сәлем бериўиң», — деди».

Бесеўинен тек Термизий рәўият қылмаған.

Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Сөздиң басы - сәлем", - деди».

Термизий рәўият қылған.

Себеби, сәлем - аманлық ҳәм тынышлық. Алдын аманлық пенен тынышлықты жәриялап алып, соң гәп баслаў керек. Соның ушын, таныған-танымаған ҳәр бир адамға сөйлеўден алдын сәлем бериў — исламый мәденияттың ажыралмас бөлеги.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz