Get Mystery Box with random crypto!

ӨМИРДЕ ҲӘММЕГЕ ТЕҢ БОЛҒАН ЖАҚСЫ. *** Айдыңда болады туўатын ў | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ӨМИРДЕ ҲӘММЕГЕ ТЕҢ БОЛҒАН ЖАҚСЫ.
***
Айдыңда болады туўатын ўақты,
Он беси қараңғы он беси жақты,
Өзиңе жақпаса жақпаңлар дақты,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Өмирде кетпеңлер ҳеш қашан қатты,
Қыйнамаң жазықсыз ҳеш қашан ҳақты,
Көтерип жүрместен ислетиң басты,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Мийманнан қызғанба пискен ҳәр асты,
Болмасын биреўдиң биреўде қасты,
Шаш ал десе зинҳәр алмаңлар басты,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Өмир базыларды отларға жақты,
Қыйналып маңлаңдан қара тер ақты,
Болсын десең егер өмирим жақты,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Атпаңлар ҳеш қашан биреўге тасты,
Тәңирим төкпесин көзиңнен жасты,
Туўры гәп болады билсеңлер ашшы,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Айыплы адамдай иймеңлер басты,
Питпес иске қуры дейбермең яқшы,
Бир күн келип егер болсаңлар басшы,
Өмирде ҳәммеге тең болған жақсы.
***
Ансатбай Каражанов 05.08.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai