Get Mystery Box with random crypto!

#зикир #дуўа Мине әзизлер, Ражаб айы да кирип келди. | Paziyletuz | Рәсмий канал

#зикир #дуўа

Мине әзизлер, Ражаб айы да кирип келди.

Ражаб ҳәм Шаъбан айлары Рамазанға таярланыў айы. Бенде денесин, руўхын оразаға таярлап барса, Рамазандағы ораза оған аўырлық етпейди, шаршаў сезилмейди. Соның ушын Ражаб ҳәм Шаъбандағы оразаларды тутып, денени оразаға үйретип, шынықтырып барыў усыныс етилген. Соның менен бир қатарда бул оразалардың әжир-саўаплары да жүдә көп. Солай екен, әзизлер, бул күнлерди ғәниймет билейик!
Руўхымызды ҳәм денемизди пәклеп, Рамазанға таярланайық! Зикир ҳәм ибадатларды көбейтейик!
«Аллаҳым! Ражаб ҳәм Шаъбан айларында бизлерге берекет бер ҳәм Рамазан айына жеткер».




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz