Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
Мақала
Пикирлеў
تانگی
Кун
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
Мақала
Пикирлеў
تانگی
Кун
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 73.89K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 642

2022-02-04 16:06:02
#ражаб_оразасы

Ифтарлық (аўыз ашар) ўақтындағы дуўаның пазыйлети

Ифтарлықтағы дуўаның да айырықша пазыйлети бар.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бисмилләҳ. Аллаҳым, Сен ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим. Сениң ырысқың менен (ғана) ифтарлық қыламан. Солай екен, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл. Өзиң меннен қабыл қыл. Әлбетте, Сен оғада еситиўши ҳәм билиўшисең», деп дуўа қылатуғын еди.


Ибн Мажа Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Үш адам бар, олардың дуўалары қайтарылмайды: әдил патша, ораза тутқан адам ифтар қылып атырғанда ҳәм зулым көриўшиниң дуўасы», деген.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
3.5K views13:06
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 15:45:23
#ражаб_оразасы #аўыз_ашыў_дуўасы

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә ъалайкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1.0K views12:45
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 15:27:26
#аят #ҳәдис

Аллаҳ тааланың разылығын қәлеп садақаны ықлас пенен қылыўшылардың сыйлығын Аллаҳ тааланың Өзи береди.

Аллаҳ Таала Қураны кәриймде:
«Ким жақсылық еткен ҳалында жүзин (өзин) Аллаҳға тапсырса, оған Рәббиси алдында сыйлық бар. Оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды», ‒ деген ("Бақара" сүреси, 112-аят).

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәдислериниң биринде: «Садақа ҳеш ўақытта байлықты кемйтпейди», ‒ деген. (Муслим рәўияты).

Және Қуранда бул туўралы Аллаҳ таала: «...Бир нәрсени (мүтәжлерге қалыс) садақа қылсаңыз, кейин (Аллаҳ) оның орнын толтырады. Ол – ырысқыны бериўшилердиң жақсысы», ‒ деп баянлалған. («Саба» сүреси, 39-аят) Яғный, Аллаҳ тааланың ырысқы етип бергенинен парыз, нәпил садақа ретинде жумсаған нәрселериңизди уллы Аллаҳ таала бул дүньяда да, Ақыретте де қайтарады. (Ибн Кәсир)



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
2.2K views12:27
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 13:58:02
Балам, сен мениң жүзимсең!

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

Telegram | instagram
| youtube | facebook
1.1K views10:58
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 12:30:30
Пайғамбарымыздан алдын да "Муҳаммад" атлы инсанлар болғанба?
Anonymous Quiz
36%
А. Болмаған
23%
Б. Болған
30%
С. Бул ҳаққында мағлыўмат келмеген
11%
Д. А ҳәм Б жуўаплары дурыс.
1.8K voters3.7K views09:30
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 12:29:01
Аллаҳ таала Ибаҳим алайҳиссаламға қайси иси ушын "Мине, енди мийманды ҳүрмет қылдың" деп ўаҳий қылған?
Anonymous Quiz
68%
А. Өзи кеўилден хизмет еткени ушын
19%
Б. Мыйманға қой сойғаны ушын
4%
С. Мыйманға сыйыр сойғаны ушын
9%
Д. Мыйманға түйе сойғаны ушын
1.7K voters3.8K views09:29
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 11:29:02
#зикир #дуўа

Мине әзизлер, Ражаб айы да кирип келди.

Ражаб ҳәм Шаъбан айлары Рамазанға таярланыў айы. Бенде денесин, руўхын оразаға таярлап барса, Рамазандағы ораза оған аўырлық етпейди, шаршаў сезилмейди. Соның ушын Ражаб ҳәм Шаъбандағы оразаларды тутып, денени оразаға үйретип, шынықтырып барыў усыныс етилген. Соның менен бир қатарда бул оразалардың әжир-саўаплары да жүдә көп. Солай екен, әзизлер, бул күнлерди ғәниймет билейик!
Руўхымызды ҳәм денемизди пәклеп, Рамазанға таярланайық! Зикир ҳәм ибадатларды көбейтейик!
«Аллаҳым! Ражаб ҳәм Шаъбан айларында бизлерге берекет бер ҳәм Рамазан айына жеткер».




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
5.8K views08:29
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 10:31:01
#ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа ўа саллам: «Ким «Каҳф» сүресин жума күни оқыса, қыямет күни оның қәдеми астынан нур шығып, пүткил аспанды жақтыландырады ҳәм оның еки жума арасындағы қәтелери кешириледи», деген.
Имам Бухарий, Имам Муслим ҳәм Имам Аҳмад рәўият қылған

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
6.3K views07:31
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 10:04:02
#жума_күни_сүннетлери

Жума күниниң сүннетлерине әмел етейик! Ҳәр бир сүннет әмел ушын көплеген саўапларға ийе боламыз.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
6.8K views07:04
Ашу / Түсініктеме
2022-02-04 09:29:02
#жума

БИР КҮНДЕ БИР ЖЫЛЛЫҚ ИБАДАТ САЎАБЫ

Әўс ибн Әўс әс-Сақофийдан рәўият қылынады, ол адам айтты:
Мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан еситкенмен, Ол айтты: «Ким жума күни ғусыл қылса, ерте турып мешитке көликке минбестен жаяў барса, имамға жақын жайғасып оған қулақ салса, керексиз сөз сөйлемесе оның ҳәр бир қәдемине бир жыллық (нәпил) ораза ҳәм намаз саўабы бериледи».

Әбиў Даўыд, Имам Аҳмад, Имам Ҳәким, Имам Термизий, Имам Насаий, Ибн Мәжа, Ибн Ҳиббан ҳәм Ибн Ҳузайма рәўияты.


https://t.me/paziyletuz
7.3K views06:29
Ашу / Түсініктеме