Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
Ҳикмет
Әҳмийетли
Тәрбия
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
Ҳикмет
Әҳмийетли
Тәрбия
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 71.07K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 965

2021-04-23 09:01:21
#күн_ҳәдиси

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.

Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
5.0K viewsАдмин, 06:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-23 07:45:25
#сүннетке_әмел_етейик



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
7.0K viewsАдмин, 04:45
Ашу / Түсініктеме
2021-04-23 07:18:03 #пикир #қәлбтен_өткен_гәплер

ОЛ

Ол - ҳәр күни ҳәммеден алдын оянады;

Ол - емизикли болғаны ушын ғана ораза тута алмады;

Ол - ата-анам ҳәм мениң ушын шай-аўқат таярлап, кейин бизлерди сәҳәрлик ушын оятады;

Ол - бизлер аўқатланып, ораза тутыўды нийет етип болғанымызша, бизлерге шай қуйып берди, нан сындырып, ҳәмме хызметимизди қылады. Бул исти ҳеш өзине аўыр көрмейди. Қайтама, шың кеўилден ислейди;

Ол - биз сәҳәрлик етип, таң намазды ўақты киргеннен оқып орнымызға қайта жатқанымызда, енди жарысып киятырған жарықта далаларды, үй алдын сыпырады, қой-ешкилерге, таўық-шөжелерге қарайды;

Ол - таң атқанда перзентлериме шай таярлайды. Оларды мазалы аўқатлар менен сыйлайды;

Ол - кешке шекем үй жумыслары менен бәнт болады ҳәм соның менен бирге нәресте балама да қарайды;

Ол - түсте перзентлеримди аўқатландырыў ушын түслигин биз оразадарлардан пана бир жерге таярлайды, имканы барынша бизлердиң көзимизден аўлақта балаларыма шай-аўқатын береди;

Ол - кешке жақын және түрли-түрли аўқатларды таярлап, аўызымызды ашыўға дастурхан жаяды. Шөллегенимизди басатуғын ишимликлер таярлап қояды;

Ол - аўыз ашар жақынлағанда, бизлер менен бирге перзентлеримди де дастурхан әтирапына жәмлейди. Олар көрсин, өрнек болсын, балағат жасына жеткенде Рамазан айының оразасын тутыў ушын ҳәзирден таярлансын, деген пикирди алға сүреди;

Ол - хызметлери ушын ата-анамнан узыннан узақ дуўалар алады;

Ҳәр Рамазанда Оны қайта жақсы көрип қаламан;

Ҳайранман бул Рамазанда мен ораза тутып көп саўап алдым ба? Ямаса ол көп саўап алды ма?

Мениң ораза тутыўымнан басқа әмелим жоқ. Ал ол ҳәр күни үш үлкен адамға, үш кишкене балаға ҳәм толық үйге қарайды.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
7.9K viewsАдмин, edited  04:18
Ашу / Түсініктеме
2021-04-23 06:30:25 #рамазан_2021
#мағлыўмат

ДУЎА ҲАҚҚЫНДА

Дәслеп дуўаның мәнисин билип алайық. Араб тилинде «дуўа» сөзи шақырыў, сораў мәнилерин англатади.
Көбинесе, «дуўа» ҳәм «бир нәрсени талап етиў» мәнилери бир-бири менен араласып кетеди.
Соның ушын «талап етиў не, дуўа не» екенин анық билип алыў айрықша мазмунды пайда етеди.
Талап сораўшы баянлайтуғын сөздиң сыпаты: «Маған тилеген нәрсемди бер», сыяқлы.
Ал, дуўа сораўшыда пайда болатуғын нәпсидеги жағдай болады. Бул нәпсидеги жағдай еки нәрсе менен: адамның қәлби ҳәм сезимлериниң тетиклиги (ояўлығы) және олардан ҳәр бириниң кемтарлық пенен Аллаҳ таалаға жүзлениўи менен, және дуўа қылыўшының өзи ислеген гүналары ушын Аллаҳ таалаға шын кеўлинен тәўбе етиўди баслаўы менен болады.
Дуўа қылып атырған ўақытта инсан қәлби ҳәм сезимлердиң ояў, тетик болыўы және олардың ҳәр бириниң кемтарлық пенен Аллаҳ таалаға жүзлениўи болмаса, әдетке сай еки қолын көтерип, тилге келген талап сөзлери тәкирарланып атырған болады. Бундай ўақытларда инсан қәлбиниң ғәплетте болыўы, тилде бир гәп, ойында басқа гәп болыўы да мүмкин. Әлбетте, бул жағдайды дуўа деп болмайды.
Демек солай екен, бул исти орынлап атырған адамды «Пәленше Аллаҳ тааладан сорап атыр» деўимиз мүмкин, бирақ «Пәленше Аллаҳ таалаға дуўа қылып атыр» деп айта алмаймыз.

«(Ҳәй Муҳаммад) Сен: «Аллаҳ, деп дуўа қылың яки Роҳман деп, дуўа қылың, қайсысы менен дуўа қылсаңыз да (болады). Себеби, шырайлы исимлер Оныки», – деп айт». (Исро, 110).

«Сунний ақийдалар» китабынан.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
8.2K viewsАдмин, 03:30
Ашу / Түсініктеме
2021-04-23 05:16:25
#рамазан_2021
#ораза #ҳикмет

Ҳаялларымыз Рамазан айында:

– ораза тутыў саўабын;
– үй жумысларын ислеп, күйеўине хызмет қылғанының саўабын;
– ораза тутқан шаңарақ ағзаларына ифтарлық қылып бергениниң саўабын алады!

Әлбетте, бул ислердиң ҳәммесинде ықлас пенен, саўап берилиўине исенип хызмет қылыў керек!

Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтады: “Ким бир ораза тутқан инсанға ифтарлық қылып берсе, оған ораза тутқан инсанның саўабындай саўап жазылады. Оның саўабынан кем болмайды!”. (Имам Бухарый ҳәм Имам Муслим рәўияты)

Демек, ҳәдиске итибар берсек, ҳаялларымыз бир күнде еки кун ораза тутқан адамның саўабын алатуғынын билип алдық.
Егер бул ислерден тысқары, зикир қылыў, Қуран қирәәт қылыў менен бәнт болса, жыйнап атырған саўаплары оғада көп болып, гүнәларының кеширилиўине себеп болады, иншааллаҳ!




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
3.7K viewsАдмин, 02:16
Ашу / Түсініктеме
2021-04-23 04:30:22 #мағлыўмат

Бүгин жума күни. Жума күни көп салаўат айтыў сүннет әмел есапланады.
Салаўат айтыўдың қандай пазыйлетлери бар?


.Салаўат айтыў қызғаншақлықтан узақ қылады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Алдында тилге алынсам, маған салаўат жолламаған адам қызғаншақ”, – деди.
(Имам Термизий, Имам Аҳмад рәўияты).

* * *

.Салаўат айтыў дуўа қабыл болыўының негизи.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ҳәр бир дуўа Пайғамбарға салаўат айтылмағанша, аспан ортасындағы перде себепли жерде тоқтап турады, салаўат айтылса, сол перде көтериледи”, – деди.

* * *

.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шәпәәтлерине найыл еристиреди.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Маған жума күнинде ҳәм жума түнинде көп салаўат айтыңлар, ким солай етсе, мен оған Қыямет күни гүўа ҳәм шәпәәтши боламан”, – деди.
(Имам Байҳақий рәўияты).

* * *

.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға жақын қылады.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Қыямет күни маған ең жақын адамлар, әлбетте маған көп салаўат айтқанлары”, – деди.
(Имам Термизий рәўияты)

* * *

. Аллаҳ таала салаўат айтыўшылардың гүналарын кеширеди, дәрежесин көтереди.
Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким маған бир мәрте салаўат айтса, Аллаҳ оған он мәрте салаўат айтады. Оның он гүнасы өшириледи. Он дәреже жоқарылытады”, – деди.
(Имам Насаий рәўияты)

* * *

. Салаўат айтыўшыларды Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салам еситеди.
Абдуллаҳ ибн Әбиў Ўафа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Жума күни маған салаўатты көбейтиң. Әлбетте, маған жеткериледи ҳәм мен еситемен”, – деди.
(Имам Ибн Мажа рәўияты)

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
4.3K viewsАдмин, 01:30
Ашу / Түсініктеме
2021-04-23 04:01:15
Ассаламу алайкум!

Бүгин Жума күни



Жума күниңиз қайырлы болсын!

23-Апрель 2021
11-Рамазан 1442





Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
5.1K viewsАдмин, 01:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-23 02:11:37
#қуранда_зикири_келген_инсанлар

Шайх Муҳаммад Садиқ Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳ тийкар салған islom.uz порталы усынады

Мүбәрек Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен islom.uz порталы ҳәм paziylet.uz сайты сиз әзизлер ушын "Рамазан саўғасын" инәм етеди.

"ҚУРАНДА ЗИКИРИ КЕЛГЕН ИНСАНЛАР"
5-бөлим


islom.uz порталы басламасы менен paziylet.uz сайты тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылды

Телеграм | Facebook | Instagram | Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
10.5K viewsАдмин, 23:11
Ашу / Түсініктеме
2021-04-23 01:42:02
#рамазан_2021 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә саўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисан лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.

Мәниси: Рамазан айының оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.


Нийетлериңизди Аллаҳ таала қабыл етсин!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
22.9K viewsАдмин, 22:42
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 21:59:01


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
4.3K viewsᴀᴅᴍɪɴ, 18:59
Ашу / Түсініктеме