Get Mystery Box with random crypto!

ЖАС ҮЛКЕНДЕ АҚЫЛ БОЛМАСА ҚЫЙЫН. Ҳәй инсан ең дәслеп нәписти т | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ЖАС ҮЛКЕНДЕ АҚЫЛ БОЛМАСА ҚЫЙЫН.

Ҳәй инсан ең дәслеп нәписти тыйың,
Болады турмыста ҳәр түрли жыйын,
Билген жақсы өзиң қәдириң сыйың,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Өмирде болады ҳәр түрли түйин,
Түйинди шешалмай қашпасын күйиң,
Биреўдиң бийлемең ҳеш қашан үйин,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Жөнсиз ҳасла жеме жас киши мийин,
Пикир айтса тыңла деме бир тийин,
Сыйламай қояды ол сени кийин,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Жас үлкен гәп сөзге салмаса тыйым,
Болады екен ол мисли бир буйым,
Адамда болады салмақ ҳәм сыйым,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Жас үлкен көрсетпес ҳеш кимге қырын,
Жырлайды ҳәммениң ол теңдей жырын,
Шашпайды биреўдиң биреўге сырын,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Басқарып лазым ҳәм мереке тойын,
Жас үлкен турмайма?, бул мениң ойым,
Адамның қәдири болмасын ойын,
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.

Ҳәр кимниң басында қара күн болар,
Ойламас екен-дә ол күнди олар,
Усындайдан адам кеўили солар, 
Жас үлкенде ақыл болмаса қыйын.


Ансатбай Каражанов 20.08.2022-жыл


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai