Get Mystery Box with random crypto!

     САПАР АЙЫ ҲАҚҚЫНДА      СОРАЎ: Сапар айында той берсе б | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

     САПАР АЙЫ ҲАҚҚЫНДА

     СОРАЎ: Сапар айында той берсе бола ма? Илтимас сол ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.

     ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Шәриятымызды Сапар айында той берип болмайды, деген көрсетпе жоқ. Керисинше, бул айда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Хадижа анамызға, ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу болса, Фатима анамызға той берип, үйленген.
     Негизинде белгили бир айды пазыйлетли яки пазыйлетсиз, деў ушын динимиздиң уллы саналған дереклеринен дәлил керек болады. Қураны Кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде Сапар айының пазыйлетсиз екенлиги ҳаққында мағлыўмат ушырамайды. Демек, ҳеш бир дәлилсиз Сапар айында шумлана алмаймыз. Ҳәр бир күн Аллаҳ тааланың күни. Онда жақсылық та, жаманлық та тәғдир қылынған болыўы мүмкин. Бенде ибадат, саўап ислер менен бәнт болған күн ҳәм айлар пазыйлетли, гүна ҳәм бузғыншы ислер менен шуғылланған күнлер оның ушын пазыйлетсиз ўақытлар.
     Жәҳилиятта адамлар Сапар айынан шумланар еди. Бул айда сапарға шықпас ҳәм неке де қылмас еди. Пайғамбарымыз алайҳиссалам бул айдан шумланыўдан қайтарып, сондай деди:

" لَا عَدْوَى وَلَا صَفَرَ وَلَا غُولَ" (رواه الامام مسلم عن جابر رضي الله عنه)

     Яғный: “Кеселликтиң жуғыўы жоқ, Сапар(дан шумланыў) жоқ ҳәм жинлердиң адастырыўы жоқ”. (Имам Муслим рәўияты)

     Жәҳилиятта кеселлик жуғыўы ҳаққында түрлише хурафатлар болған. Ислам дини болса оны инкар етип, кеселлик Аллаҳ таала қәлесе ғана жуғады, деген ақыйданы беккемледи. Лекин, динимиз буның менен кеселликтен ықтыят шараларын көриўден қайтармайды. “Ғул” – жәҳилият әҳли ойларындағы бир жин болып, олар оны “Түрли формаларға кире алады, адамларды адастырып, түрли бәлелерге ушыратады”, – деген итиқадты қылар еди. Ислам бул надурыс итиқадты да инкар етти.
     Динимизде “Сапар” айынан шумланылмайды. Исламнан алдынғы дәўирде жәҳилият әҳли: “Сапар айында сапар қылып болмайды, ол болмайды, бул болмайды”, дер еди. Ислам бундай келиспеген идиқадларды да инкар етти. Ислам тарийхына нәзер қарататуғын болсақ, көплеген саўаш, фатҳ, сапарлар ҳәм де неке тойлары усы айда болып өткен. Атап айтқанда, Пайғамбарымыз алайҳиссаламның Мәккәдан Мадинаға ҳижрат қылыўы, Расулуллаҳ алайҳиссаламның биринши саўашы болған – “Абўа” саўашы, “Зи Амр” саўашы, "Ҳайбар" фатҳы ҳ.т.б.
     Демек, Сапар айынан шумланыў жәҳилият әдетлеринен. Бул айда да басқа айлардағы киби сапар, саўда-сатық ҳәм той қылыў мүмкин. Динимизде бул бойынша ҳеш қандай тосық жоқ. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа жәмәәти.

Дерек: @NaqshbandUZ

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz