Get Mystery Box with random crypto!

Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Telegram арнасының логотипі ansatbai — Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍ А
Telegram арнасының логотипі ansatbai — Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
Арна мекенжайы: @ansatbai
Санаттар: Әдебиет
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 1.09K
Арнадан сипаттама

Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 2

2022-08-26 09:19:25
Шавкат Мирзиёев Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари мажлисида иштирок этиш учун Нукусга жўнаб кетди

Каналга уланиш: @Kar24uz
770 views , 06:19
Ашу / Түсініктеме
2022-08-25 15:57:22 ҲАДАЛ МИЙНЕТ ЕТИҢ ТЕКТЕ ЖЕҢ ТҮРИП.


Жасаған абзалдур адамзат күлип,
Дүньяның тәшўишин бер шетке сүрип,
Жүрген жақсы болар өз жолын билип,
Ҳадал мийнет етиң текте жең түрип.

Ҳеш қашан жүрмеңлер жаманға ерип,
Жүргенлер оңбайды өсек сөз терип,
Тәңирим турыпты ҳәммесин көрип,
Ҳадал мийнет етиң текте жең түрип.

Қалсаңызлар егер бир күн ат минип,
Жүрмеңлер биреўдиң табанын тилип,
Жүрсе жүрсин жаман ийт киби үрип,
Ҳадал мийнет етиң текте жең түрип.

Жаман әдет жүрген кеўилге тийип,
Мийўели тереклер турады ийип,
Өзгерип қалмаңлар бир күн тон кийип,
Ҳадал мийнет етиң текте жең түрип.

Жасаған жақсыдур өсип ҳәм өнип,
Тәғдирге налымай жүриңлер көнип,
Жүрмеңлер ҳәр түрли қыялға дөнип,
Ҳадал мийнет етиң текте жең түрип.


Ансатбай Каражанов 25.08.2022-жыл

Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai
936 views , 12:57
Ашу / Түсініктеме
2022-08-25 05:26:02
Ассалаўма алейкум бирадарларым!



Жақсылық ет, жәҳән жақсылық алсын,
Жақсылар басына жақсылық салсын,
Мал-дүнья бәршеден, сеннен де қалар,
Жақсысы дүнья емес, жақсылық қалсын!

Абдураҳман Жәмий.


    Басланып атырған күниңиз әўметли болсын. Ҳәрбир ийгиликли ислериңизде Алла яр болсын!


Каналымызға ағза болыў
http://t.me/Ansatbai
1.1K views , edited  02:26
Ашу / Түсініктеме
2022-08-24 04:59:54
#Қайырлы_таң



Ассаламу алайкум  Қәдирданларым..!



Алла бәршемизге сөнбес ийман, шырайлы минез-қулқ, ибратлы сөйлейтуғын тил, бәрҳә жақсылық ҳәм жоқары сана-сезим берсин!

Ерте таңда нени тилеп сораған болсаңыз барлық тилеклериңиз қабыл болсын..!


•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai
1.4K views , 01:59
Ашу / Түсініктеме
2022-08-20 21:24:37 ЖАТҚАН ЖЕРИҢ ЖӘННЕТ БОЛСЫН ӘКЕЖАН.

Перзент ушын әке теңсиз болады,
Мен қуўансам оның кеўли толады,
Базыда сағынсам кеўлим солады,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Барыңызда болмас еди кемисим,
Айтқаныңның қылмадым ҳеш терисин,
Сизсиз мениң жеңис емес жеңисим,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Арқа сүйер асқар таўым едиңиз,
Еркелесем дағы қайыл едиңиз,
Түнди жарытыўшы айым едиңиз,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Өлим ҳақ, изинен өлмек жоқ екен,
Жақсы болсам сениң кеўлиң тоқ екен,
Әке деген билсең сөнбес шоқ екен,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Мен қуўансам сизде толып тастыңыз,
Бар тапқанды мениң ушын шаштыңыз,
Мениң жақсы күним сизиң бахтыңыз,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Тәрийплесем сөз жетпейди бирақта,
Бизди таслап сиз кеттиңиз жыраққа,
Қуйып алдым нәсиятыңды қулаққа, 
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Ансатбай Каражанов 20.08.2022-жыл


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
1.9K views , edited  18:24
Ашу / Түсініктеме
2022-08-20 18:50:33 ЖАС ҮЛКЕНДЕ АҚЫЛ БОЛМАСА ҚЫЙЫН.

Ҳәй инсан ең дәслеп нәписти тыйың,
Болады турмыста ҳәр түрли жыйын,
Билген жақсы өзиң қәдириң сыйың,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Өмирде болады ҳәр түрли түйин,
Түйинди шешалмай қашпасын күйиң,
Биреўдиң бийлемең ҳеш қашан үйин,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Жөнсиз ҳасла жеме жас киши мийин,
Пикир айтса тыңла деме бир тийин,
Сыйламай қояды ол сени кийин,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Жас үлкен гәп сөзге салмаса тыйым,
Болады екен ол мисли бир буйым,
Адамда болады салмақ ҳәм сыйым,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Жас үлкен көрсетпес ҳеш кимге қырын,
Жырлайды ҳәммениң ол теңдей жырын,
Шашпайды биреўдиң биреўге сырын,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Басқарып лазым ҳәм мереке тойын,
Жас үлкен турмайма?, бул мениң ойым,
Адамның қәдири болмасын ойын,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Ҳәр кимниң басында қара күн болар,
Ойламас екен-дә ол күнди олар,
Усындайдан адам кеўили солар, 
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.


Ансатбай Каражанов 20.08.2022-жыл


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
1.8K views , edited  15:50
Ашу / Түсініктеме
2022-08-18 21:28:26 ҚАРАРДЫ АСЫҒЫП ШЫҒАРМАҢ ҲАСЛА.

Қәдемиңди текте алдыға тасла,
Мийман келсе бәрҳә үйиңе басла,
Қыйналып турсаңда өзиңди усла,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Қайғырмайды екен анаңдай басқа,
Көрсеңде қыйынлық өмирде саспа,
Бастан қатты емес екен-ғой таста,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Асықпай сынап көр өзиңе маспа,
Мас болмаса егер қушағың ашпа,
Урмайын десеңиз басыңды тасқа,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Ҳүрмет қыл қарама ғаррыма жаспа,
Өмирде ҳеш қашан қәддиңнен аспа,
Жақсыдай көринер адамлар баста,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Унамаған менен басыңды қоспа,
Ўақытың кетеди заяға босқа,
Адамның жаманы болады шошқа,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Қалмайын десеңлер кейин көз жасқа,
Қулақ салған жақсы ақылға басқа,
Былғанып қалмасын атың ыласқа,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Ансатбай Каражанов 18.08.2022-жыл
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
217 viewsАңсатбай Каражанов, 18:28
Ашу / Түсініктеме
2022-08-18 18:07:18
Дүнья жүгин арқасына тийеген,
Инсан деген уллы атқа ийемен.
Базбиреўлер адамлықты умытып,
Ҳайўан исин ислегенге күйемен.

Қарақалпақтың төкпе шайыры
Тилеўберген Қуппатулла улы Жумамуратовтан
399 views , 15:07
Ашу / Түсініктеме
2022-08-18 17:27:59 ҲЕШ КИМ ШЕБЕР ЕМЕС ЖАРАТҚАН ҲАҚТАН.

Қурмаңлар ҳеш қашан өзгеге қақпан,
Кеўил мүлкиңизди азада сақлаң,
Жуғымлы болады ҳадалдан тапқан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Самал есеберсин жақсылар жақтан,
Суўлар ағаберсин сыңғырлап жаптан,
Бахыт алып келсин ҳәр бир таң атқан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Тәрбиялаў керек баланы жастан,
Үйретпең жаманлық қылыўды қастан,
Бас қатты болыды билсеңлер тастан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Өзиңди қыйнама отларға жақпаң,
Ҳәй бенде бендиниң жолларын жаппаң,
Буйым емес бенде билсеңлер жатқан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Ең аўыр гүна-ғой досты жылатқан,
Түбине суў қуйып оны қулатқан,
Шығармаң бул сөзди ҳасла қулақтан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.
***
Жақсылық қылғанлар берекет тапқан,
Жаманлық қылғанлар өзине қайтқан,
Ким айтса бул сөзди дуп-дурыс айтқан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Жаманын жасырып жақсысын мақтаң,
Ағайын жақсыдур билсеңлер жаттан,
Туўысқан жаман деп оған кир жақпаң,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Ансатбай Каражанов 18.08.2022-жыл
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
121 viewsАңсатбай Каражанов, 14:27
Ашу / Түсініктеме
2022-08-17 11:00:27
#ҳикмет

Бес нәрсе бес нәрседен сақлайды:

1. Мүләйимлик – ғәзептен,

2. Аллаҳтан пана сораў – шайтанның жаманлығынан,

3. Асықпаў – пушайманлықтан,

4. Тилди тыйыў – қәтеден,

5. Дуўа – тәғдирдеги жаманлықтан.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
89 views , 08:00
Ашу / Түсініктеме