Get Mystery Box with random crypto!

МАҢЛАЙДАН СҮЙИЎ ҲӘМ ЭПИФИЗ БЕЗИ ҲАҚҚЫНДА      Расулуллаҳ салл | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

МАҢЛАЙДАН СҮЙИЎ ҲӘМ ЭПИФИЗ БЕЗИ ҲАҚҚЫНДА

     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның перзентлеримизди тез-тез сүйип еркелетиўимиз ҳаққындағы усынысы есиңизде ме?!
     Заманагөй медицина да буны тастыйықлады. Сүннет әмеллердиң негизинде инсаныят ушын қаншелли пайдалы екенин атап өтиў артықша. Бизлердиң тәбиятымызда бар болған, ўақыт өтиўи менен әдеттегидей қабылланып атырған көплеген мусылманларға тән әмеллер негизинде турмысымызда оғада әҳмийетлилигин аңлаймыз ба?! Сүўретте көрип турғаныңыз ана ҳәм баланың көриниси. Ана баласының маңлайынан сүймекте. Маңлайдан сүйилгенде, сүйип атырған адамда да, сүйилип атырған адам да әжайып бир сезим пайда болады. Буның себеби маңлайдағы «Үшинши көз» есапланған эпифиз (pineal) безиниң бар екенлигинен. Жүзден сүйиўден парықлы рәўиште маңлайдан сүйгенде адамның руўхыятына жақынласасыз.
Егер перзентиңиз инжықлық қыла берсе, оны тынышландырыўдың ең жақсы жолы маңлайынан сүйиў. Уйқыға жатып атырғанда да маңлайынан сүйип қойсаңыз бала қәтержам ҳәм тыныш уйқылайды.
     Сондай-ақ, баланың сезимталлығы ашылып, ақыллылық тәжирийбеси беккемленеди. Зейини өткир, есте сақлаў қәбилети күшейеди. Гормонал өзгериўлер де бир қәлипте болады, өзине исеними артады. Қорқыўы кемейеди, сөзигизге қулақ салады. Уқыплы болып кәмалға келеди. Себеби, маңлайдың орта бөлеги зейинге тәсир етиў ноқаты есапланады.
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам балаларының маңлайынан сүйер еди, ҳәзирги дәўир қәнигелери де буны усыныс қылмақта. Ҳәр бир исинде ҳикмет болған Пайғамбаримиз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға шексиз дурудлар ҳәм салаўатлар болсын!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz