Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Арнадағы тақырыптар:
تانگی
Ибрат
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
تانگی
Ибрат
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 12.52K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 14

2022-08-30 12:46:37 ​​​​     СӘЎБЕТИҢ АМАНАТ

     Телефонда басқа адам менен сөйлесип атырғанында әтираптағыларға еситтириў ушын (телефон даўыс күшейткиши арқалы) екинши тәрептеги адамның руқсатысыз даўысын бәлент етиўи жайыз емес. Екинши тәрептеги сәўбетлес руқсат берсе зәрери жоқ.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул ҳаққында: "Қәўим өз-ара сәўбетлессе, ол аманат", - деген.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.2K views09:46
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 12:13:54 АМАНАТТЫ ИЙЕСИНИҢ РУҚСАТЫСЫЗ ИСЛЕТИП ТУРСАМ БОЛАДЫМА?

CОРАЎ:
Ағам Кореаға жумыс ислеў ушын кеткен. Ҳәр ай маған пул таслайды. Сол пулларды жыйнап, жәмлеп бараман. Ағама айтпастан өзимниң мүтәжлигим ушын пулларынан ислетип, кейин орнына қойып қойсам боладыма? Буның ушын гүнакар болмайманба?

ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Бул пуллар аманат есапланады. Аманатты болса, ийесиниң руқсатысыз ислетип болмайды. Бәрибир ағаңыз болса да, оның сизге жиберип атырған пуллары аманат болып, оның руқсатысыз ислетиў мүмкин емес. Соның ушын сиз ағаңызға жағдайыңызды түсиндирип руқсат алың ҳәм содан кейин ислетиң. Сондай қылсаңыз гүнакар болмайсыз ҳәмде кейиншелли шығатуғын наразылықлардың алдын да алған боласыз. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы.

http://t.me/nasiyatuz
2.1K views09:13
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 09:36:45
НӘЎБЕТТЕГИ ОҚЫЎ-СЕМИНАРЫ НѲКИС ҚАЛАСЫНДА ѲТКЕРИЛДИ

Бүгин 30-август күни Нѳкис қаласы «Иймам ийшан Муҳаммад» жаме мешитинде қала аймағындағы мǝкан пуқаралары жыйынына бириктирилген мǝҳǝлле моллалары қатнасында оқыў-семинары болып ѳтти.

Семинар барысында бүгинги күнде республикамызда диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, диний кеңпейиллик ҳǝм миллетлерара татыўлықты беккемлеў, ең үлкен байлығымыз болған тынышлығымызды қәдирлеў, миллий қәдириятларымыз, үрп-әдетлеримизге жат болған иллетлердиң алдын алыў, кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпǝǝт сезимин күшейтиў хаққында сәўбетлесилди. Семинарға Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қǝнигеси Н.Жамалов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, қазы орынбасары Б.Разов, Қарақалпақстан Республикасы руўхый-ағартыўшылық орайы ўǝкили, шайыр Р.Отарбаевлар қатнасты.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.3K views06:36
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 04:49:56
«Қумар инсанның мал-мүлкине зыян келтиреди»

Жолаўшиев Айбек
Нөкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.5K views01:49
Ашу / Түсініктеме
2022-08-29 19:27:57 ​​     ҚӘТЕРЖАМЛЫҚТЫҢ СЫРЫ НЕ?

Инсан тыныш ҳəм қəтержам боламан, деп мал-дүнья жыйнайды.
Өмириниң ақырына шекем он есе жететуғын байлық топласа да, сол қəтержамлық орнына ек үлкен машқалаға жолығады.
1. Бул байлықты қолда сақлап қалыў.
2. Оны өмирге он бир, он еки мəрте жететуғын муғдарға шекем алып шығыў. Демек, бəрибир қəтержамлық жоқ.

Жоқары мəртебеге шықсам ҳəм мақсетке ерисемен деп, есаплайды. Лекин, оны сақлап, кеңейтиў өмирин жəҳəннемге айналдырады. 

Абыройлы ҳəм итибарлы болса, пəраўанлықта жасайман, деп үмитленеди. Лекин, оны да сақлап қалыў ҳəм көбейтиў тəшўишке қояды.

Темек, мəс қылыўшы ишимлик ғамларымды кеткизеди, деп өзин алдайды. Бирақ, олардың күши тарқалғаннан соң, ғамының үстине ғам ҳəм бас аўырыўы да қосылады.

Шаҳўаттан лəззет аламан, деп ойлайды. Лекин, қанған шаҳўат оны қайта ҳəм тəкирар тынышсызландырады.

Демек, инсан рəҳəт ҳəм қəтержамлың дереги деп, билген нəрселердиң ҳəммеси ондай емес екен.

     Бул ҳаққындағы мəңгилик усынысты Қуран бир гəп пенен баян еткен:
     (Мөминлер) ийман келтирип, кеўиллери Аллаҳтың зикири менен ләззетленеди. Билип қойың, Аллаҳтың зикири менен кеўиллер ләззетленеди (ҳәм тынышланады).
     (Раъд сүреси, 28-аят)

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.8K views16:27
Ашу / Түсініктеме
2022-08-29 12:32:42
#Жума_марузасынан

«Қоңсы үш түрли болады»

Искендеров Жумабек
Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.8K views09:32
Ашу / Түсініктеме
2022-08-29 11:50:42 ​​​​     НЕ УШЫН?!

     Адамлардың көпшилиги таң намазына турмайды, ал Аллаҳ таала таңлап алған бенделер буннан тысқары. Таңланғанлар ишинде тағы қалыслары бар, олар ярым түнде Аллаҳ тааланың дәргайында турып, таҳажжуд оқыйды.
     Сиз биринши топардасыз ба яки екинши?

     Егер ҳәр еки топардан болмасаңыз, онда ойланып көриң, не ушын Аллаҳ таала сизди де сол бенделериндей ықтыяр қылмады?

Жақсылықлардан айырылыў гүналар себебинен болады.
Тәўбе болса, неъматлардың тағы қайтыўына себеп!

• Шайх Маъсараўий ҳафизаҳуллаҳ.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.8K views08:50
Ашу / Түсініктеме
2022-08-29 11:07:53 Ҳаял заты

Данышпаннан бир адам сорады:
– Ҳаялым мени жақсы көретуғынын қалай билсем болады?
Данышпан:
– Егер он төрт нәрсени билсең, ол сени жақсы көретуғынына исенсең болады, – деди.
Адам:
– Олар не нәрсе?
Данышпан:
1.Сениң өмир тәризиңди ҳәм сени жақсы көргенлерди жақсы көрсе;
2. Оның пикирине қарсы шыққаныңда, ашыўланбаса;
3. Ғәзепленгениңнен ҳәм ренжигениңнен тәсирленсе;
4. Сениң менен сәўбетлесиў ушын бәрқулла жақсы тақырыплар табыўға ҳәрекет етсе;
5. Бир исти баслаўдан ямаса қарар қабыл етиўден алдын сениң менен мәсләҳәтлессе;
6. Арзымаған саўғаңа да жүдә қуўанса;
7. Саған жеңиллик жаратыў ушын, жумысларыңа көмеклесиўге ҳәрекет етсе;
8. Жоқ ўақтыңда сеннен қәўетерленсе;
9. Сени разы қылатуғын ислерге умтылып, жақтырмаған, ғәзебиңди келтиретуғын ислерди басқа тәкирарламаса;
10. Ғайратсыз болғаның ғәзебин келтирмесе;
11. Сен ушын қыйыншылықларға шыдаса;
12. Сениң ой-пикирлериңе, ғам-тәшўишлериңе шерик болса, сениң ишки дүньяңа кириўге умтылса;
13. Қандай жумыста ислесең де, арланбаса, уялмаса;
14. Сениң Аллаҳға жақынласыўыңа мәдет берсе, таат-ибадат қылыўыңа көмеклессе, демек сени жақсы көреди» – деди.

Telegram каналымыз: https://t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: @nasiyatuz
Youtube каналымыз: NASIYAT UZ
Facebook каналымыз: @NASIYAT.UZ
2.8K views08:07
Ашу / Түсініктеме
2022-08-28 22:25:42
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.9K views19:25
Ашу / Түсініктеме
2022-08-28 17:54:48      ҚАНШЕЛЛИ БАХЫТЛЫМЫЗ?!

     Бир семинарда 50 адам отырған екен. Бирден лектор тоқтап, ҳәр бир тыңлаўшыға бир дана шар берип шығыпты. Олардан шарға өз атларын жазыўды сорапты. Ҳәмме атын жазғаннан соң, 50 дана шарды басқа ханаға алып барып қойыпты. Кейин бәршеге сол ханаға кириўди ҳәм өз аты жазылған шарды 5 минут ишинде табыўды буйырыпты.  
     Қатнасыўшылар излеўге берилип кетипти, алдынан шыққан шарды алар ҳәм басқа тәрепке ылақтырар еди. 5 минут ишинде ҳақыйқый тәртипсизлик басланыпты, адамлар бир бирине соқлығысып ҳеш ким өзине аталған шарды таўа алмапты. Кейин болса лектор депти:
Енди сизге бир минут бериледи ҳәм бул сапары ким басқа биреўдиң шарын таўып алса, оған берсин.
     Қатнасыўшылар шарларды алыпты ҳәм дәрриў ийесине берипти. 1 минутқа қалмай ҳәмме өзине аталған өз шарының «маңлай»ына жазылған нәрсеге ийе болыпты.
     Лектор айтыпты:
Көрдиңиз бе, турмысымыз да сондай дүзилген. Ҳәмме өз бахытын излеўге соншелли берилген, басқалар менен улыўма иси жоқ.
     Биз билмеймиз, биреўди бахытлы қылыў бизлердиң қолымызда, қашан қолымызды босатып, өз ийесине ҳақыйқый бахыт инам етер екенбиз сонда биз де бахытлы боламыз! Бахытыңыз басқалардың бахытында жәмленген екен, бериң оларға өз бахытын, сонда өз бахытыңызға ийе боласыз!

Билесиз бе: Сиз басқаларды қай дәрежеде бахытлы қыла алсаңыз, соншелли бахытлысыз!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
3.2K views14:54
Ашу / Түсініктеме