Get Mystery Box with random crypto!

#аят #ҳәдис Аллаҳ тааланың разылығын қәлеп садақаны ықла | Paziyletuz | Рәсмий канал

#аят #ҳәдис

Аллаҳ тааланың разылығын қәлеп садақаны ықлас пенен қылыўшылардың сыйлығын Аллаҳ тааланың Өзи береди.

Аллаҳ Таала Қураны кәриймде:
«Ким жақсылық еткен ҳалында жүзин (өзин) Аллаҳға тапсырса, оған Рәббиси алдында сыйлық бар. Оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды», ‒ деген ("Бақара" сүреси, 112-аят).

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәдислериниң биринде: «Садақа ҳеш ўақытта байлықты кемйтпейди», ‒ деген. (Муслим рәўияты).

Және Қуранда бул туўралы Аллаҳ таала: «...Бир нәрсени (мүтәжлерге қалыс) садақа қылсаңыз, кейин (Аллаҳ) оның орнын толтырады. Ол – ырысқыны бериўшилердиң жақсысы», ‒ деп баянлалған. («Саба» сүреси, 39-аят) Яғный, Аллаҳ тааланың ырысқы етип бергенинен парыз, нәпил садақа ретинде жумсаған нәрселериңизди уллы Аллаҳ таала бул дүньяда да, Ақыретте де қайтарады. (Ибн Кәсир)



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz