Get Mystery Box with random crypto!

“Әлбетте, Аллаҳ Адамды, Нуҳты, Әли Ибраҳимди, Әли Имранды әлем | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

“Әлбетте, Аллаҳ Адамды, Нуҳты, Әли Ибраҳимди, Әли Имранды әлемлер үстинен таңлап алды. Базылары базыларына зүряд. Аллаҳ еситиўши, билиўши. Имранның ҳаялы: «Ҳәй Рәббим! Әлбетте, мен қарнымдағын қалыс Өзиңе назр қылдым. Енди, меннен қабыл ет. Әлбетте, Сениң Өзиң еситиўши, билиўшисең», дегенин есле!”. (Әли Имран сүреси, 33-35-аятлар)
Имран айырым муфассирлердиң тәфсирлериндн келгениндей, Муўса алайҳиссаламның емес, Марям анамыздың әкеси болады. Олар Имран ҳәм Ҳанна болып, Ҳанна Имранның ҳаялы ҳәм Марямның анасы есапланады.
Ибн Касир раҳимаҳуллаҳ усы аят тәфсиринде: “Бул орындағы Имран Марямның әкеси. Яғный, Марям бинти Имран, умму Ийса – Ийса алайҳиссаламның анасы”. “Тәфсири Қуранил ъазийм”нен.
Тәҳир ибн Ашур раҳимаҳуллаҳ деди: “Әли Имран - Имран шаңарағы дегенде, олар Марям ҳәм Ийса. Марям бинти Имран ибни Матта. Муфассирлер сондай атаған. Имран яҳудийлердиң салиҳлериниң рәҳиблеринен болған. Ибранийдеги негизги атлары Имрам, яғный акыры “мим” болған. Ол Марямның әкеси. Насраныйлардың китапларында “Юҳақийм” деп те келеди. Еки аты болған яки басқа көп атлары болған деген итимал да бар. Бәрибир тийкарғысы, Имран Муўса ҳәм Ҳарун алайҳиссаламлардың әкеси болмаған, бул орында Марям ҳәм улы Ийса алайҳиссаламның зикири.
Буның дәлили: “Имранның ҳаялы: «Ҳәй Рәббим!...” аятында келген мазмун.

http://t.me/nasiyatuz