Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 15

2022-08-28 15:23:47 ​​​​     САЎАПТАН ДЕРЕК

     Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға: «Бир адам бир жақсы әмел қылса, адамлар оны сол иси ушын мақтаў айтса, не дейсиз?» - деди.
Пайғамбарымыз алайҳиссалам: «Ол мөминниң бул дүньядағы хошхабары», - деди».
     Имам Муслим рәўияты.

     Шолыў: Бул дүньядағы мақтаў ақыреттеги саўаптан дерек бериўши, дейилмекте. Әлбетте, бул мақтаў менменлик ҳәм тәкаббырлыққа алып бармаўы тийис.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.4K views12:23
Ашу / Түсініктеме
2022-08-28 11:39:52 ​​​​"МӨМИН МӨМИННИҢ АЙНАСЫ" ЯКИ ӨЗ АЙЫБЫН БИЛИЎ ЖОЛЛАРЫ

   Аллаҳ таала бендесине жақсылықты раўа көрсе, оны өз айыбын көре алатуғын қылып қояды. Айыбын көргеннен кейин оны туўрылаў аңсат болады.

     Өз айыбын анықлаўдың төрт жолы бар:

     1. Инсанлардың айыпларын жақсы билетуғын данышпан қасында тәлим алыў. Сол адам айыпларды ҳәм олардың даўасын үйретеди.
     2. Диндар, ықласбент ҳәм садық дос табыў.
Ол бақлап барып, кемшиликлерди таўады ҳәм хабарын береди.
     Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу: «Маған айыпларымды ҳадя қылғанды Аллаҳ рейим қылсын», - дер еди.
    3. Өз айыпларын билиў ушын душпанларынан пайдаланыў.
    Душпанның көзи ең киши айыпларды да көреди. Гейде адам оны бәрқулла мақтап жүретуғын досларынан гөре тырнақ астынан кир излейтуғын душпанынан көбирек пайда алыў мүмкин. Дос ренжип қалар деп, ойлайды. Лекин, душпан аямайды.
     4. Адамларға араласып, олар жаман көрген нәрселерден қашыў.
     Мөмин мөминниң айнасы. Басқаларға қарап, өзиниң айыбын табыў қыйын емес.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.6K views08:39
Ашу / Түсініктеме
2022-08-03 15:52:36 ​​ ҚУРАНДА КЕЛГЕН ДУЎАЛАР

  ربَّنَا اغْفِرْ لِي وَلِوَالِدَيَّ وَلِلْمُؤْمِنِينَ يَوْمَ يَقُومُ الْحِسَابُ

Оқылыўы: Роббанағфирлий ўали ўалидайя ўа лил муминийна йаўма йақумул ҳисаб.

Мәниси: Ҳәй Рәббимиз! Есап-китап қылынатуғын (қыямет) күни мени, ата-анамды ҳәм (барлық) мөминлерди мәғфират қыл.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
503 views12:52
Ашу / Түсініктеме
2022-08-03 12:16:05
Мәжлис кун тәртибинде журтымыздан Ҳаж зыяратына барып келген пуқаралар тәрепинен өзлериниң мәҳәллелеринде «Социаллық-руўхый орталықты турақлылығын тәмийинлеў» илажларына кең қатнастырыў бойынша тусиник жумыслары алып барылды. Мәжлисге Ҳажылар, райондағы мешитлердиң имам-хатиблери ҳәмде район аймағындағы барлық мәҳәлле пукаралар жыйыны баслықлары қатнасты.


Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!


Telegram | Instagram | Facebook | YouTube

Интернет сайтымыз: adep.uz
1.8K views09:16
Ашу / Түсініктеме
2022-08-03 12:16:05
2022-жыл 3-август куни Тақыятас районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қасындағы дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикаси аймақлықлық басқармасы бас қәнийгеси Н.Жамалов, Қарақалпақстан Мусылманлары қазияты қазы орынбасары Устаз Бахрамаддин дамла Разов ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қасындағы дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикаси аймақлықлық басқармасы Тақыятас районы бойынша бас қәнийгеси А.Абибуллаев басшылығында мәжлис өткерилди.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!


Telegram | Instagram | Facebook | YouTube

Интернет сайтымыз: adep.uz
1.5K views09:16
Ашу / Түсініктеме
2022-08-03 12:00:21
«Талап нийетинде шет елге шығыўшы пуқараларымызға еслетпе»

Жолаўшиев Айбек
Нөкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.5K views09:00
Ашу / Түсініктеме
2022-08-03 11:40:08 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: “Ким мусылманлардың тағамларын иҳтикар қилса, Аллаҳ таала оны жузам (махаў, пес) кесели ҳәм кәмбағаллық пенен бәлелейди”.

Имам Ибн Мәжа рәўияты.

Түсиндирме:
Иҳтикар, сөзликте заттың баҳасының көтерилиўин күтип, сақлап турыў. Шәриятта адамлар ҳәм ҳайўанлар азығын сатып алып, баҳасы көтерилгенше сақлап турыўы иҳтикар есапланады. Бул нәрселерди сатып алып, сақлап турыўы егер адамларға зыян қылса, макруҳ болады.

http://t.me/nasiyatuz
1.8K views08:40
Ашу / Түсініктеме
2022-08-03 09:02:53
"Вақф" не ҳәм оның ҳүкими қандай? Вақф қылынған мүлктен кимлер пайдалана алады?

Абдуғофур домла НИЁЗҚУЛОВ

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы бас қәнигеси

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.2K views06:02
Ашу / Түсініктеме
2022-08-02 17:27:37
«Ата-анасына жақсылық қылған перзентке Туба болсын»

Жолаўшиев Айбек
Нөкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
3.0K viewsedited  14:27
Ашу / Түсініктеме
2022-08-02 15:58:05 ҲИЖРИЙ 1444-ЖЫЛ МҮБƏРЕК БОЛСЫН!

Ислам календары 12 айдан ибарат. Бирақ, бизлер бул айлардың базыларын ғана билемиз. Көпшилик адамлар Рамазан айында ораза тутыўды, Зулҳижжада болса, қурбанлық қылыўды биледи. Лекин, муҳаррам айы оншелли белгили еместей. Деген менен, ҳəдиси шəрийфлерде бул ай – Аллаҳ тааланың айы деп аталады. Басқа ҳеш бир айға бундай атақ берилмеген.
Муҳаррам айы мусылманлар ушын ҳəм диний, ҳəм тарийхый əҳмийетке ийе. Бул ай Аллаҳ таала тəрепинен тек муқаддес деп белгилеп қойылмастан, бəлки Ислам календарының биринши айы болып, мусылманлар бул айда Мадинаға ҳижрат қылған.
Ҳəзирети Әлий разыяллаҳу анҳудан рəўият қылынады. Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға: "Ҳəй Аллаҳтың Елшиси, Рамазаннан кейин қайсы айда ораза тутыўыма буйырасыз", деп сорады. Сонда Пайғамбарымыз алайҳиссалам: "Егер Рамазаннан кейин ораза тутпақшы болсаң, муҳаррам айында тут. Себеби, ол Аллаҳтың айы, онда бир қəўимниң тəўбесин қабыл қылған тағы басқа қəўимлердиң де тəўбесин қабыл қылады", деп жуўап берди. (Имам Термизий рәўияти)

Муҳаррам қандай ай?
Муҳаррам айы Ислам календарының биринши айы болып, жаңа жыл басланыўын аңлатады. Муҳаррам айы урыс ҳарам қылынған төрт айдан бири саналады. Бул ҳаққында Аллаҳ таала: “Әлбетте, Аллаҳтың алдында айлардың саны Аллаҳтың аспан ҳəм жерди жаратқан күни он еки ай қылып белгиленген. Олардан төртеўи (урыс қылыў) ҳарам (айлар). Мине, сол туўры дин. Ол(ай)ларда өзиңизге зулым қылмаң” деп мəрҳəмат қылған. (Тəўбе сүреси, 36-аят)

Муҳаррам айының тийкарғы сəнелери:
• 1-Муҳаррам: Исламый жаңа жыл.
• 9-Муҳаррам: Ашура күни ушын қосымша усынылған ораза тутыў күни.
• 10-Муҳаррам: Ашура күни.
• 11-Муҳаррам: Егер 9-ши күнди өткерип жибергенлер ушын қосымша усынылған ораза тутыў күни.

Муҳаррам айы қашан кирип келеди?
Муҳаррам айының биринши күни 2022-жылда 30-июлдан басланады.

Муҳаррамның əҳмийети неде?
Муҳаррам көплеген диний ҳəм тарийхый себеплерге гөре жылдың ең əҳмийетли ўақытларынан бири:
1. Бул урыс ҳарам қылынған ай болып, жыл айлары арасындағы əҳмийети жоқарылығы ушын Аллаҳ тааланың айы деп аталады.
2. Бул мусылманлардың Мадинаға ҳижрат қылғанларын ҳəм Ислам жаңа жылының басланыўын аңлатады.
3. Бул айда мусылманлар көп саўапқа ийе болатуғын ораза тутыўға шақырылған Ашура күни бар.
Ашура күниниң оразасы
Муҳаррам айының 10 күни – Ашура күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мусылманларды ораза тутыўға шақырған.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бул сондай жақсы күн, бул күнде Аллаҳ Бани Исрайылды душпанларынан қутқарған. Сол себепли Муўса алайҳиссалам булл күнде ораза тутқан. Мен Муўсаға көбирек (жақын болыўға) ҳақлырақпан”, деди ҳəм сол күнде ораза тутып, адамларды да оның оразасын тутыўға буйырды. (Имам Бухарий рəўияты)

Муҳаррам айының 9-күни ораза тутыў
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рəўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Ашура күни оразасын тутып, басқаларды да оның оразасын тутыўға буйырғанында, саҳабалар: "Ҳəй Аллаҳтың Расулы, бул – яҳудийлер ҳəм насраныйлар уллылайтуғын күн-ғо?", – деди. Сонда, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Егер келеси жыл болса, əлбетте, тоғызыншы күни де ораза тутамыз", – деди. (Имам Муслим рəўияты)
Уламаларымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сол нийетине байланыслы, Ашура күнине қосып бир күн алдынғы яки бир күн кейинги күнде де ораза тутыў абзал дейди.

Ашура күни əҳли ҳаялға кеңшилик етиў, бир жыллық кеңшиликке себеп болады.
Әбиў Саад разыяллаҳу анҳудан рəўият қылынады. Нəбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким Ашура күни əҳли ҳаялына кеңлик жаратса, Аллаҳ оған жыл бойы кеңлик жаратады”, – деди. (Имам Байҳақий рəўияты)
Суфян ибн Уяйна раҳматуллаҳи алайҳи: “Бул ҳəдисти алпыс жыл тəжирийбе қылдым ҳəм тек ғана жақсылық көрдим”, деген.
Аллаҳ таала усы айдың пазыйлетлеринен бəрше мөмин-мусылманларды толық сыйласын. Өзиниң разылығын таўатуғын əмеллерде турақлы қылсын!

Даврон НУРМУҲАММАД

Дерек:
Muslim.uz

http://t.me/nasiyatuz
2.9K views12:58
Ашу / Түсініктеме