Get Mystery Box with random crypto!

     АНТ ИШИЎ ӘДЕПЛЕРИ   Биреўдиң мекемеде ант ишиўине туўры | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

     АНТ ИШИЎ ӘДЕПЛЕРИ

  Биреўдиң мекемеде ант ишиўине туўры келсе, қазы яки сол сыяқлы биреўдиң оған ўаз, нәсият қылыўы, жалған ант ишиўден ескертип, бул ҳаққында келген аят ҳәм ҳәдислерди еслетиўи мустаҳаб. Бул ҳаққында төмендеги ҳәдисти келтириў мүмкин. Еки ҳаял бир үй яки ханада моншақ өткизер еди. Олардан бири бизди алақанында жасырып шығып кетти ҳәм оны екинши ҳаялдан даўа қылды. Бул мәселе Ибн Аббасқа көтерилгенде: “Оған Аллаҳты еслетиңлер ҳәм: “Аллаҳға берген антларын аз ғана баҳаға сатып жиберетуғын кимселер ушын Ақыретте ҳеш қандай несийбе жоқ” аятын оған оқыңлар”, - деди. Ҳаялға пәндиў-нәсият қылған еди, ол бизди өзи алғанын тән алды. (Бухарий ҳәм Муслим рәўияты)
     Ант ишиўи талап етилген адам егер өзиниң наҳақлығын билсе, Аллаҳтың ғәзебине жолықпаўы ҳәм Оның рахметинен айырылмаўы ушын өз мойынындағы  ҳақты тән алып, ант ишиўден сақланыўы ўәжиб.
    Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: “Ким бир мусылманның мал-мүлкин өзлестирип атырған пайытта тоқтатылып, ант ишиўи талап қылынса, жалған ант ишсе, ол бенде Аллаҳға жолыққанда, Аллаҳ оннан ғәзепленген ҳалда болады". (Бухарий ҳәм Муслим рәўияты)
     Инсан егер өзиниң ҳақлығын анық билсе, ант ишкени жақсырақ. Айырым ҳалларда болса, айтылғанындай, бул ўәжиб те болады. Себеби, Аллаҳ таала мусылманның ҳақы зая болып кетпеслиги ушын бундай ҳалларда ант ишиўди енгизген. Егер сондай қылынбаса, аман кимселер адамлардың мал-мүликлерин наҳақ жол менен жеў ушын даўагерликти дәстек етип алады. Олар даўа қылынған адамлар тақўа жүзесинен ант ишпеўин билип турып наҳақ даўаларды көтерип шығады ҳәм жалғанды өндириўге урынады.

“Қырық ҳәдис шолыўы” китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz