Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 12

2022-09-01 17:06:31 ​​​​     МӘҒФИРАТ ҚЫЛ!

     Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бир мәжилисте жүз мәрте «Рәббим, мени мәғфират ет, тәўбемди қабыл қыл! Ҳақыйқатында да Сен тәўбелерди қабыл қылыўшы рейимлисең!» дегенлерин санадық».
(Имам Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўияты)

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
448 views14:06
Ашу / Түсініктеме
2022-09-01 11:09:57 ЖЕТПИС ҚАМШЫДАН КЕЙИН ...

Аллаҳтың ўәлий қулларынан Әбиў Тураб Тахсабий былай айтады:
– Нәпсим жүдә шийрин аўқатларды талап қылмас еди. Лекин, бир күни гөш, мәйек ҳәм пал жеўди қәлеп қалды. Нәпсиме:
– Буларды умыт, – дедим. Бирақ, оны қайтара алмадым. Нәпсим усы аўқатларды жағымлы иштей менен жеўди қәлеўи күшейе баслады. Ақыры жүрип-жүрип бир бийтаныс аўылға барып қалдым.
Сол ўақыт, бир адам жағама жабысып, бақырып баслады:
– Урылардың ишинде сен де бар едиң...
Желкемди жалаңашлап жетпис қамшы урды, Сол ўақыт мени бир адам танып қалды:
– Бул адам Әбиў Тураб болады!
Меннен кеширим сорады. Аўылдағылардан бири мени үйине алып барды. Дастурхан жайып, алдыма гөш, мәйек ҳәм пал қойды. Meн болсам нәпсиме қарап, дедим:
– Жетпис қамшыдан кейин, жей ғой енди!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.6K viewsedited  08:09
Ашу / Түсініктеме
2022-09-01 10:58:18 Таҳәрат алып жатыўдың 6 пазыйлети

1. Таҳәратлы ҳалда жатқан бендениң ҳақысына периштелер дуўа қылады.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: “Ким пәк ҳалында уйқыласа, оның ҳақысына бир периште: “Аллаҳым, бул бендеңди мағфират қыл. Себеби ол пәк уйқылады”, дейди” (Имам Ибн Ҳиббан рәўияты).

2. Таҳәратлы ҳалда жатқан бендениң дуўасы қабыл болады. Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Қайсы бир мөмин бенде Аллаҳты зикир етип, пәк ҳалында уйқыласа ҳәм түнде турып, Аллаҳтан дүнья ҳәм ақырет жақсылығын сораса, Аллаҳ оған сораған нәрсесин әлбетте береди”, деди (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).

3. Қыямет күнинде де таҳәратлы ҳалында тириледи. Уламалар: “Уйқыға жатыўдан алдын алынған таҳәратты өлимге таярлықтың дәслепки қәдеми” дейди. Ибн Аббас разыяллаҳу анҳума айтады: “Таҳәрат алып жатқан ҳалында қайтыс болған кисиниң руўхы таҳәратлы ҳалда қайта тириледи” (Фатҳул Бәрий, Умдатул Қорий)

4. Таҳәратлы ҳалда жатыў жаман түслерди көриўден сақлайды. Ибн Ҳажар Асқаланий раҳимаҳуллаҳ айтады: “Ким таҳәрат алып орнына жатса, жақсы түс көреди ” (Фатҳул Бәрий).
Муҳаммад Закария раҳматуллаҳи алайҳи былай дейди: “Таҳәрат алған ҳалда уйқыға жатыў, жаман түс көриўден сақлайды” (Тақрир Бухарий).

5.Таҳәрат пенен жатыў түнди ибадат пенен өткизгенниң саўабына жеткизеди. Ал-Ижлий айтады: “Ким таҳәрат алған ҳалында Аллаҳ тааланы зикир қылып орнына жатса, уйқысынан оянғанша түни менен Аллаҳ тааланың ибадатында болғанлардың саўабына ериседи ” (Фатҳул Бәрий).

6. Таҳәратлы ҳалда жатқан бендениң руўхы Аллаҳ тааланың Аршысының алдында сәжде қылады. Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу айтады: “Қашан мөмин бенде уйқыласа, оның руўхы Аршға көтериледи. Егер бенде таҳәратлы ҳалында жатқан болса, оның руўхына Аршда Аллаҳ таалага сәжде қылыўға руқсат бериледи” (Ибн Мүбәрак Китабуз-Зуҳд, Фатҳул Бәрий).

Расулуллоҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким таҳәрат үстине таҳәрат алса, Аллаҳ оған он (саўап) жақсылық жазады”, деген (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).

Ҳәзирет Умар ибн Хаттоб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер сизлерден бириңиз таҳәрат алып, таҳәратын жақсылап алып, соңынан: “Әшҳаду әлләә иләәҳә иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәрийкә ләҳу. Ўә әшҳаду әннә Муҳаммадан ъабдуҳу ўә Расулуҳу», деп айтса, әлбетте,оған жәнеттиң сегиз есиги ашылады ҳәм ол қәлегенинен киреди”, деди» (Имам Мүслим рәўияты).


Дерек: Muslim.uz сайты

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.4K viewsedited  07:58
Ашу / Түсініктеме
2022-09-01 10:42:42 ​​МӨМИННИҢ ЫРЫСҚЫ ҲАҚҚЫНДАҒЫ ИТИҚАДЫ ТӨМЕНДЕГИШЕ БОЛЫЎЫ КЕРЕК!

1 – Ҳәр бир бендениң ырысқысы әзелде Аллаҳ таала тәрепинен тәғдир етип қойылған. Әне сол, ырысқы бендеге жетпей қалмайды.

2 – Ырысқы бендени тап әжели яңлы излеп жүреди.

3 – Ырысқының келиўинде кәсип-өнер бир қурал саналады. Кәсип-өнерге артықша баҳа берип, кәсибим арқалы нан таўмақтаман, сол өнерим мени бағып атыр, деп итиқад қылыў ширкке алып барады. Соны умытпаў керек, Аллаҳ таала белгилеп берген ырысқы әне сол кәсип-кәр себепли бендеги жетип келеди.

4 – Жер ҳәм суў да бендеге ырысқы келиўинде қурал қылып қойылған. Бирақ, көпшиликте жерде жетистирилген өнимлерди “тәбият инамлары”, “тәбият бизлерди бағады” деген надурыс пикир пайда болған. Негизинде жер де, суў да Аллаҳ тааланың руқсаты менен бенделерге ырысқыларын шығарады. Бул екеўи бизлер ырысқыланыўымыз ушын бир қурал екени, ал ырысқымыз Аллаҳ тааланың дәргайынан нәзил болыўын жаксы аңлап жетиўимиз тийис!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.8K views07:42
Ашу / Түсініктеме
2022-09-01 07:36:07 БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
1.4K views04:36
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 20:08:21
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.3K views17:08
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 19:53:28 ​​ҲИКМЕТ ИЗЛЕГЕНГЕ, ҲИКМЕТ - БУЛ ДҮНЬЯ!

Бәрҳә ҳамд айтып жүретуғын кисиниң жақсылықлары үзилмейди. Бәрҳә истиғфар айтып жүрген кисиге барлық жаўық нәрселер ашылады. Яғный, ҳәр қандай машқалалар кетеди.

Негизи мәртебе - дүньяға ийелик етиўиң емес, ал оны қәлбиңнен қуўыўың.

Өмирден соққы алғанлар, көбирегине ериседи.
Дузды жеген, пал қәдирин биледи.
Ким көз жас төксе, ҳақыйқый күле алады.

Үмитиңизди үзбең. Мөжизалар соңғы демлерде жүз береди.

Ең әжайып инсан өзи мүтәж болып турса да, басқаларға қуўаныш үлесетуғын инсан...

Аўырыўды сезинбей күшли бола алмайсыз.
Қәте ислемесеңиз үйрене алмайсыз.
Әўметсизликти билмей мақсетке ерисе алмайсыз.

Ҳәр бир инсан айға уқсайды, ҳеш кимге көрсетпеген екинши бир қараңғы тәрепи бар.

Ҳәмме шырайлы гүл, гөззал түн, жақсы дос қәлейди.
Ең әҳмийетлиси гүлдиң тикени, түнниң сырлары, достың кемшиликлери менен жақсы көриў.

Денениң саламат болыўы, аўқатты аз жеўде.
Қәлб саламат болыўы, гүнаны аз қылыўда.
Нәпсиниң саламат болыўы, кем сөйлеўде.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.4K views16:53
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 18:52:00 ​​​​     ҲИКМЕТЛИ СӨЗЛЕР

     Тақўалы қыз күйеўи ушын ғәзийне, ата-анасы ушын мақтаныш, перзентлери ушын өрнек.

Жаман жолдас сүйир шыбынға мегзейди. Оның жаманлығын шағып кеткенинен кейин сезесең.

Қорқыўдың барлығы қорқыў. Бирақ, Жаратқаннан қорқыў - қәтержамлық.

Егер бир инсанды алдаған болсаң, бул оның ақмақлығын аңлатпайды, ал ол адам саған ылайық болғаныңнан көбирек исенгенин билдиреди.

Бир инсанның жағдайын басыңнан өткермей турып, ол ҳаққында ҳүким шығармаң!

Қатты жерден жумсақ өсимликти шығарыўға қәдир Жаратқан сизиң де машқалаларыңызды жоқ етип, қәлбиңизге қәтержамлық салыўға қәдир!

Саған итибар сени жақсы көретуғын қәлблерден келеди. Соның ушын, саған итибар бермейтуғын инсанды кейип, өзиңди қыйнама!

Базы дослар Ўатан сыяқлы, олардан айырылыў мүсәпирлик.
Базы дослар руўх сыяқлы, олардан айырылыў өлим.
Базы дослар кеселлик сыяқлы, олардан айырылыў саламатлық.

Олар сени жаман көреди. Жаман болғаның ушын емес. Ал, өзлеринен әўметли, жақсы инсанды көре алмаўшылық себепли жаман көреди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.5K views15:52
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 16:51:12 ​​​​     ТӘРБИЯ МӘСЕЛЕСИ

  Автобус аўыр силтенип жүре баслады. Мадина автобус меңгериўшисиниң артындағы орынға отырды. Көшеде жаўын жаўып тур еди, теректен төгилген жапырақлар асфальтқа сары гилемдей болып төселип қалған.
   Базарға жақын жердеги бәндиргиге келгенде автобус тоқтады. Аўыр сумкасы бар бир апа қыздың қасына келди. Қыз ҳешкимге орын бермеў ушын айна тәрепке терис қарап отырып алды.
   Автобус толып тур еди. Отыратуғын жер жоқ. Мәнзилге жеткенде қыз айна тәрептен нәзерин алды, қараса, қасында сумка көтерип турған өзиниң анасы екен.
- Апа, неге айтпадыңыз…
- Қызым, шаршаған шығарсаң, деп ойладым...

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.6K views13:51
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 16:08:10 ​​АЛЛАҲТЫ ЗИКИР ҚЫЛ, КӘЛБИҢ ҚӘТЕРЖАМ БОЛСЫН!

     Америка Миллий Ден-саўлықты саклаў изертлеў орайында ис алып барыўшы Дэвид Б. Ларсон ҳәм оның исши топары алып барған излениўлерге көре, динге исениўши ҳәм исенбейтуғын америкалылар бир-бири менен салыстырғанда жүдә әжайып нәтийжелер шыққан. Мысалы ушын, диндар адамлар динге кем итиқадлы яки улыўма итиқадсыз адамларға қарағанда 60% кемирек жүрек кеселлиги менен аўырады, олар арасында өз жанына қас етиў көрсеткиши 100% кем, олар жоқары қан басымының жүдә төмен дәрежелери менен аўырады ҳәм бул шегиўшилер арасында 7/1 бөлекти көрсетеди.
     Аллаҳқа ийман келтириў басқа хәр қандай психологиялық тәсир көрсетиўлерден күшли есапланады. Диний исеним ҳәм физикалық саламатлық ортасындағы байланыслылық жүзесинен Гарвард Медицина факультети деканы Доктор Херберт Бенсон тәрепинен өткерилген кең түрдеги изленислер бул тараў бойынша әжайып жуўмақларды келтирип шығарды.
     Өзи динге исенимсиз болыўына қарамай, Доктор Бенсон ибадат ҳәм Аллаҳқа ийман келтириў басқа ҳәр нәрседен көре инсан саламатлығы ушын жақсы тәсир көрсетеди, деген пикирге келди. Бенсон және сондай пикирге келгенлигин айтады, ҳеш бир исеним Аллаҳқа исениўден көре көбирек руўхый қәтержамлық бере алмас екен.
​​Жәҳән медицинасы тәрепинен әсте ақырын тән алынып атырған бул ҳақыйқат Қураны Кәриймде төмендеги сөзлер арқалы билдирилген еди:
«ЗИКИР ҚЫЛЫЎ МЕНЕН ҚӘЛБЛЕР ҚӘТЕРЖАМ БОЛАДЫ».
(«РАЬД» СҮРЕСИ, 28-АЯТ)
     Аллаҳқа ийман келтиретуғын оған ибадат қылып, исенетуғын инсанлардың руўхый ҳәм физикалық саламат болыўына себеп олар өзлериниң жаратылыўындағы мақсетке муўапық рәўиште жол тутыўлары себепли.
     Инсанның жаратылыўын инкәр етиўшилер ҳәм соған уқсас дүзимлер ҳәмийше бахытсызлық келтирген.
     Заманагөй медицина ендиликте бул ҳакыйқатты түсинип жетиў карсаңында. Патрик Глин жазғанындай:
     «КЕЙИНГИ ЖИГИРМА БЕС ЖЫЛ ИШИНДЕ ПСИХОЛОГИЯ БОЙЫНША ИЛИМИЙ ИЗЛЕНИСЛЕР УСЫ НӘРСЕНИ КӨРСЕТТИ, ... ДИНГЕ ИСЕНИЎ УЛЫЎМА РУЎХЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ҲӘМ БАХТЫЯРЛЫҚ ОРТАСЫНДАҒЫ ЕҢ ӘҲМИЙЕТЛИ БАЙЛАНЫСЛАРДЫҢ БИРИ ЕСАПЛАНАДЫ».

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.7K views13:08
Ашу / Түсініктеме