Get Mystery Box with random crypto!

Силтеме

Telegram арнасының логотипі nukus — Силтеме С
Telegram арнасының логотипі nukus — Силтеме
Арна мекенжайы: @nukus
Санаттар: Фактілер , Санатсыз
Тіл: қазақ
ел: Қазақстан
Жазылушылар: 40
Арнадан сипаттама

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.
Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.
Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 8

2021-08-08 21:19:04
#АММИЯК_КИСЛОТАСЫ

Усы жылдың 7-август күни Тахтакөпир районында жайласқан "KEGEYLI EXTRACT" ЖШЖ қоспа кәрханасында, аймақ турғынларының мүрәжатине тийкар журналистлик тексериў жумыслары алып барылды.

Тексериў барысында "KEGEYLI EXTRACT" ЖШЖ қоспа кәрханасы боян тамырды еритиўде пайдаланылатуғын Аммияк кислотасының шығындыларын арнаўлы бункерлерге емес ал, халық тығыз жайласқан аймаққа төгип қойғанлығы анықланды.

Сондай-ақ, тексериў илажына тийисли тараў ўәкиллери, ҳәкимият ўәкиллери ҳәм жергиликли халық қатнасты.

Биз бул жағдай бойынша Тахтакөпир районы ҳәкимлиги, Экология инспекциясы ҳәм Санитария-эпидемиология органынан рәсмий мүнәсибет күтемиз.

Нурсултан Темирханов
"Ел хызметинде" газетасы журналисти
174 views18:19
Ашу / Түсініктеме
2021-08-02 11:04:42 Assalawma aleykum. Doslar, kesh jarıq hámmege!

Bismillahi Rohmanir Rohim, dep búgingi Súmbile ayınıń birinshi sánesinen (1-avgusttan) baslap kanalımızda jańa joybar baslaymız!
"#Jámiyetshilik_qadaǵalaw";
"#Huqıqıy_sana" atamalarındaǵı bul joybarımız, puqaralıq jámiyetine jetelewshi jollardıń biri bolǵan jámiyetshilik qadaǵalawın ornatıwǵa hám bul jolda adamlardıń huqıqıy hám siyasiy bilimlerin jetilistirip barıwǵa arnaladı.
Jámiyetshilik qadaǵalawdıń subiekti hárbir puqara bolıwı múmkin. Yaǵnıy, hámme zattı Dáwletmurat aǵa islewi kerek, hámme mashqalanı Dáwletmurat aǵa, Baxtıyar aǵalar sheshiwi kerek degen zat joq. Nızambuzıwshılıqtan xabardarsız ba, demek siz de bul boyınsha jámiyetshilik qadaǵalawdı ámelge asırıwıńız múmkin, gúwası, qatnasıwshısı bolıp qalǵan mashqalanı ózińiz de sheshiwińiz múmkin. Bir Dáwletmurat aǵa jámiyetti dúzey almaydı. Hámme birgelikte háreket etiwimiz kerek.
Átirapıńızdaǵı adamlar da bul joybarımızdı baqlap barsa payda da, biraq zıyan emes. Sonıń ushın hámmeni jámiyetshilik qadaǵalaw ornatıwǵa, huqıqıy hám siyasiy bilimlerin asırıp barıwǵa shaqırayıq!

K. J. "Adamlarǵa balıq bermeń, balıq uslawdı úyretiń!"

Robert Kyosaki

@QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI
428 views08:04
Ашу / Түсініктеме
2021-07-30 18:14:30 Билемен бул видеоны коп куттиниз. Бул тууралы саатлап емес хатте хаптелеп, айлап сойлессекте арзыйды. Себеби, бул бизин тарыйхымыз. Мамлекетлик макемелерде ислейтугын тарыйхшыларга барыуды ойладым, бирак олар анык хамме нарсе айтпаслыгы турган гап. Сол ушын тарыйхшыларды изледим. Маган кереги анык тарыйхты айтатугын ада меди, сол ушын саубетти Алланазаров Зийуатдин (максым) менен откердим. Видео 4о минуттан аслам болган, коп емес, исенемен 4о минут ишинде озинизге керек, кызыгып журген коплеп сорауларынызга жууап аласыз.

1 соз бенен айтканда апиуайы тилде тусиндирилген.





@bkadirbergenov
187 views15:14
Ашу / Түсініктеме
2021-07-26 17:26:35 Бул постты мектеп окыўшысы жазғанға уқсайды...
380 views14:26
Ашу / Түсініктеме
2021-07-26 17:25:05
Нукус шаҳар Айрықша жағдайлар бөлими ескертеди!
Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайының
2021-жыл 23-июль күнги усынылған 380-01/293-санлы ескертиўши мағлыўматында, 2021-жылдың 24-26 июль күнлери республикамыз аймағына Иран Ислам Республикасынан ыссы ҳаўа ағымы кирип келиўи нәтийжесинде, ҳаўа температурасы нормадан тыс 4-60 С қа жоқары болып, күндизи ҳаўа-райы 41-440 С қа шекем, қубла ҳәм шөл аймақларында
45-460 С қа шекем ыссы болыўы күтилмекте. Ал 25-27 июль күнлери болса республикамыз бойынша ўақты-ўақты менен самал тезлиги 17-22 м/с.қа шекем күшейип, айырым орынларда 25-30 м/с.қа шекем шаң бораны менен көтерилиўи мүмкин.
Сонлықтан пуқараларымыздан усы күнлерде ыссы ҳаўаның ҳәм шаң боранының кирип келиўи нәтийжесинде зәрүрлик болмаса көшеге шықпаўын, ыссы ҳаўадан сақланыўын соранып, әсиресе гипертоник ҳәм жүрек кеселлиги менен кеселленген инсанлар саламатлығына тәсир етиўи мүмкинлиги ҳаққында ескертемиз!
Нукусшаҳар Айрықша жағдайлар бөлими
https://t.me/nukuspress
297 views14:25
Ашу / Түсініктеме
2021-07-15 12:56:54
Бул мақаладан мақсет, Назлымхан апаның операция исленбеген уршығының жағдайы аўырласа баслады ҳәм аяғы күннен-күнге исип бармақта. Оған тезлик пенен жаңа уршық салыныўы керек. Уршық баҳасы 25 млн сўм турады.

Сонлықтан, усы хабарды оқып атырған, кеўлинен шығарып аз болсын, көп болсын операцияға жәрдем бере алатуғын адамлар болса, өтиниш бийпарқ болмаң. Кеўлиңизден шыққан ҳәм қурбыңыз жеткен ғәрежет пенен Назлымхан апаға жәрдемиңизди берсеңиз. Себеби, апа таза уршық салғаннан соң ҳәмме қатары өз аяғына тикейип жүре алады.

Назлымхан апаның телефон номери: +998933636853

Хабарды оқығаныңыз ушын рахмет,
Ҳүрмет пенен,
Лалагүл Қаллыханова, журналист
443 views09:56
Ашу / Түсініктеме
2021-07-15 12:56:54
Ассалаўма әлейкум жәмәәт!

Сиз сүўретте көрип турған бул апа Нөкис қаласы Респо елатында жасаўшы Назлымхан Сәрсенбаева. Назлымхан апаның бахытсыз ҳәдийседен соң еки уршығы зақымланған. Сонлықтан апа еки аяғына тикейип тура алмай «төрт аяқлап» жүриўге мәжбүр еди.

Назлымхан апа ҳаққында өткен жылы 5-декабрьде Makan.uz’да шыққан видеодан соң көплеген жақсы адамлар кеўлинен шығарып ғәрежет берди. Велосипед мингиси келетуғын 5-класс баласы Арманға 2 велосипед саўға етилди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы меҳир сақаўат ҳәм саламатлық жәмәәтшилик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен зақымланған бир уршығын алмастырыў ушын 23 млн 350 мың сўм ақша өткерилип, декабрь айының соңында Назлымхан апаға операция табыслы исленди. Уршық салынған аяғы жақсы питти.

Апаның жасы ҳәм операцияның аўырлығы есапқа алынып, операцияны 3 ай үзилис пенен еки бөлип ислеў уйғарылды. Деген менен, арадан 5 ай ўақыт өткен болса да, операцияның екинши бөлегине ғәрежет елеге шекем топланбай атыр.
429 views09:56
Ашу / Түсініктеме
2021-07-14 15:25:37
НМПИ студентлери «Ўатан» қосығын атқарды

НМПИ педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарының студентлери қарақалпақ халқының даңқлы перзенти Аллаяр Қораз улы Досназаровтың естелиги алдында «Ўатан» қосығын жанлы ҳаўазда атқарды.

dárek

t.me/NUKUS
536 views12:25
Ашу / Түсініктеме
2021-07-07 18:08:17
Бүгин болып өтиўи керек болған суд 16-июльға қалдырылды

Блогер Бахтияр Қадирбергеновтың мәлим етиўинше Юлдуз Усмонова наўқас болып қалғанлығы ушын суд усы жылдың 16-июль күнине қалдырылғанлығы айтылмақта.

@Karakalpak24
322 views15:08
Ашу / Түсініктеме
2021-07-07 11:55:12
Келдик.

@bkadirbergenov
403 views08:55
Ашу / Түсініктеме