Get Mystery Box with random crypto!

Ассалаўма әлейкум жәмәәт! Сиз сүўретте көрип турған бул апа Н | Силтеме

Ассалаўма әлейкум жәмәәт!

Сиз сүўретте көрип турған бул апа Нөкис қаласы Респо елатында жасаўшы Назлымхан Сәрсенбаева. Назлымхан апаның бахытсыз ҳәдийседен соң еки уршығы зақымланған. Сонлықтан апа еки аяғына тикейип тура алмай «төрт аяқлап» жүриўге мәжбүр еди.

Назлымхан апа ҳаққында өткен жылы 5-декабрьде Makan.uz’да шыққан видеодан соң көплеген жақсы адамлар кеўлинен шығарып ғәрежет берди. Велосипед мингиси келетуғын 5-класс баласы Арманға 2 велосипед саўға етилди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы меҳир сақаўат ҳәм саламатлық жәмәәтшилик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен зақымланған бир уршығын алмастырыў ушын 23 млн 350 мың сўм ақша өткерилип, декабрь айының соңында Назлымхан апаға операция табыслы исленди. Уршық салынған аяғы жақсы питти.

Апаның жасы ҳәм операцияның аўырлығы есапқа алынып, операцияны 3 ай үзилис пенен еки бөлип ислеў уйғарылды. Деген менен, арадан 5 ай ўақыт өткен болса да, операцияның екинши бөлегине ғәрежет елеге шекем топланбай атыр.