Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     ҲИКМЕТЛИ СӨЗЛЕР      Тақўалы қыз күйеўи ушын ғәзийне | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     ҲИКМЕТЛИ СӨЗЛЕР

     Тақўалы қыз күйеўи ушын ғәзийне, ата-анасы ушын мақтаныш, перзентлери ушын өрнек.

Жаман жолдас сүйир шыбынға мегзейди. Оның жаманлығын шағып кеткенинен кейин сезесең.

Қорқыўдың барлығы қорқыў. Бирақ, Жаратқаннан қорқыў - қәтержамлық.

Егер бир инсанды алдаған болсаң, бул оның ақмақлығын аңлатпайды, ал ол адам саған ылайық болғаныңнан көбирек исенгенин билдиреди.

Бир инсанның жағдайын басыңнан өткермей турып, ол ҳаққында ҳүким шығармаң!

Қатты жерден жумсақ өсимликти шығарыўға қәдир Жаратқан сизиң де машқалаларыңызды жоқ етип, қәлбиңизге қәтержамлық салыўға қәдир!

Саған итибар сени жақсы көретуғын қәлблерден келеди. Соның ушын, саған итибар бермейтуғын инсанды кейип, өзиңди қыйнама!

Базы дослар Ўатан сыяқлы, олардан айырылыў мүсәпирлик.
Базы дослар руўх сыяқлы, олардан айырылыў өлим.
Базы дослар кеселлик сыяқлы, олардан айырылыў саламатлық.

Олар сени жаман көреди. Жаман болғаның ушын емес. Ал, өзлеринен әўметли, жақсы инсанды көре алмаўшылық себепли жаман көреди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz