Get Mystery Box with random crypto!

Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Telegram арнасының логотипі ansatbai — Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍ А
Telegram арнасының логотипі ansatbai — Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
Арна мекенжайы: @ansatbai
Санаттар: Әдебиет
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 1.09K
Арнадан сипаттама

Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2022-08-31 19:14:30 Ағажан лаўызым жүдә жарасты,
Ҳәўес етип көп адамлар қарасты,
Таслап кетпең аға пискен ҳәр асты,
Болыў керек қатал ҳәмийше басшы
120 viewsАңсатбай Каражанов Қорақалпоғистон Республикаси, 16:14
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 19:14:18 Kóp basshılar isledi qalay,
Nege birden ayttıńız olay,
Uwızında toymaǵanları,
Kresloda toydıma solay?
120 viewsАңсатбай Каражанов Қорақалпоғистон Республикаси, 16:14
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 19:07:01 Көп басшыны көрдим сиздей болмаған,
Меннен басқа жумысшылар оңбаған,
Сизди емес олар өзин ойлаған,
Булар аға уўызында тоймаған.
143 viewsАңсатбай Каражанов Қорақалпоғистон Республикаси, 16:07
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 19:06:47 Ҳүрметли  "Қарақалпақ айтысы" топарының ықласбент оқырманлары хәм айтыскерлери!
Топарымызда уллы шайыр Бердақ баба естелигине арналып  өткерилип атырған "ТАРМАҚТАҒЫ АЙТЫСКЕР "
таңлаўымыздың 1- турының  бүгинги  жуплығы менен танысың.

АҢСАТБАЙ ҚАРАЖАНОВ(Қосшы)

РАШИТБЕК СӘРСЕНБАЕВ (Басшы)

Таңлаў шәртлери:

1. Жуплықлар белгиленген  ўақыттан кеш қалмай айтысқа қатнасыўы;

2. Белгиленген теманы ашып бериўге ҳәрекет етиўлери, тема дөгерегинде айтысыў;
(ҳәзил - дәлкек пенен бир-бириниң портретин жаратыў, ҳүрмет, сыйласықты, мәдениятты сақлаған ҳалда ҳәзиллесиў);

3. Белгиленген ўақыттан кейин жазылған қатарлар есапқа алынбайды (техникалық себеплерге байланыслы 10минутқа шекем ўақыт қосып бериледи);

4.Тил тазалығына әмел қылыў, бир тилде жазыў (зәрүрлик болса сырттан кирген сөзлерден пайдаланыўға болады);

5. Жуплықлар айтысы дәсме-дәс болыўы, ҳәзир жуўаплылық болыўы лазым .

ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ!

1. Бир-биреўге ҳүрметсизлик, кемситиў;

2. Мәдениятымызға жат сөзлерден пайдаланыў;

3. Темадан тысқары шығып кетиў (жуплық пенен танысыў, портрет жаратып, тәрийп  бериў ушын қосымша қылса болады);

ЕСЛЕТПЕ !

Жуплықлар айтысы басланған ўақыттан тамамланаман дегенге шекем жуплықлардан басқа ҳешким ортаға жаза алмайды. Буның себеби- жуплықлардың қыялын бөлмеў, тәртипти сақлаў. Айтыс жуўмақланғаннан соң қоллаў, пикир хәм усынысларыңызды әлбетте қабыл етемиз. Сизлердиң пикириңиз бизлер ушын әҳмийетли .

ТЕМА :

ӘДИЛ БАСШЫ
          ҲӘМ
ҒЫЖАҚШЫЛ ҚОСШЫ

ЎАҚЫТ:  21 -00 ден 00 00 ге шекем.

ЖУПЛЫҚЛАРҒА ШЕГИ ЖОҚ ИЛҲАМ-ЙОШ ТИЛЕЙМИЗ
https://t.me/qaraqalpaqaytis
https://t.me/qaraqalpaq_aytis
150 viewsАңсатбай Каражанов Қорақалпоғистон Республикаси, 16:06
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 09:20:09 САЎ САЛАМАТ АМАН ЖҮРИҢ УСТАЗЛАР.

Шәкиртлердиң көребериң жеңисин,
Көрмегейсиз зинҳар оның кемисин,
Сиз мийўалы дарақ бизлер жемисиң,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Әдилликти уран етип алдыңыз,
Бизди болса туўры жолға салдыңыз,
Жүреклерде бир өмирге қалдыңыз,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Инсан тәғдирине қылаплық қылмай,
Ҳеш қашан биреўдиң ҳақысын жырмай,
Ҳадал мийнет етип атырсыз тынбай,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Сизлерге тилеймен ең зор денсаўлық,
Ҳәр күниңиз болсын қуўаныш шадлық,
Несийп еткей сүйиў ақлық шаўлық,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Сиз арқалы бизге бәрҳә ашық жол,
Несийбеңиз болсын еки дүнья мол,
Устаз-шәкирт болып берип бизге қол,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Ансатбай Каражанов 31.08.2022-жыл


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
120 views , 06:20
Ашу / Түсініктеме
2022-08-29 15:01:26 БИЛИЎ КЕРЕК ҲӘР КИМ ӨЗИНИҢ СЫЙЫН

Салған жақсы жөнсиз ислерге тыйым,
Жаман болыў аңсат ал жақсы қыйын,
Өзиңнен өзгени демең бир тыйын,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын

Таймасын десеңлер басыңнан күйиң,
Ғыйбат өсек сөзден тиллерди тыйың,
Дус келмесин десең өмирде түйин,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын.

Қазсаңлар егерде биреўдиң түбин,
Шубалтып аласыз өмирдиң жибин.
Ҳәр ким өзи тартқан жақсыдур жүгин,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын.

Айтқан жақсы таўып сөздиңде жүйин,
Қурт болып жемеңлер өзгениң мийин,
Бийлемең ҳеш қашан биреўдиң үйин,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын.

Жақсы емес тыққан ҳәр жерге мурын,
Нәмәртлер ашады достының сырын,
Бундайлар болмаған өмирде бурын,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын.

Ансатбай Каражанов 29.08.2022-жыл
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
661 viewsАңсатбай Каражанов, edited  12:01
Ашу / Түсініктеме
2022-08-28 15:55:12 " Бул өмир-ғой өкпелеўге болмайды"

Жақсы болсаң алла сени қоллайды,
Жаман болсаң алла сени хорлайды,
Базылар өмирден кеўли толмайды.
Бул өмир-ғой өкпелеўге болмайды.

Саған жаман болған кимгедур жақсы,
Қәне саған ҳәмме дейберсе яқшы,
Өкпелеп өмирге атпа сен тасты, 
Бул өмир-ғой өкпелеўге болмайды.

Ҳәр ким нени ексе соны орады,
Гейде кеўлиң қалса гейде толады,
Гей биреўлер еки жүзли болады,
Бул өмир-ғой өкпелеўге болмайды.

Өмир сыйлап бахыт берейин десе,
Сорағаннан көп береди он есе,
Өкпелеп жүр едиң сен болса кеше,
Бул өмир-ғой өкпелеўге болмайды.

Шүкир етсең берекетте келеди,
Бенде емес саған алла береди.
Жаман адам тек өкпелей береди.
Бул өмир-ғой өкпелеўге болмайды.

Ҳақың бар күлип ойнап секириўге,
Өмирге келмедиң-ғой өкиниўге,
Шүкир ет өкпелеме бул күниңе,
Бул өмир-ғой өкпелеўге болмайды.

Қыйналсаң тәңириме жалынасаң,
Өмирде сүрнигесең, қағынасаң,
Өмирге бәри-бир сен бағынасаң,
Бул өмир-ғой өкпелеўге болмайды.

Автор: А.Каражанов
Оқыған: З.Ерниязова

Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai
958 views , edited  12:55
Ашу / Түсініктеме
2022-08-28 02:36:04 АДАМ КЕЎЛИ КЕСЕЛ БОЛҒАНЫ ЖАМАН.

Ҳәр ким өз күнине саў болғай аман,
Сабыр етсең жаман болады тамам,
Басына жетеди бир күни жанан,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Тилемейди ҳасла жақсылық саған,
Ҳәмме тәзим етсе дейди ол маған,
Қудайды айтқаннан пайда жоқ оған,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Болыў керек ҳәмме өзине қарам,
Ойлаған нийети тек ғана ҳарам,
Күн өтпей қыйналар бир күни балаң,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Жей алмасаң қыйын мазалы тағам,
Ден саўлық болмаса қыйын-аў ағам,
Алла инсап берсин тек ғана саған,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Қолдан келгенинше етпең жаманлық,
Тилеп жүр өзиңе текте аманлық,
Болсын жүреклерде иман ҳадаллық,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Ансатбай Каражанов 27.08.2022-жыл

Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai
1.1K views , edited  23:36
Ашу / Түсініктеме
2022-08-26 11:27:34
БАСҚАН ҚӘДЕМИҢИЗ ОҢЫНАН БОЛҒАЙ.

Турған болсын сизди тәңирим қоллай,
Отырман ең жақсы тилекти жоллай,
Сеннен ел халықтың кеўили толғай,
Басқан қәдемиңиз оңынан болғай.

Ағажан атыңыз тарийхта қалғай,
Жүрекке тек ғана жақсылық салғай,
Халқымның басына аўыр күн салмай,
Басқан қәдемиңиз оңынан болғай.

Ҳадал мийнет қылың ҳеш қашан тынбай,
Жүргейсең өмирде ҳеш қашан сынбай,
Бахыт қусы басқа мәңгиге қонғай,
Басқан қәдемиңиз оңынан болғай.

Халқыңыз шекпесин қайғы уўайым,
Қоллап турсын сизди бәрҳә қудайым,
Болып ел халыққа бәрҳә мүләйым,
Басқан қәдемиңиз оңынан болғай.

Ансатбай Каражанов 26.08.2022-жыл

Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai
2.2K views , 08:27
Ашу / Түсініктеме
2022-08-26 10:04:45 ЖАҚСЫЛЫҒЫ ЖАҚЫН БОЛСЫН ҲӘР ИСТИҢ.

Қулына айланбаң алтын гүмистиң,
Парқына барыңлар оң ҳәм теристиң,
Гәпинде дуз болмас дузы кемистиң,
Жақын болсын жақсылығы ҳәр истиң.

Өзиңди өзгеден қоймағыл үстин,
Пайдасы болмайды билекте күштиң,
Жаман әдет билсең тарлығы иштиң,
Жақын болсын жақсылығы ҳәр истиң.

Зыяны жоқ кең болғаны өристиң,
Уяты жоқ бүгинде күн көристиң,
Үлкен ҳәм кишиси болмас жеңистиң,
Жақсылығы жақын болсын ҳәр истиң.

Алға мақсет қойып, оған ерисиң,
Қылмаңлар ҳеш қашан истиң терисин,
Излемең биреўдиң ҳасла кемисин,
Жақсылығы жақын болсын ҳәр истиң.

Шығыны болады кирген киристиң,
Пайдасы болады алға жүристиң,
Гәпине кирмеңлер ҳасла теристиң,
Жақсылығы жақын болсын ҳәр истиң.

Ансатбай Каражанов 26.08.2022-жыл

Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai
859 views , 07:04
Ашу / Түсініктеме