Get Mystery Box with random crypto!

Ҳаял заты Данышпаннан бир адам сорады: – Ҳаялым мени жақсы кө | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Ҳаял заты

Данышпаннан бир адам сорады:
– Ҳаялым мени жақсы көретуғынын қалай билсем болады?
Данышпан:
– Егер он төрт нәрсени билсең, ол сени жақсы көретуғынына исенсең болады, – деди.
Адам:
– Олар не нәрсе?
Данышпан:
1.Сениң өмир тәризиңди ҳәм сени жақсы көргенлерди жақсы көрсе;
2. Оның пикирине қарсы шыққаныңда, ашыўланбаса;
3. Ғәзепленгениңнен ҳәм ренжигениңнен тәсирленсе;
4. Сениң менен сәўбетлесиў ушын бәрқулла жақсы тақырыплар табыўға ҳәрекет етсе;
5. Бир исти баслаўдан ямаса қарар қабыл етиўден алдын сениң менен мәсләҳәтлессе;
6. Арзымаған саўғаңа да жүдә қуўанса;
7. Саған жеңиллик жаратыў ушын, жумысларыңа көмеклесиўге ҳәрекет етсе;
8. Жоқ ўақтыңда сеннен қәўетерленсе;
9. Сени разы қылатуғын ислерге умтылып, жақтырмаған, ғәзебиңди келтиретуғын ислерди басқа тәкирарламаса;
10. Ғайратсыз болғаның ғәзебин келтирмесе;
11. Сен ушын қыйыншылықларға шыдаса;
12. Сениң ой-пикирлериңе, ғам-тәшўишлериңе шерик болса, сениң ишки дүньяңа кириўге умтылса;
13. Қандай жумыста ислесең де, арланбаса, уялмаса;
14. Сениң Аллаҳға жақынласыўыңа мәдет берсе, таат-ибадат қылыўыңа көмеклессе, демек сени жақсы көреди» – деди.

Telegram каналымыз: https://t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: @nasiyatuz
Youtube каналымыз: NASIYAT UZ
Facebook каналымыз: @NASIYAT.UZ