Get Mystery Box with random crypto!

#АММИЯК_КИСЛОТАСЫ Усы жылдың 7-август күни Тахтакөпир районын | Силтеме

#АММИЯК_КИСЛОТАСЫ

Усы жылдың 7-август күни Тахтакөпир районында жайласқан "KEGEYLI EXTRACT" ЖШЖ қоспа кәрханасында, аймақ турғынларының мүрәжатине тийкар журналистлик тексериў жумыслары алып барылды.

Тексериў барысында "KEGEYLI EXTRACT" ЖШЖ қоспа кәрханасы боян тамырды еритиўде пайдаланылатуғын Аммияк кислотасының шығындыларын арнаўлы бункерлерге емес ал, халық тығыз жайласқан аймаққа төгип қойғанлығы анықланды.

Сондай-ақ, тексериў илажына тийисли тараў ўәкиллери, ҳәкимият ўәкиллери ҳәм жергиликли халық қатнасты.

Биз бул жағдай бойынша Тахтакөпир районы ҳәкимлиги, Экология инспекциясы ҳәм Санитария-эпидемиология органынан рәсмий мүнәсибет күтемиз.

Нурсултан Темирханов
"Ел хызметинде" газетасы журналисти