Get Mystery Box with random crypto!

ҲИЖРИЙ 1444-ЖЫЛ МҮБƏРЕК БОЛСЫН! Ислам календары 12 айдан ибар | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

ҲИЖРИЙ 1444-ЖЫЛ МҮБƏРЕК БОЛСЫН!

Ислам календары 12 айдан ибарат. Бирақ, бизлер бул айлардың базыларын ғана билемиз. Көпшилик адамлар Рамазан айында ораза тутыўды, Зулҳижжада болса, қурбанлық қылыўды биледи. Лекин, муҳаррам айы оншелли белгили еместей. Деген менен, ҳəдиси шəрийфлерде бул ай – Аллаҳ тааланың айы деп аталады. Басқа ҳеш бир айға бундай атақ берилмеген.
Муҳаррам айы мусылманлар ушын ҳəм диний, ҳəм тарийхый əҳмийетке ийе. Бул ай Аллаҳ таала тəрепинен тек муқаддес деп белгилеп қойылмастан, бəлки Ислам календарының биринши айы болып, мусылманлар бул айда Мадинаға ҳижрат қылған.
Ҳəзирети Әлий разыяллаҳу анҳудан рəўият қылынады. Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға: "Ҳəй Аллаҳтың Елшиси, Рамазаннан кейин қайсы айда ораза тутыўыма буйырасыз", деп сорады. Сонда Пайғамбарымыз алайҳиссалам: "Егер Рамазаннан кейин ораза тутпақшы болсаң, муҳаррам айында тут. Себеби, ол Аллаҳтың айы, онда бир қəўимниң тəўбесин қабыл қылған тағы басқа қəўимлердиң де тəўбесин қабыл қылады", деп жуўап берди. (Имам Термизий рәўияти)

Муҳаррам қандай ай?
Муҳаррам айы Ислам календарының биринши айы болып, жаңа жыл басланыўын аңлатады. Муҳаррам айы урыс ҳарам қылынған төрт айдан бири саналады. Бул ҳаққында Аллаҳ таала: “Әлбетте, Аллаҳтың алдында айлардың саны Аллаҳтың аспан ҳəм жерди жаратқан күни он еки ай қылып белгиленген. Олардан төртеўи (урыс қылыў) ҳарам (айлар). Мине, сол туўры дин. Ол(ай)ларда өзиңизге зулым қылмаң” деп мəрҳəмат қылған. (Тəўбе сүреси, 36-аят)

Муҳаррам айының тийкарғы сəнелери:
• 1-Муҳаррам: Исламый жаңа жыл.
• 9-Муҳаррам: Ашура күни ушын қосымша усынылған ораза тутыў күни.
• 10-Муҳаррам: Ашура күни.
• 11-Муҳаррам: Егер 9-ши күнди өткерип жибергенлер ушын қосымша усынылған ораза тутыў күни.

Муҳаррам айы қашан кирип келеди?
Муҳаррам айының биринши күни 2022-жылда 30-июлдан басланады.

Муҳаррамның əҳмийети неде?
Муҳаррам көплеген диний ҳəм тарийхый себеплерге гөре жылдың ең əҳмийетли ўақытларынан бири:
1. Бул урыс ҳарам қылынған ай болып, жыл айлары арасындағы əҳмийети жоқарылығы ушын Аллаҳ тааланың айы деп аталады.
2. Бул мусылманлардың Мадинаға ҳижрат қылғанларын ҳəм Ислам жаңа жылының басланыўын аңлатады.
3. Бул айда мусылманлар көп саўапқа ийе болатуғын ораза тутыўға шақырылған Ашура күни бар.
Ашура күниниң оразасы
Муҳаррам айының 10 күни – Ашура күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мусылманларды ораза тутыўға шақырған.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бул сондай жақсы күн, бул күнде Аллаҳ Бани Исрайылды душпанларынан қутқарған. Сол себепли Муўса алайҳиссалам булл күнде ораза тутқан. Мен Муўсаға көбирек (жақын болыўға) ҳақлырақпан”, деди ҳəм сол күнде ораза тутып, адамларды да оның оразасын тутыўға буйырды. (Имам Бухарий рəўияты)

Муҳаррам айының 9-күни ораза тутыў
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рəўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Ашура күни оразасын тутып, басқаларды да оның оразасын тутыўға буйырғанында, саҳабалар: "Ҳəй Аллаҳтың Расулы, бул – яҳудийлер ҳəм насраныйлар уллылайтуғын күн-ғо?", – деди. Сонда, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Егер келеси жыл болса, əлбетте, тоғызыншы күни де ораза тутамыз", – деди. (Имам Муслим рəўияты)
Уламаларымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сол нийетине байланыслы, Ашура күнине қосып бир күн алдынғы яки бир күн кейинги күнде де ораза тутыў абзал дейди.

Ашура күни əҳли ҳаялға кеңшилик етиў, бир жыллық кеңшиликке себеп болады.
Әбиў Саад разыяллаҳу анҳудан рəўият қылынады. Нəбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким Ашура күни əҳли ҳаялына кеңлик жаратса, Аллаҳ оған жыл бойы кеңлик жаратады”, – деди. (Имам Байҳақий рəўияты)
Суфян ибн Уяйна раҳматуллаҳи алайҳи: “Бул ҳəдисти алпыс жыл тəжирийбе қылдым ҳəм тек ғана жақсылық көрдим”, деген.
Аллаҳ таала усы айдың пазыйлетлеринен бəрше мөмин-мусылманларды толық сыйласын. Өзиниң разылығын таўатуғын əмеллерде турақлы қылсын!

Даврон НУРМУҲАММАД

Дерек:
Muslim.uz

http://t.me/nasiyatuz