Get Mystery Box with random crypto!

Туўысқан әжағам Каражанов Сәрсенбайдың туўылған күнине қутлық | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Туўысқан әжағам Каражанов Сәрсенбайдың
туўылған күнине қутлықлаў
***
Телефоннан қутлықладым бағана,
Жақсы тилек жазайын бир ағама,
Қосық жазсам кеўилиңе жағама,
Қутлы болсын туўылған күн Әжаға.
***
Дәслеп поъезд бенен адамды тасып,
Бүгинде жүрипсең таксиди басып,
Жеңгем күтип отыр аўқатын асып,
Қутлы болсын туўылған күн Әжаға.
***
Жас үлкенлик етип жүребергейсиз,
Шадлы, узақ өмир сүребергейсиз,
Тонның ең жақсысын кийебергейсиз,
Ақлық шаўлықларды сүйебергейсиз.
***
Иймеңиз Алладан басқаға басың,
Қуўаныштан бүгин толың ҳәм тасың,
Ақпасын ҳеш қашан көзиңнен жасың,
Қутлы болсын туўылған күн Әжаға.
***
Узын болсын аға өмир жасыңыз,
Урылмасын ҳеш ўақ тасқа басыңыз,
Жетпис сексен жүз жастанда асыңыз,
Қутлы болсын туўылған күн Әжаға.
***
Ансатбай Каражанов 04.08.2022-жыл
Узақ ҳәм мазмунлы өмир сүргейсиз, шаңарағыңыз бенен бирге аман саў жүребергейсизлер деп Иниң Ансатбай келиниң Дилара ҳәм Бердақ, Исламбек
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai