Get Mystery Box with random crypto!

Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Telegram арнасының логотипі ansatbai — Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍ А
Telegram арнасының логотипі ansatbai — Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
Арна мекенжайы: @ansatbai
Санаттар: Әдебиет
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 1.09K
Арнадан сипаттама

Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 5

2022-08-05 19:52:39 ӨМИРДЕ ҲӘММЕГЕ ТЕҢ БОЛҒАН ЖАҚСЫ.
***
Айдыңда болады туўатын ўақты,
Он беси қараңғы он беси жақты,
Өзиңе жақпаса жақпаңлар дақты,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Өмирде кетпеңлер ҳеш қашан қатты,
Қыйнамаң жазықсыз ҳеш қашан ҳақты,
Көтерип жүрместен ислетиң басты,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Мийманнан қызғанба пискен ҳәр асты,
Болмасын биреўдиң биреўде қасты,
Шаш ал десе зинҳәр алмаңлар басты,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Өмир базыларды отларға жақты,
Қыйналып маңлаңдан қара тер ақты,
Болсын десең егер өмирим жақты,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Атпаңлар ҳеш қашан биреўге тасты,
Тәңирим төкпесин көзиңнен жасты,
Туўры гәп болады билсеңлер ашшы,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Айыплы адамдай иймеңлер басты,
Питпес иске қуры дейбермең яқшы,
Бир күн келип егер болсаңлар басшы,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Ансатбай Каражанов 05.08.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
1.1K viewsАңсатбай Каражанов, 16:52
Ашу / Түсініктеме
2022-08-04 21:32:17 ӨМИР СЕННЕН ТЕК ЖАҚСЫЛЫҚ КҮТЕМЕН.
***
Арым ушын жанымнанда кешемен,
Машқаланы ақыл менен шешемен,
Жети өлшеп бир жеринен кесемен,
Өмир сеннен тек жақсылық күтемен.
***
Өмир сеннен мен көп үмит етемен,
Сырға толы сандығыңды титемен,
Ақ қағазға қосық қылып питемен,
Өмир сеннен тек жақсылық күтемен.
***
Не қәлесең бәрин саған беремен,
Сениң ушын сөзден маржан теремен,
Жаман емес тек жақсыға еремен,
Өмир сеннен тек жақсылық күтемен.
***
Бул күниме шүкиршилик етемен,
Сабыр қылып мақсетиме жетемен,
Бул өмирде жаман болып нетемен,
Өмир сеннен тек жақсылық күтемен.
***
Ансатбай Каражанов 04.08.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
915 viewsАңсатбай Каражанов, 18:32
Ашу / Түсініктеме
2022-08-04 14:56:59 ҚАЙНАҒАМ ТУРДЫБАЕВ БАЗАРБАЙДЫҢ
ТУЎЫЛҒАН КҮНИНЕ ҚУТЛЫҚЛАЎ
***
Кеўилиң қуўаныш, шадлыққа толсын,
Өмир жолың бәрҳә рәўан болсын,
Әўмет, бахыт қусы басыңа қонсын,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Көп болсын шадлықты еслетер сәтлер,
Жоқ болсын кеўилди силкитер дәртлер,
Бессарыда көпдур сен киби мәртлер,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Шаңарағың шырағы ҳеш өшпесин,
Басыңыздан бахыт дәўлет көшпесин,
Душпаныңның саған тиси өтпесин,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Болмасын жолыңда ҳеш қандай тосық,
Жаздым бүгин сизге әжәйып қосық,
Қуўаныштан ойнаң бүгин сиз йошып,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Өмир жасың узақ мазмунлы болсын,
Жақсылық ҳәмийше жолдасың болсын,
Жаратқан Алла яр мәдәткәр болсын,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Ансатбай Каражанов 04.08.2022-жыл
Узақ ҳәм мазмунлы өмир сүргейсиз, шаңарағыңыз бенен бирге аман саў жүребергейсизлер деп Күйеў балаң Ансатбай қарындасың Дилара жиенлериң Бердақ ҳәм Исламбек
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
863 views , 11:56
Ашу / Түсініктеме
2022-08-04 14:07:41 Туўысқан әжағам Каражанов Сәрсенбайдың
туўылған күнине қутлықлаў
***
Телефоннан қутлықладым бағана,
Жақсы тилек жазайын бир ағама,
Қосық жазсам кеўилиңе жағама,
Қутлы болсын туўылған күн Әжаға.
***
Дәслеп поъезд бенен адамды тасып,
Бүгинде жүрипсең таксиди басып,
Жеңгем күтип отыр аўқатын асып,
Қутлы болсын туўылған күн Әжаға.
***
Жас үлкенлик етип жүребергейсиз,
Шадлы, узақ өмир сүребергейсиз,
Тонның ең жақсысын кийебергейсиз,
Ақлық шаўлықларды сүйебергейсиз.
***
Иймеңиз Алладан басқаға басың,
Қуўаныштан бүгин толың ҳәм тасың,
Ақпасын ҳеш қашан көзиңнен жасың,
Қутлы болсын туўылған күн Әжаға.
***
Узын болсын аға өмир жасыңыз,
Урылмасын ҳеш ўақ тасқа басыңыз,
Жетпис сексен жүз жастанда асыңыз,
Қутлы болсын туўылған күн Әжаға.
***
Ансатбай Каражанов 04.08.2022-жыл
Узақ ҳәм мазмунлы өмир сүргейсиз, шаңарағыңыз бенен бирге аман саў жүребергейсизлер деп Иниң Ансатбай келиниң Дилара ҳәм Бердақ, Исламбек
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
795 views , 11:07
Ашу / Түсініктеме
2022-08-04 11:27:20 ӨМИР БӘРҲӘ БИРДЕЙ ТЕГИС ӨТПЕЙДИ.
***
Шүкир қылсаң берекет ҳеш кетпейди,
Тынышлыққа билсең ҳеш зат жетпейди,
Ақылы бар биреўди сөз етпейди,
Өмир бәрҳә бирдей тегис өтпейди.
***
Қыйналмаса ҳеш ким көз жас төкпейди,
Ақылы бар жазықсыз ҳеш сөкпейди,
Жақсы болсаң мәртебеңде шөкпейди,
Өмир бәрҳә бирдей тегис өтпейди.
***
Саған жетсе гей биреўге жетпейди,
Биреўлер бар бары менен еплейди,
Ырысқысын ҳадал жолдан шөплейди,
Өмир бәрҳә бирдей тегис өтпейди.
***
Ақыл айтсаң ақмаққа кәр етпейди,
Ис буйырсаң айтқан исиң питпейди,
Жаман болсаң ҳеш ким сени ертпейди,
Өмир бәрҳә бирдей тегис өтпейди.
***
Гейде тәғдир сынақ берип сынайды,
Бул сынаққа сабырлылар шыдайды,
Гейде тәғдир жығылғанды сылайды,
Өмир бәрҳә бирдей тегис болмайды.
***


Ансатбай Каражанов 04.08.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
944 viewsАңсатбай Каражанов, 08:27
Ашу / Түсініктеме