2022-04-21 16:54:43
Бир адам неше түрли тил билсе, ол сонша рет адам.
Гёте.
* * *
Тил - халықтың тийкарғы мүлки. Оған қыянет етиў - елге қыянет, анаға қыянет.
"Қарақалпақнама"дан
* * *
Ана тилим - егер сен ертең жоғалар болсаң, бүгин мен өлип кетиўге тайынман.
Расул Гамзатов
* * *
Неге көше қағыйдасын бузғанға үшпелегин ысқырып тоқтатады-дә, тил қағыйдасын бузғанға ҳешким индемейди?!
Абдулла Қаҳҳар
* * *
Қайсы бир халықты үйренбекши болса, әўеле оның тилин үйренеди.
* * *
Әскердиң қуралы қарыў-жарақ болса, әдебиятшының қуралы - тил. Қурал қәншелли күшли болса әскер соншелли күшли болады.
* * *
Тил-ғәзийнелер қорғаны, ал сөз-сол қорғанның гилти.
Әлийшер Наўайы
* * *
Егер сен адамға ол түсинетуғын тил менен сәўбетлессең ақыллы жантасқан боласаң. Егер оған өзиниң ана тили менен сәўбетлес болсаң шын кеўилден жақынласқан боласаң.
Нелсон Манделла
* * *
Тилде - сениң бирден бир Ўатаның.
Чеслав Милош
* * *
Дурыс, сен еки, бес, жети шет тиллерин үйренген болыўың мүмкин. Бирақ, сол тиллерди саған үйреткен бул - ана тилиң!
* * *
Инсанның қәлб ғәзийнесинде нелер жасырынғаны оның тили арқалы мәлим болып турады.
Жюль Мишле
* * *
Тил-ой пикириңниң липасы.
Джонсон Самуэл
* * *
Тил-питим ҳәм дослық орнатыўшы қурал.
Эразм Роттердамский
* * *
Бир нешше тилди билиў-бир қулпқа түсетуғын бир нешше гилтке ийе болыў дегени.
Вольтер
* * *
Тил-жер сыяқлы әўладтан әўладқа қалдырылатуғын мийрас. Оны ипласлаў, патаслаў тек ғана өзиңди қорлаў болып қалмай кейинги әўладыңдыда зәҳәрлейди.
М.Н.Алексеев
* * *
Тилдиң өзиниң көринип турған күши жоқ, бирақ ең күшли деген адамдыда өлтириўи мүмкин.
Акакуро Какудзо
* * *
Тилиңди пәклеместен алдын жүрегиңди тазала. Себеби, сөз жүрек арқалы тилден шығады.
Жалалатдин Румий
* * *
Уқтым сени тилиң басқа болса да,
Мәселе тилде емес, бәлким - кеўилде,
Базда қарақалпақша сөйлеп турса да,
Биреўлерге түсинбеймен өмирде.
И.Юсупов
https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
363 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited 13:54