Get Mystery Box with random crypto!

#рәўият Дүнья – ақыретке таярлық майданы Әбиў Назрдан р | Paziyletuz | Рәсмий канал

#рәўият

Дүнья – ақыретке таярлық майданы

Әбиў Назрдан рәўият қылынады: "Жәбир деген адам айтады: "Умар разыяллаҳу анҳудың ҳүкимранлық дәўиринде оның алдына исим түсип бардым. Мәдина қаласына кешқурын кирдим. Маған парасат ҳәм сайрайтуғын тил берилген еди. Дүньяны жаманлап, оны жерге урдым. Оны ҳеш нәрсеге арзымайтуғын бир нәрсеге шығардым. Оның алдында шашы ҳәм сақаллы аппақ бир адам отыр еди. Гәпимди айтып болсам, жаңағы адам:
– Ҳәмме гәплериң шырайлы шықты. Бирақ, дүньяны сөккениң жаман болды. Сен өзи дүньяның не екенин билесең бе? Бизлер ақырет ушын керекли саўапларды усы жерден аламыз-ғо! деп дүньяны мақтай баслады. Бул адам дүньяны меннен де жақсы биледи екен.
– Ҳәй мусылманлардың басшысы, қасыңыздағы адам ким? деп сорадым.
– Бул адам мусылманлардың жол баслаўшысы Убай ибн Каъб, деди Умар разыяллаҳу анҳу.


"Ески дүнья рәўиятлары" китабынан



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz