Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАРДЫ АСЫҒЫП ШЫҒАРМАҢ ҲАСЛА. Қәдемиңди текте алдыға тасла, | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ҚАРАРДЫ АСЫҒЫП ШЫҒАРМАҢ ҲАСЛА.

Қәдемиңди текте алдыға тасла,
Мийман келсе бәрҳә үйиңе басла,
Қыйналып турсаңда өзиңди усла,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Қайғырмайды екен анаңдай басқа,
Көрсеңде қыйынлық өмирде саспа,
Бастан қатты емес екен-ғой таста,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Асықпай сынап көр өзиңе маспа,
Мас болмаса егер қушағың ашпа,
Урмайын десеңиз басыңды тасқа,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Ҳүрмет қыл қарама ғаррыма жаспа,
Өмирде ҳеш қашан қәддиңнен аспа,
Жақсыдай көринер адамлар баста,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Унамаған менен басыңды қоспа,
Ўақытың кетеди заяға босқа,
Адамның жаманы болады шошқа,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Қалмайын десеңлер кейин көз жасқа,
Қулақ салған жақсы ақылға басқа,
Былғанып қалмасын атың ыласқа,
Қарарды асығып шығарма ҳасла.

Ансатбай Каражанов 18.08.2022-жыл
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai