Get Mystery Box with random crypto!

Нөкис районында 'Жаӊа Өзбекстан жаслары, бирлесейик' сүрени ас | 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

Нөкис районында "Жаӊа Өзбекстан жаслары, бирлесейик" сүрени астында "Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Самарқанд ўәлаяты мәденият ҳәм көркем-өнер фестивалы" шеӊберинде жаслар арасында спорт жарыслары, кино фильмлер ҳәм гала концерт илажлар өткерилди.

Сондай-ақ, ғалаба-хабар қуралларында кеӊнен сәўлелендириў, халықты район көлеминде исленип атырған жаӊалықлардан хабардар етиў мақсетинде медиа-тур ҳәм район ҳәкими О.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Б.Хабибуллаев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова ҳәм Самарканд ўәлаяты Мәденият ҳәм көркем-өнер министри Ш.Эшонқулов қатнасыўында баспа сөз конференциясы шөлкемлестирилди.

@MShBSh_tarbiyashilari_kanali