Get Mystery Box with random crypto!

Силтеме

Telegram арнасының логотипі nukus — Силтеме С
Telegram арнасының логотипі nukus — Силтеме
Арна мекенжайы: @nukus
Санаттар: Фактілер , Санатсыз
Тіл: қазақ
ел: Қазақстан
Жазылушылар: 40
Арнадан сипаттама

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.
Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.
Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 5

2022-02-01 06:21:17

236 views03:21
Ашу / Түсініктеме
2022-01-21 15:58:57
​​​​ДӘЎЛЕТБАЙ ШӘМШЕТОВ – ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ БИРИНШИ ПРЕЗИДЕНТИ Дәўлетбай Нуратдинович Шәмшетов 1948-жылы 21-январьда Шымбай қаласында туўылған, миллети − қарақалпақ. 1971-жылы Әндижан пахта институтының агрономлық қәнигелигин питкерген. 1973-жылға…
1.6K views12:58
Ашу / Түсініктеме
2022-01-21 12:18:44 ​​​​ДӘЎЛЕТБАЙ ШӘМШЕТОВ – ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ БИРИНШИ ПРЕЗИДЕНТИ

Дәўлетбай Нуратдинович Шәмшетов 1948-жылы 21-январьда Шымбай қаласында туўылған, миллети − қарақалпақ. 1971-жылы Әндижан пахта институтының агрономлық қәнигелигин питкерген.

1973-жылға дейин Қарақалпақстан илим-изертлеў институтында киши илимий хызметкер, 1973-жылы Пүткилаўқамлық пахта ѳсириў илим-изертлеў институтының аспиранты болды. 1973-жылдан 1991-жылға дейин Кеңес Аўқамының Коммунистлик партиясы ҳәм ϴзССР Коммунистлик партиясы қурамында болды.

1980-жылы аўыл-хожалық илимлери бойынша илим кандидаты болды. 1984-1986-жыллары ол Қарақалпақ АССР-ының Бозатаў районындағы «Алғабас» совхозының директоры, 1986-1990-жыллары Қарақалпақ АССР-ының Қараѳзек районындағы «Қараѳзек» совхозының директоры болды. 1990-1992-жыллары «Халық мәпи» деген қарақалпақша партияның басшысы ҳәм сол партияның тийкарын салыўшысы болды.

1990-жылдың февралынан баслап Қарақалпақ АССР Жоқарғы Кеңесинде халық депутаты, соның менен бирге, 1991-жылдың январь айынан февраль айына дейин ӨзССР КП Қарақалпақстан Республикалық Комитетиниң биринши хаткери болды.

1991-жылы февральда Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз 5-сессиясында жасырын даўыс бериў арқалы Д.Шәмшетов Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы болып сайланды.

1990-жылы 14-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик суверенитети ҳаққында Декларация қабыл етилди. Онда Қарақалпақстан ӨзССР қурамына емес, ал тиккелей СССР қурамына кириўши совет республикасы дәрежесине көтерилген еди. Қарақалпақстан өз суверенитетин қабыл еткеннен соң ӨзССР қурамында бола алмас еди, себеби, бул СССР жокарғы Нызамына қайшы келетуғын еди: 1990-жыл 26-апрельде СССР жоқарғы Нызамы қабыл етилди. Оған көре, бир совет республика екинши бир совет республиканың қурамында бола алмас еди.

Бул 1990-жыл 14-декабрь күнги қабыл етилген суверенитетти Мәскеў (Орай) толық тән алмаған еди. Солай етип, 1991-жылдың май айында Д.Шәмшетовтың жедел ҳәрекетлери нәтийжесинде Бурынғы Аўқам (СССР) Премьер Министри В.С.Павлов Нөкис қаласына келди ҳәм Қарақалпақстан Бурынғы Аўқам қурамындағы 16-республика екенлиги рәсмий тән алынды. Сол жылы август айында Бурынғы Аўқам тарқады...

1991-жылы 11-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында Д.Шәмшетов Қарақалпақстан Республикасының Президенти болып сайланды. Ол бул лаўазымда 1991-жыл ноябрь айынан 1992-жыл июнь айына шекем иследи. 1992-жылы июнь айында Өзбекстан Республикасының биринши Президенти Ислам Каримов тәрепинен бул республика президенти лаўазымы бийкар етилди ҳәм Д.Шәмшетов сиясаттан кетип, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының Шымбай илим-изертлеў институтының директоры болды. Ол бул хызметте 1998-жылдың сентябринде кайтыс боламан дегенше иследи.

Бүгин марҳум сиясатшымыз арамызда болғанында 74 жасқа шыққан болар еди.

t.me/NUKUS
9.8K viewsedited  09:18
Ашу / Түсініктеме
2021-12-31 18:09:41 ​​

Bultlar biz aydaǵan jaqlarǵa kóshsin.
Buwday shórek bolıp atızda óssin.
Búlbil ashıqlarǵa uyqı bermesin,
Hár úyde analar besik terbesin.

Aǵashlar miywaǵa bayıp jıǵılsın,
Ballar shokoladqa tayıp jıǵılsın,
Jańa jıldı qarsı alayıq qatırıp,
Ketsin shampan tıǵınları atılıp!

t.me/NUKUS
172 views15:09
Ашу / Түсініктеме
2021-12-18 22:05:18 Қызықлы тәрепи – ертеңги Қарақалпақтың Байрамы халыққа жәрияланбады, дағазаланбады!!!

Ҳәттеки, халық социаллық тармақлардан, телеграм каналлардан да хабарландырылмады.

Қәйдем, бала, Қарақалпақтың тойлағаны кимге жақпайды?!
277 views19:05
Ашу / Түсініктеме
2021-12-18 21:59:04
Ертең, 19-декабрь Қарақалпақтың Зүрәәт Байрамы болады. Барлық қарақалпақстанлыларды байрамды тойлаўға шақырамыз.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ипподром.


P.S.: Видео 2019-жылғы Зүрәәт Байрамнан көринис.

@NUKUS
337 views18:59
Ашу / Түсініктеме
2021-12-14 06:36:14
MÁMLEKETLIK BAYRAǴÍMÍZ QABÍLLANǴANÍNA BÚGIN 29 JÍL!

t.me/NUKUS
525 views03:36
Ашу / Түсініктеме
2021-12-13 22:41:03
...«Qaraqalpaqstan» degen atıńdı,
Áwladlar ádiwler júrek tórinde.

I.Yusupov


Jasa, Erkin Qaraqalpaqstan!!!

═══════❁✿❁═══════
Kanalımızǵa márhámat !!!
https://telegram.me/nukus
112 views19:41
Ашу / Түсініктеме
2021-12-13 22:40:07
1990-JÍLÍ 14-DEKABRDE "QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ MÁMLEKETLIK SUVERENITETI" HAQQÍNDA DEKLARACIYA QABÍL ETILDI.

t.me/NUKUS
111 views19:40
Ашу / Түсініктеме
2021-12-13 22:38:05
1990-JÍL 14-DEKABR KÚNI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ MÁMLEKETLIK SUVERENITETI (ǴÁREZSIZLIK) HAQQÍNDA DEKLARACIYA QABÍL ETILDI.
SUVERENITET HÁM ǴÁREZSIZLIK – BULAR BIRDEY MÁNINI AŃLATÍWSHÍ TÚSINIKLER.

SUVERENITET (ǴÁREZSIZLIK)
BAYRAMÍ QUTLÍ BOLSÍN, ÁZIZ QARAQALPAQSTANLÍLAR!

P.S.: BIZDIŃ BUL BAYRAMÍMÍZ "31-AVGUST"TAǴÍDAY ETIP ÓTKERILMEYDI. SOL USHÍN OQÍWLARDA JASLARǴA (OQÍWSHÍLARǴA) BUL SÁNE TUWRALÍ MAǴLÍWMAT BERSEŃIZ, ÁZIZ OQÍTÍWSHÍ HÁM TÁRBIYASHÍLAR!

t.me/NUKUS
112 views19:38
Ашу / Түсініктеме