Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 72.33K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 641

2022-02-10 15:06:02
Президент Имам Бухарый қәбирин зыярат қылды

Президент Шавкат Мирзиёев Самарқандқа болған сапарында уллы муҳаддис Имам Бухарый қәбирин зыярат қылды.

Каналымызға ағза болың
t.me/alberuniyuz
1.5K views12:06
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 14:55:16
#ҳикмет

БИЙБАҲА ҲИКМЕТ

Сениң алдыңа тәшўиши бар адам келсе, оны есит!
Сениң алдыңа кимдур кеширим сорап келсе, оны кешир!
Сени бир мүтәж адам жоқлап келсе, оған садақа қыл!
Қуран мудамы сениң жаныңда болыўы талап етилмейди. Бирақ, оның аяты сениң қулқыңда болыўы талап қылынған.


Мустафа Маҳмуд



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
2.3K views11:55
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 13:28:02 #тәрбия

Имам Аъзамның өз перзенти Ҳаммадқа қылған нәсиятлары

Ҳәй улым, саған бир неше ўәсиятлар қылмақшыман. Оларға әмел қылсаң, еки дүньяда бахытлы боласаң:
1. Бәрше ислериңде нийетти қалыс қыл. Ҳадал луқма жеўге ҳәрекет ет!
2. Бәрше ағзаларыңды гүнадан, жаман ислерден сақла!
3. Нени билиўге мүтәж болсаң, оны билмей қалма!
4. Дүнья ҳәм ақырет жолында пайдасы тийетуғын адамлар менен дос тутын!
5. Мусылманға да, ғайрымусылманға да душпанлық қылма!
6. Аллаҳ берген ырысқыңа қәнаат қыл!
7. Басқаларға мүтәж болып қалмаслық ушын қолыңдағы бар имканияттан исбилерменлик пенен пайдалан!
8. Адамлар саған пәс нәзер менен қараўына себеп болатуғын жаман ислерди қылма!
9. Мүтәжлигиңнен артықша нәрселерге берилиўден сақлан!
10. Адамлар менен ушырасқаныңда гәпти сәлем бериўден басла, жумсақ ҳәм мулайым сөйле, жақсыларға жағымлы, жаманлар менен кеңпейиллик пенен мүнәсибетте бол!
11. Адамлар арасында бузықлық ҳәм урыс шыққанында душпанларыңнан көре досларыңнан абайлы бол! Өйткени, душпаның достыңнан пайдаланыўы мүмкин.
12. Сырыңды, пулыңды ҳәм баратуғын жериңди биреўге айтпа!
13. Жақсы қоңсы бол, олардың азарларына сабыр ет!



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
3.3K views10:28
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 12:03:53
Улул азм пайғамбарлар қайсы қатарда берилген?
Anonymous Quiz
18%
А. Исмайыл, Исҳақ, Яъқуб ҳәм Муҳаммад алайҳимус салам.
20%
Б. Иляс, Доўыт, Муўса ҳәм Яҳя алайҳимуссалам.
20%
С. Юсуф, Идрис, Иброҳим, Ҳуд ҳәм Ийса алайҳимуссалам
41%
Д. Адам, Нуҳ, Иброҳим, Муўса, Ийса ҳәм Муҳаммад алайҳимуссалам
861 voters2.0K views09:03
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 12:02:27
«Әбул масакийн» яғный «мискинлер атасы» атағын алған саҳаба ким?
Anonymous Quiz
41%
А. Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу
16%
Б. Зайд разыяллаҳу анҳу
32%
С. Жаъфар ибн Әбиў Талиб разияллаҳу анҳу
11%
Д. Ибн Умму Мактум разыяллаҳу анҳу
905 voters2.2K views09:02
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 10:48:01
#видео_ролик

МУФТИЙ ҲӘЗИРЕТ НУРИДДИН ХОЛИҚНАЗАРОВ.
Қәте-кемшиликлеримиз динге байланыслы емес, нәпсимизге тийисли, Ислам кәмил дин.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
5.2K views07:48
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 09:36:18
#ҳикмет

"Ким адамлардың қылған ислерин жақсылыққа жорыса ҳәм олар ҳаққында жақсы гүманда болса, нийети саламат, кеўли ашық, қәлби руўхый кеселликлерден саламат болады ҳәм Аллаҳ оны жаманлық, бәле-апаттан сақлайды.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/paziyletuz
1.7K views06:36
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 09:13:02
#Илимге_шақырыў

ЕЛЕ ДЕ КЕШ ЕМЕС

Дүньяға белгили қирәәт имамларынан бири имам Кисәий раҳимаҳуллаҳ 40 жасқа толғанша тек қой бағып жүрген ҳәм мал-дүнья топлаў менен әўере болған.
Күнлерден бир күни қой бағып жүргенде бир ҳаялдың даўысын еситип қалады, ҳаял баласын медресеге апаратырған болады, баласы: "Бармайман" деп турған екен, ал анасы баласына:
- Сен әлбетте тәлим алыўың керек. Тәлим алмасаң мына шопанға уқсап қаласаң, дейди.

Кисәий буны еситип: "Еле мен балалар қорқытылатуғын аўҳалға түстим бе?", деп қатты өкинеди ҳәм бар мал-мүлкин сатып илим үйрениўге кириседи. Нәтийжеде, он қирәәт имамларының бири болыў дәрежесине ериседи.


https://t.me/alberuniyuz
1.3K views06:13
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 07:48:02 #рәўият

Истиғфар айтыўдың пайдасы

Истиғфар пазыйлетли дуўа. Ол инсанды Аллаҳ тааланың алдындағы мәртебесин жоқары қылады.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
4.4K views04:48
Ашу / Түсініктеме
2022-02-10 06:24:02
#ҳәдис

ОРАЗАНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Әбиў Умама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Мен: «Я Расулуллаҳ, Аллаҳ маған пайда берететуғын исти үйретиң», дедим.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Оразаны лазым тут, оның уқсасы жоқ», деди.

(Имам Насаий ҳәм имам Ҳәким рәўияты).

Берекетли Ражаб айының және бир уллы күнине жеткерген Рәббимизге шүкирлер айтамыз!

Аллаҳтың мийриминен үмитли кеўиллер ушын, дуўалардың ижабаты, ибадатлардың рәҳәти ушын алтын нурларға мегзес күнлер бул!

Аллаҳ таала бәрше оразадарлардың тутқан оразасын қабыл етсин!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
3.5K views03:24
Ашу / Түсініктеме