Get Mystery Box with random crypto!

Нукус шаҳар Айрықша жағдайлар бөлими ескертеди! Өзбекстан Респ | Силтеме

Нукус шаҳар Айрықша жағдайлар бөлими ескертеди!
Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайының
2021-жыл 23-июль күнги усынылған 380-01/293-санлы ескертиўши мағлыўматында, 2021-жылдың 24-26 июль күнлери республикамыз аймағына Иран Ислам Республикасынан ыссы ҳаўа ағымы кирип келиўи нәтийжесинде, ҳаўа температурасы нормадан тыс 4-60 С қа жоқары болып, күндизи ҳаўа-райы 41-440 С қа шекем, қубла ҳәм шөл аймақларында
45-460 С қа шекем ыссы болыўы күтилмекте. Ал 25-27 июль күнлери болса республикамыз бойынша ўақты-ўақты менен самал тезлиги 17-22 м/с.қа шекем күшейип, айырым орынларда 25-30 м/с.қа шекем шаң бораны менен көтерилиўи мүмкин.
Сонлықтан пуқараларымыздан усы күнлерде ыссы ҳаўаның ҳәм шаң боранының кирип келиўи нәтийжесинде зәрүрлик болмаса көшеге шықпаўын, ыссы ҳаўадан сақланыўын соранып, әсиресе гипертоник ҳәм жүрек кеселлиги менен кеселленген инсанлар саламатлығына тәсир етиўи мүмкинлиги ҳаққында ескертемиз!
Нукусшаҳар Айрықша жағдайлар бөлими
https://t.me/nukuspress