Get Mystery Box with random crypto!

🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

Telegram арнасының логотипі mshbsh_tarbiyashilari_kanali — 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸 M
Telegram арнасының логотипі mshbsh_tarbiyashilari_kanali — 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸
Арна мекенжайы: @mshbsh_tarbiyashilari_kanali
Санаттар: Бала күтімі
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2.14K
Арнадан сипаттама

Mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemi tárbiyashilari ushun‼‼‼
Ozinizdiń sabaqliqlariniz,videorolikleriniz bolsa bizge jiberiń..Biz kanalga jaylastiramiz.
Adminka: @Indira_0504

Ratings & Reviews

1.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

2


Соңғы хабарлар 50

2022-05-01 04:12:16
#тилек

Қайырлы таң әзизлер!

Аллаҳ тааладан:

шаңарағыңызға аўызбиршилик,

кеўлиңизге тынышлық,

жүзиңизге қуўаныш,

дәстурханыңызға қут-берекет,

жумысларыңызда табыслар,

Турмысыңызға бахыт-әўмет,

денеңизге саламатлық,

қәлбиңизге беккем ийман бериўин тилеймен.


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
51 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited  01:12
Ашу / Түсініктеме
2022-05-01 04:12:16
Ассалаўма әлейкум!!! Қайырлы таң! Ийислериңиз қабыл болсын!

Аллаҳым
- үйиңизге нур,
- қәлбиңизге ҳүзир,
- өмириңизге берекет,
- ислериңизге әўмет,
- қолларыңызға дәрамат,
- жақынларыңызға қуўаныш,
- бир-бириңизге исеним берсин!

- қәлбиңизди Аллаҳ,
- тилиңизди бисмиллаҳ,
- жүрегиңизди ийман,
- қолларыңызды Қуран ҳеш қашан тәрк етпесин!

Өмириңиз даўамында сизге
- Кааба зыяраты,
- Қуран тиләўаты,
- дуўа ижабаты,
- ийман ҳалаўаты,
- тил салаўаты несип етсин!

- беккем ийман,
- өткир ақыл,
- сабыр-қанаат,
- бахыт-саадат,
- ден-саўлық мудамы жолдасыңыз болсын.

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
92 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited  01:12
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 17:46:00 Meniń eń úlken qátem: ómirimniń tórtten úsh bólegi dawamında ele hámmesi aldında dep oylaǵanım.

Alisa Freyndlix
7 views𝑫𝒋𝒖𝒎𝒂𝒕𝒐𝒗𝒂 𝑮𝒖𝒍𝒎𝒊𝒓𝒂, 14:46
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 04:56:53 Фитр садақаси қачон, қандай адо қилинади?

Фитр садақаси – фақирларга ғамхўрлик, уларга ҳайит кунини хурсандчилик билан ўтказишлари учун кўмакдир. Уни берганлар учун эса – Рамазонда йўл қўйилган баъзи камчиликларга каффоратдир.

Ибн Аббос разияллоҳу анҳу айтадилар: “Расулуллоҳ саллаллоҳу алайҳи васаллам фитр садақасини рўзадорга беҳуда ишлар ва ёмон сўзлардан покланиш бўлиши ҳамда мискинлар учун егулик бўлиши учун буюрдилар” (Абу Довуд ривоятлари).

Фитр садақаси нисоб миқдоридаги мол-мулкка эга ҳур ва мусулмон бўлган кишилар ҳайит тонгида адо этишлари вожибдир. Ана шу миқдордаги мулкка эга киши фитр садақасини ўзи ва ёш болаларидан бериши вожиб. Балоғатга етган фарзандлари ва хотини учун фитр садақа бериши вожиб эмас. Агар балоғатга етган фарзандлари ва аёли учун, улар айтишмаса ҳам, фитр садақасини берса, улар зиммасидан фитр садақаси соқит бўлади.

