Get Mystery Box with random crypto!

​​​​'МӨМИН МӨМИННИҢ АЙНАСЫ' ЯКИ ӨЗ АЙЫБЫН БИЛИЎ ЖОЛЛАРЫ    Ал | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​"МӨМИН МӨМИННИҢ АЙНАСЫ" ЯКИ ӨЗ АЙЫБЫН БИЛИЎ ЖОЛЛАРЫ

   Аллаҳ таала бендесине жақсылықты раўа көрсе, оны өз айыбын көре алатуғын қылып қояды. Айыбын көргеннен кейин оны туўрылаў аңсат болады.

     Өз айыбын анықлаўдың төрт жолы бар:

     1. Инсанлардың айыпларын жақсы билетуғын данышпан қасында тәлим алыў. Сол адам айыпларды ҳәм олардың даўасын үйретеди.
     2. Диндар, ықласбент ҳәм садық дос табыў.
Ол бақлап барып, кемшиликлерди таўады ҳәм хабарын береди.
     Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу: «Маған айыпларымды ҳадя қылғанды Аллаҳ рейим қылсын», - дер еди.
    3. Өз айыпларын билиў ушын душпанларынан пайдаланыў.
    Душпанның көзи ең киши айыпларды да көреди. Гейде адам оны бәрқулла мақтап жүретуғын досларынан гөре тырнақ астынан кир излейтуғын душпанынан көбирек пайда алыў мүмкин. Дос ренжип қалар деп, ойлайды. Лекин, душпан аямайды.
     4. Адамларға араласып, олар жаман көрген нәрселерден қашыў.
     Мөмин мөминниң айнасы. Басқаларға қарап, өзиниң айыбын табыў қыйын емес.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz