Get Mystery Box with random crypto!

ҲЕШ КИМ ШЕБЕР ЕМЕС ЖАРАТҚАН ҲАҚТАН. Қурмаңлар ҳеш қашан өзг | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ҲЕШ КИМ ШЕБЕР ЕМЕС ЖАРАТҚАН ҲАҚТАН.

Қурмаңлар ҳеш қашан өзгеге қақпан,
Кеўил мүлкиңизди азада сақлаң,
Жуғымлы болады ҳадалдан тапқан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Самал есеберсин жақсылар жақтан,
Суўлар ағаберсин сыңғырлап жаптан,
Бахыт алып келсин ҳәр бир таң атқан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Тәрбиялаў керек баланы жастан,
Үйретпең жаманлық қылыўды қастан,
Бас қатты болыды билсеңлер тастан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Өзиңди қыйнама отларға жақпаң,
Ҳәй бенде бендиниң жолларын жаппаң,
Буйым емес бенде билсеңлер жатқан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Ең аўыр гүна-ғой досты жылатқан,
Түбине суў қуйып оны қулатқан,
Шығармаң бул сөзди ҳасла қулақтан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.
***
Жақсылық қылғанлар берекет тапқан,
Жаманлық қылғанлар өзине қайтқан,
Ким айтса бул сөзди дуп-дурыс айтқан,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Жаманын жасырып жақсысын мақтаң,
Ағайын жақсыдур билсеңлер жаттан,
Туўысқан жаман деп оған кир жақпаң,
Ҳеш ким шебер емес жаратқан ҳақтан.

Ансатбай Каражанов 18.08.2022-жыл
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai