Get Mystery Box with random crypto!

ӨМИР БӘРҲӘ БИРДЕЙ ТЕГИС ӨТПЕЙДИ. *** Шүкир қылсаң берекет ҳеш | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ӨМИР БӘРҲӘ БИРДЕЙ ТЕГИС ӨТПЕЙДИ.
***
Шүкир қылсаң берекет ҳеш кетпейди,
Тынышлыққа билсең ҳеш зат жетпейди,
Ақылы бар биреўди сөз етпейди,
Өмир бәрҳә бирдей тегис өтпейди.
***
Қыйналмаса ҳеш ким көз жас төкпейди,
Ақылы бар жазықсыз ҳеш сөкпейди,
Жақсы болсаң мәртебеңде шөкпейди,
Өмир бәрҳә бирдей тегис өтпейди.
***
Саған жетсе гей биреўге жетпейди,
Биреўлер бар бары менен еплейди,
Ырысқысын ҳадал жолдан шөплейди,
Өмир бәрҳә бирдей тегис өтпейди.
***
Ақыл айтсаң ақмаққа кәр етпейди,
Ис буйырсаң айтқан исиң питпейди,
Жаман болсаң ҳеш ким сени ертпейди,
Өмир бәрҳә бирдей тегис өтпейди.
***
Гейде тәғдир сынақ берип сынайды,
Бул сынаққа сабырлылар шыдайды,
Гейде тәғдир жығылғанды сылайды,
Өмир бәрҳә бирдей тегис болмайды.
***


Ансатбай Каражанов 04.08.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai