Get Mystery Box with random crypto!

ҚАЙНАҒАМ ТУРДЫБАЕВ БАЗАРБАЙДЫҢ ТУЎЫЛҒАН КҮНИНЕ ҚУТЛЫҚЛАЎ *** | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ҚАЙНАҒАМ ТУРДЫБАЕВ БАЗАРБАЙДЫҢ
ТУЎЫЛҒАН КҮНИНЕ ҚУТЛЫҚЛАЎ
***
Кеўилиң қуўаныш, шадлыққа толсын,
Өмир жолың бәрҳә рәўан болсын,
Әўмет, бахыт қусы басыңа қонсын,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Көп болсын шадлықты еслетер сәтлер,
Жоқ болсын кеўилди силкитер дәртлер,
Бессарыда көпдур сен киби мәртлер,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Шаңарағың шырағы ҳеш өшпесин,
Басыңыздан бахыт дәўлет көшпесин,
Душпаныңның саған тиси өтпесин,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Болмасын жолыңда ҳеш қандай тосық,
Жаздым бүгин сизге әжәйып қосық,
Қуўаныштан ойнаң бүгин сиз йошып,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Өмир жасың узақ мазмунлы болсын,
Жақсылық ҳәмийше жолдасың болсын,
Жаратқан Алла яр мәдәткәр болсын,
Туўылған күн қутлы мүбәрек болсын.
***
Ансатбай Каражанов 04.08.2022-жыл
Узақ ҳәм мазмунлы өмир сүргейсиз, шаңарағыңыз бенен бирге аман саў жүребергейсизлер деп Күйеў балаң Ансатбай қарындасың Дилара жиенлериң Бердақ ҳәм Исламбек
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai