Get Mystery Box with random crypto!

#рамазан_оразасына_тийисли_қысқа_сораў_жуўаплар Сораў: Ғусылд | Paziyletuz | Рәсмий канал

#рамазан_оразасына_тийисли_қысқа_сораў_жуўаплар

Сораў: Ғусылда ғарғара қылыў менен ораза ашыла ма?
Жуўап: Оразада ғарғара қылыў мәкириў. Егер ишке суў кетип қалса, ораза ашылады.

Сораў: Жарақатларға дәри қуйыў менен ораза ашыла ма?
Жуўап: Еки түрдеги жарақатқа дәри қуйыў менен ораза ашылады. Қуйылған дәри бастағы мийге жетип баратуғын жарақат; Қуйылған дәри асқазанға жетип баратуғын жарақат;

Сораў: Жунуб ҳалда оянған адам сәҳәрлик ўақты таўсылайын деп қалған болса, биринши сәҳәрлик қыла ма ямаса ғусыл қыла ма?
Жуўап: Сәҳәрлик ўақты аз қалған болса, онда аўыз-мурнын жақсылап шайып, кейин сәҳәрлик қылады. Субҳи садық киргеннен кейин ғусыл қыла береди. Жунуб ҳалда оразаны баслаў оразаға зыян жеткизбейди.

Сораў: Не затлар менен аўыз ашқан сүннет?
Жуўап: Пискен қурма, қурманың қағы, олар болмаса, мазалы нәрсе менен, ол да болмаса, суў менен аўыз ашыў (Умдатул Фиқҳ).

Сораў: Каффарат ўәжиб болыўын билместен Рамазанның оразасын қастан бузған адамға каффарат ўәжиб бола ма?
Жуўап: Рамазан оразасын қастан бузғанға каффарат лазым болады. Мәселени билмеўи үзир болмайды. Соның ушын избе-из еки ай ораза тутады. Буған қәдир болмаса, алпыс мискинди аўқатландырады.

Сораў: Мойнына каффарат лазым болған адам еки ай избе-из ораза тутпастан, алпыс мискинди аўқатландырса бола ма?
Жуўап: Ораза тутыўға қәдир бола турып, бундай қылыўы менен каффарат өтелмейди, орнына өтпейди.

Сораў: Рамазанның қазасы ҳәм каффаратын таң атаман дегенше нийет қыла алмаса, не болады?
Жуўап: Рамазанның қазасы ҳәм каффаратын тутып атырған адам таң атпастан алдын ораза тутыўды нийет қылыўы шәрт. Соның ушын сәҳәрликте тура алмай қалыўдан қорыққан адам қуяш батқаннан кейин ертеңги күнниң оразасын тутыўды нийет қылдым десе, жеткиликли.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