Get Mystery Box with random crypto!

#ражаб_оразасы Ифтарлық (аўыз ашар) ўақтындағы дуўаның пазыйл | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ражаб_оразасы

Ифтарлық (аўыз ашар) ўақтындағы дуўаның пазыйлети

Ифтарлықтағы дуўаның да айырықша пазыйлети бар.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бисмилләҳ. Аллаҳым, Сен ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим. Сениң ырысқың менен (ғана) ифтарлық қыламан. Солай екен, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл. Өзиң меннен қабыл қыл. Әлбетте, Сен оғада еситиўши ҳәм билиўшисең», деп дуўа қылатуғын еди.


Ибн Мажа Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Үш адам бар, олардың дуўалары қайтарылмайды: әдил патша, ораза тутқан адам ифтар қылып атырғанда ҳәм зулым көриўшиниң дуўасы», деген.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz