Get Mystery Box with random crypto!

ӨМИР СЕННЕН ТЕК ЖАҚСЫЛЫҚ КҮТЕМЕН. *** Арым ушын жанымнанда ке | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ӨМИР СЕННЕН ТЕК ЖАҚСЫЛЫҚ КҮТЕМЕН.
***
Арым ушын жанымнанда кешемен,
Машқаланы ақыл менен шешемен,
Жети өлшеп бир жеринен кесемен,
Өмир сеннен тек жақсылық күтемен.
***
Өмир сеннен мен көп үмит етемен,
Сырға толы сандығыңды титемен,
Ақ қағазға қосық қылып питемен,
Өмир сеннен тек жақсылық күтемен.
***
Не қәлесең бәрин саған беремен,
Сениң ушын сөзден маржан теремен,
Жаман емес тек жақсыға еремен,
Өмир сеннен тек жақсылық күтемен.
***
Бул күниме шүкиршилик етемен,
Сабыр қылып мақсетиме жетемен,
Бул өмирде жаман болып нетемен,
Өмир сеннен тек жақсылық күтемен.
***
Ансатбай Каражанов 04.08.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai