Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 13

2022-08-31 15:17:24 ​​​​     БАЛАЛАР ҮЙИ

     "Ҳәй ана! (Егер сени усы ат пенен атаў мүмкин болса)
Сен бул босағаға "Меҳир" деген нәлди таслап баратырсан.
Оннан "Қәҳәр" деген терек өсип шығады! Умытпаң!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.7K views12:17
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 11:56:03 ​​​​     "ӨМИР ҲАҚҚЫНДА ОЙЛАР"

   Әтирапыңыздағы жан күйерлериңиздиң қолларынан беккем услаң...!
   Оларға жақсы көриўиңизди айтып қойың...!

   Қәте ислери болса кешириң... Себеби бир күн келип я сиз оларды "таслап" кетесиз, яки олар сизди таслап кетеди...  
   Қәлбте олардың яды ҳәм сағынышы қалады...!

   Жарақаттың ишин тазаламай турып, оны тигип жибермең...! 
   Жақынларыңыз бенен бийҳуўда нәрсе ушын тартыспаң, олардың гәплерин де қабыл етиң, айтып атырған гәпиңиз туўры болса, оларға түсиндириўге ҳәрекет етиң, егер олардың гәпи ҳақ болса, олардың гәплерин қабыл етиң, орны келгенде әлбетте, оларды қоллап-қуўатлаң...!

   Өмир жүдә қысқа...!
   Ол адамлардың өз ара бир-бирлерин жаман көриўи, душпаншылық, әғайиншилик байланысларын үзип жүриўине жетпейди…!

   Ертең… Бизлерден еслеўлер ғана қалады.
   Өлим ҳеш кимнен руқсат сорап келмейди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
202 views08:56
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 09:50:31
Президент Шавкат Мирзиёев бүгин ерте таңда Шейитлер естелиги комлексинде қатаған қурбанларын яд етиў мәресиминде қатнасты ҳәм "Жаңа Өзбекстан" бағында Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Кеште мәмлекетимиз басшысы мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланған байрам илажында қатнасып, халқымызға қутлықлаў менен мүрәжат етеди.

Telegram каналымыз:
https://t.me/alberuniyuz
728 views06:50
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 09:12:30
«Ислам дини террорды қаралайды»

Разов Бахрамаддин
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.0K views06:12
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 22:58:47
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.9K views19:58
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 21:35:43 ​​​​   АТА-АНАҒА АҚ БОЛЫЎ

   «Егер ата-анаң сениң менен келисимге келип жасай басласа, саған сөйлегенде, ашыўың шығыўынан, ғәзеплениўиңнен қорқып абайлылық пенен ойланып сөйлесе, онда билип қой, ата-анаңа ақ болып баслапсаң!»
(Абдуллаҳ ибн Мүбәрек)

     ПЕРЗЕНТЛЕР 5 ТҮРЛИ БОЛАДЫ

1. Ата-анасы буйырған ислерди орынламайды. Бундай перзентлер ата-анасына ақ болып қалыўы мүмкин.

2. Ата-анасы буйырған нәрсени жақтырмай орынлайды. Бундай перзентлер саўапқа жетисе алмайды.

3. Буйырылған исти орынлайды. Бирақ, оны миннет "Уфф" тартыў, даўысын бәлентлетиў менен орынлайды. Бундай перзентлер гүнаға батады.

4. Буйырылған нәрселерди шын кеўилден орынлайды. Перзент оның ушын саўапқа ийе болады. Бундай перзентлер азшылықты қурайды.

5. Ата-анасы еле буйырмай турып, олар қәлеген нәрсени орынлайды. Мине, сол перзент ата-анаға жақсылык етиўшилер, деген саўапты қолға киргизеди. Бундай перзентлер де кемнен-кем гезлеседи.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
259 views18:35
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 20:09:24      САПАР АЙЫ ҲАҚҚЫНДА

     СОРАЎ: Сапар айында той берсе бола ма? Илтимас сол ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.

     ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Шәриятымызды Сапар айында той берип болмайды, деген көрсетпе жоқ. Керисинше, бул айда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Хадижа анамызға, ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу болса, Фатима анамызға той берип, үйленген.
     Негизинде белгили бир айды пазыйлетли яки пазыйлетсиз, деў ушын динимиздиң уллы саналған дереклеринен дәлил керек болады. Қураны Кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде Сапар айының пазыйлетсиз екенлиги ҳаққында мағлыўмат ушырамайды. Демек, ҳеш бир дәлилсиз Сапар айында шумлана алмаймыз. Ҳәр бир күн Аллаҳ тааланың күни. Онда жақсылық та, жаманлық та тәғдир қылынған болыўы мүмкин. Бенде ибадат, саўап ислер менен бәнт болған күн ҳәм айлар пазыйлетли, гүна ҳәм бузғыншы ислер менен шуғылланған күнлер оның ушын пазыйлетсиз ўақытлар.
     Жәҳилиятта адамлар Сапар айынан шумланар еди. Бул айда сапарға шықпас ҳәм неке де қылмас еди. Пайғамбарымыз алайҳиссалам бул айдан шумланыўдан қайтарып, сондай деди:

" لَا عَدْوَى وَلَا صَفَرَ وَلَا غُولَ" (رواه الامام مسلم عن جابر رضي الله عنه)

     Яғный: “Кеселликтиң жуғыўы жоқ, Сапар(дан шумланыў) жоқ ҳәм жинлердиң адастырыўы жоқ”. (Имам Муслим рәўияты)

     Жәҳилиятта кеселлик жуғыўы ҳаққында түрлише хурафатлар болған. Ислам дини болса оны инкар етип, кеселлик Аллаҳ таала қәлесе ғана жуғады, деген ақыйданы беккемледи. Лекин, динимиз буның менен кеселликтен ықтыят шараларын көриўден қайтармайды. “Ғул” – жәҳилият әҳли ойларындағы бир жин болып, олар оны “Түрли формаларға кире алады, адамларды адастырып, түрли бәлелерге ушыратады”, – деген итиқадты қылар еди. Ислам бул надурыс итиқадты да инкар етти.
     Динимизде “Сапар” айынан шумланылмайды. Исламнан алдынғы дәўирде жәҳилият әҳли: “Сапар айында сапар қылып болмайды, ол болмайды, бул болмайды”, дер еди. Ислам бундай келиспеген идиқадларды да инкар етти. Ислам тарийхына нәзер қарататуғын болсақ, көплеген саўаш, фатҳ, сапарлар ҳәм де неке тойлары усы айда болып өткен. Атап айтқанда, Пайғамбарымыз алайҳиссаламның Мәккәдан Мадинаға ҳижрат қылыўы, Расулуллаҳ алайҳиссаламның биринши саўашы болған – “Абўа” саўашы, “Зи Амр” саўашы, "Ҳайбар" фатҳы ҳ.т.б.
     Демек, Сапар айынан шумланыў жәҳилият әдетлеринен. Бул айда да басқа айлардағы киби сапар, саўда-сатық ҳәм той қылыў мүмкин. Динимизде бул бойынша ҳеш қандай тосық жоқ. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа жәмәәти.

Дерек: @NaqshbandUZ

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.2K views17:09
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 18:43:31
#Жума_марузасынан

«Қоңсыға азар бериўлик ибадатлардың саўабына жоққа шығарады»

Искендеров Жумабек
Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.6K views15:43
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 12:46:37 ​​​​     СӘЎБЕТИҢ АМАНАТ

     Телефонда басқа адам менен сөйлесип атырғанында әтираптағыларға еситтириў ушын (телефон даўыс күшейткиши арқалы) екинши тәрептеги адамның руқсатысыз даўысын бәлент етиўи жайыз емес. Екинши тәрептеги сәўбетлес руқсат берсе зәрери жоқ.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул ҳаққында: "Қәўим өз-ара сәўбетлессе, ол аманат", - деген.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.2K views09:46
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 12:13:54 АМАНАТТЫ ИЙЕСИНИҢ РУҚСАТЫСЫЗ ИСЛЕТИП ТУРСАМ БОЛАДЫМА?

CОРАЎ:
Ағам Кореаға жумыс ислеў ушын кеткен. Ҳәр ай маған пул таслайды. Сол пулларды жыйнап, жәмлеп бараман. Ағама айтпастан өзимниң мүтәжлигим ушын пулларынан ислетип, кейин орнына қойып қойсам боладыма? Буның ушын гүнакар болмайманба?

ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Бул пуллар аманат есапланады. Аманатты болса, ийесиниң руқсатысыз ислетип болмайды. Бәрибир ағаңыз болса да, оның сизге жиберип атырған пуллары аманат болып, оның руқсатысыз ислетиў мүмкин емес. Соның ушын сиз ағаңызға жағдайыңызды түсиндирип руқсат алың ҳәм содан кейин ислетиң. Сондай қылсаңыз гүнакар болмайсыз ҳәмде кейиншелли шығатуғын наразылықлардың алдын да алған боласыз. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы.

http://t.me/nasiyatuz
2.1K views09:13
Ашу / Түсініктеме