Get Mystery Box with random crypto!

ЖАТҚАН ЖЕРИҢ ЖӘННЕТ БОЛСЫН ӘКЕЖАН. Перзент ушын әке теңсиз бо | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ЖАТҚАН ЖЕРИҢ ЖӘННЕТ БОЛСЫН ӘКЕЖАН.

Перзент ушын әке теңсиз болады,
Мен қуўансам оның кеўли толады,
Базыда сағынсам кеўлим солады,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Барыңызда болмас еди кемисим,
Айтқаныңның қылмадым ҳеш терисин,
Сизсиз мениң жеңис емес жеңисим,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Арқа сүйер асқар таўым едиңиз,
Еркелесем дағы қайыл едиңиз,
Түнди жарытыўшы айым едиңиз,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Өлим ҳақ, изинен өлмек жоқ екен,
Жақсы болсам сениң кеўлиң тоқ екен,
Әке деген билсең сөнбес шоқ екен,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Мен қуўансам сизде толып тастыңыз,
Бар тапқанды мениң ушын шаштыңыз,
Мениң жақсы күним сизиң бахтыңыз,
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Тәрийплесем сөз жетпейди бирақта,
Бизди таслап сиз кеттиңиз жыраққа,
Қуйып алдым нәсиятыңды қулаққа, 
Жатқан жериң жәннет болсын Әкежан.

Ансатбай Каражанов 20.08.2022-жыл


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai