Get Mystery Box with random crypto!

Силтеме

Telegram арнасының логотипі nukus — Силтеме С
Telegram арнасының логотипі nukus — Силтеме
Арна мекенжайы: @nukus
Санаттар: Фактілер , Санатсыз
Тіл: қазақ
ел: Қазақстан
Жазылушылар: 40
Арнадан сипаттама

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.
Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.
Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 7

2021-11-13 20:17:49 Channel photo updated
17:17
Ашу / Түсініктеме
2021-10-14 15:46:55 ​​ҚарақалпақСТАН – бул ҳәммемиздиң Ана Ўатанымыз!

Бизиң ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар...
Ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы бабаларымыз бар...
Ҳәўес етсе арзыйтуғын бийбаҳа байлықларымыз бар...
Барлығымыз исенемиз, ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы келешегимиз де болады!


1924-жылы Орта Азия халықларын миллий шегаралаў, ҳәрбир миллетти ғәрезсиз республика етиў ҳаққында мәжилис болып өтипти. Мәжилисте өз халқының аты тилге алынбағанлығына ары келген Досназаров орнынан ушып турып:
Қарақалпақларды умытыўға кимниң ҳақы бар?,-депти.
Қарақалпақлар теңиз бойында жасаўшы, басына қара қалпақ кийгенлиги ушын сондай ат алған Хорезмниң өзбеклери ғой,-депти сол жерде отырған биреў.
Яқ, қазақлардың қара калпақлы бир ағайини,-депти және биреў.
Яқ, қарақалпақлар ақ қалпақлы қырғыздың қара қалпақлы егизеклери,-депти және биреў. Олардан кейин жер астынан шыққандай буўық бир даўыс:
Орта Азияда қарақалпақ деген бөлек миллет бар ма өзи?,-депти жүреклерге ғулғула салып. Досназаров бул гәплерге итибар бермей, мәжилис баслығынан рухсат та сорамай, туппа-туўры минберге шығып:
Жолдаслар, қарақалпақ миллети бар!,-депти. Шаўқым басылғаннан кейин әллеким:
Тилиңиз кимлерге жақын?,-депти.
Қарақалпақлар қарашай, ноғай, қумық, қазақ, қырғыз, түркмен, әзербайжан, татар, башқурт тиллери менен бир теректиң ҳәртүрли шақларына уқсайды... Кейин ол Әжинияздың "Бозатаў" поэмасын оқып берипти. Оның гәплерин Калинин, өзбек Файзулла Хожаев, қазақ Сәкен Сейфуллин, түркмен Қайғысыз Атабаевлар қоллап-қуўатлап, қарақалпақлар бөлек бир халық екенин айтыпты. Ҳәмме бир аўыздан "Қарақалпақларға автономия берилсин!" деп әдеттегидей бир қолын емес, еки қолын да көтерипти. Ғаўырлы тынғаннан кейин биреў:
Ҳәрбир миллеттиң атақлы адамлары болады. Бирақ, бизлер усы ўақытқа шекем қарақалпақлардың атақлы адамларын еситпеген екенбиз..,-депти. Сонда Досназаров былай деп жуўап берипти:
Қарақалпақ деген халық барын еситпеген сиздей қулағы аўыр адам оның атақлы адамларын қаяқтанам билсин?! Жақсылап еситип ал, айтаман! Өзбеклер ушын – Наўайы, түркменлер ушын – Мақтумқулы, орыслар ушын – Пушкин, қазақлар ушын – Абай қандай қәдирли болса, Бердақ деген шайыр қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Мәмлекет баслықларынан мысал айтсақ, орыслар ушын Петр I қандай қәдирли болса, XVIII әсирде жасаған Маманбий биз қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Ҳәзирги дәўирге келсек, Ф.Хожаев – өзбеклердиң, С.Сейфуллин – қазақлардың ар-намысы ушын қандай гүрескен болса, мине, мен – Аллаяр Досназаров солар қатарындаман,-деп сөзин тамамлапты. Соннан баслап Қарақалпақ сөзине "стан" қосымтасын қосып жаза баслапты. Сол бир ала сапыранлы XX әсирдиң жигирмаланшыл жылларындағы тарыдай шашылып жүрген қарақалпақ халқын бириктирип, оның мәмлекетлик шегарасын белгилеп, шаңарақ тиклеп берген ел перзенти Аллаяр Қораз улы Досназаровқа әўладлар алғысы шексиз. Мине, усы тарийхый ўақыяға да бүгин 14-октябрь саррас 97 жыл толыпты. Халқымызды бүгинги әҳмийетли сәне – ҚарақалпақСТАНымыздың 97 жасқа толыўы менен шын жүректен қутлықлаймыз!

Мақтанышым – Қарақалпақстан!!!

t.me/NUKUS
1.8K views12:46
Ашу / Түсініктеме
2021-09-19 08:29:11
243 views05:29
Ашу / Түсініктеме
2021-09-18 09:46:31 Усы жылы оқыўы басқа тиллерде алып барылатуғын (түркмен, қазақ, орыс, өзбек) классларда Қарақалпақ (мәмлекетлик) тилинен Пән олимпиадасы болмай ма?

2021-жылдың 9-сентябрь күни ӨзРесМК тәрепинен «Пән олимпиадасын өткериў тәртиби ҳаққында» Қарар жәрияланды. Бул Қарарда «Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» пәни көрсетилген, бирақ «Қарақалпақ (мәмлекетлик) тили» пәни бойынша ҳешнәрсе көрсетилмеген.
Социаллық тармақларда бирнеше күннен берли бул бойынша ҳәр түрли пикирлер айтылмақта. Биреўлер усы жылдан баслап оқыўы басқа тиллерде алып барылатуғын классларда Қарақалпақ (мәмлекетлик) тилинен Пән олимпиадасы «болмайды» десе, биреўлер «болады» дейди.
Районлық ХББ пән методистлери де бул ҳаққында ҳешқандай пикир билдире алмай атыр: я болатуғынын, я болмайтуғынын айтпайды.
Қарақалпақстанда мәмлекетлик тил – қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери, сонлықтан, қарақалпақ тилинен Пән олимпиадасы болыўы шәрт!

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен усы мәселеге анықлық киргизип, рәсмий мағлыўмат бериўин сорап қаламыз.

ПыСы: Өткен жылы Қарақалпақ тилинен саат санларын кескин қысқартып таслап еди, бирақ халық өз наразылығын билдирип саатларын орнына қойды, ал быйыл мынандай жағдай. Егер быйыл Пән олимпиадасы болмаса ендиги жағында да болмайтуғыны анық...

t.me/NUKUS
21 views06:46
Ашу / Түсініктеме
2021-09-18 09:45:16 ПӘН ОЛИМПИАДАСЫНЫҢ ЖАҢА НЫЗАМЫ ТАСТЫЙЫҚЛАНДЫ.

2021-жыл 9-сентябрь 562-санлы.
28 views06:45
Ашу / Түсініктеме
2021-09-13 12:19:07 Окыуда басланды. Окыулар басланганнан кейин мугаллим хам тарбияшылардан «санкнижка» бойынша арызлар жане келиуи кушейди. Биз билемиз бул маселе бойынша 3 министрлик айыплы. Солар оз жумысын ислемегеннен кейин педагоглар «санкнижка» ушын калталарынан пул толеп медициналык кориктен отип атыр. Медициналык кориктен отиу БИЙПУЛ екенин, сонша айтып атырсакта, бул ис еле токтамай атыр. Мугаллим хам тарбияшыларга амелий жардем бериу ушын «Ел хызметинде» газетасы хам ayama.uz сайты редакциясы биргеликте мугаллимлер хам тарбияшылар хукыкын коргау ушын усы «санкнижка»дан пул ислеп отырганларды судка бериуди хам оларга жазага тарттырыуды гозлеп отырмыз.

Усы себептен бизге томендеги манзилге сизин арзаларыныз керек, ягный сиз бенен усы жагдай болган болса, бизге арзанызды жоллан. Атап айтсак, сиз кай жерде ислейсиз, кайсы медицина бирлеспеси сизден пул сорады, (егер сол шыпакердин атын, лауазымын билсениз оныда жазсаныз болады) хам албетте сиз бенен байланысыу ушын сизин номерирнизде керек.

Менинше, буларды сонша кутырганы жетер. Енди анык изине тусип буларды жазага тартыу наубети келди. Бунын ушын биззге сизин арзаныз керек.

Арзаны жибериу ушын манзил:, Бердак гузары, 41-жай. «Ел хызметинде» газетасы хам ayama.uz сайты редакциясына деп жоллан.

@bkadirbergenov
380 views09:19
Ашу / Түсініктеме
2021-09-01 07:15:11
1-SENTYABR ─ BILIMLER KÚNI!

t.me/NUKUS
231 views04:15
Ашу / Түсініктеме
2021-08-26 12:52:53
@NUKUS
490 views09:52
Ашу / Түсініктеме