Фитр садақасининг вожиб бўлиш вақти ҳайит куни тонг отиш пайтидир. Шунинг учун, ҳайит кечаси туғилган чақалоқдан ҳам фитр садақа бериш вожиб бўлади.

Эслатиб ўтамиз, 2022 йилда:

Закот нисоби - 34 000 000 сўм

Фитр садақаси

Буғдой ҳисобида: 2 кг. - 10 000 сўм.

Арпа ҳисобида: 4 кг. - 16 000 сўм.

Майиз ҳисобида 2 кг. - 100 000 сўм;

Хурмо ҳисобида: 4 кг. - 160 000 сўм.

Фидя миқдори:
1 кун учун - 25 000 сўм;
1 ой учун - 750 000 сўм.

https://t.me/maktabga_tayyorlov_guruhi
https://t.me/maktabga_tayyorlov_guruhi
203 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , 01:56
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 04:28:39
#Қосыққа сыймаған қатарлар.


Гейде қарсымыздағы адам бизди
аңламай қалғанын билсек те,сөйлеўге мәжбүр боламыз.

Айырым инсанлар болса бизди сөзсиз де түсинеди..
.



https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
167 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited  01:28
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 04:28:39
Бахыт-бул бир стакан суў,бирақ дәрья бойында емес,саҳрада.


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
156 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited  01:28
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 04:27:07 «Аққан жулдыз» естелиги ямаса 40 жыл улын күткен ана

Мойнақтың тийкарғы визит қағазы, бул әлбетте, кемелер қәбирстаны саналады. Бул жер бурын теңиз порты болған. Урыс жылларында усы портқа Өзбекстанның бәрше аймақларынан әскерлер Әмиўдәрья арқалы келип, усы жерден теңиз корабллерине шығып, Қазақстанның Арал қаласына барған, оннан арғы жағына, фронтқа поездлерде ҳәм басқа транспортларда алып кетилген. Усы ески порт орнындағы ушы аспанға қарап турған естелик бар. Ҳәзирде усы естелик теңиз ҳәм портты еслетиўши естелик сыпатында қаралады. Ол алдын Екинши жержүзилик урыста шейит болған әскерлер естелигине бағышлап қурылған ҳәм ол «Аққан жулдыз» деп аталған.

Усы естеликтиң қурылыўына себеп болған өте тәсирли ўақыяны мойнақшылар жүдә жақсы еслейди. Бул ўақыя төмендегише:

1941-жылда урыс басланып, Мойнақта бир үйден әке ҳәм жалғыз баласы бирге фронтқа шақырылады. Үйде Ақсары атлы ана жалғыз қалады. Көп өтпей фронттан әкениң өлими ҳаққында қара қағаз келеди. Бирақ баласы сол кеткеннен мол кетеди. Көрдим-билдим деген адам болмайды.

Урыс тамам болады. Фронтқа кеткенлерден кимдур шолақ, кимдур саў ҳалында қайта баслайды. Қайтпағанлардың болса урыста бир жерлерде жан бергенлиги ҳаққындағы хабарлар шығып турады. Бирақ Ақсары ананың баласынан дерек болмайды.

Ана ҳәр күни почта күтеди, ҳәр күни киятырған кемени күтип алыўға шығады. Бирак жалғыз перзентинен хабар жоқ. Ана урыс тамам болған жылдан баслап ҳәр күни усы портқа келип, саатлап перзенти кеткен жолға телмирип отырыўды әдетке айландырады. Арадан жыллар өтеди…

70-жылдың орталарына келип теңиз тартылып кете баслайды ҳәм порттың орнын өзгертиў керек болады. 30 жылдан артық ўақыт даўамында баласын усы жерде күтип киятырған ана «портты көширмең» деп жалынып жылайды.

«Балам урысқа усы жолдан кеткен. Келсе, енди тек усы жолдан қайтады», - деп портты көширмекши болғанлардың етегине асылып, жалынып, зар жылайды.

«Апа, енди теңиз жоқ. Кемелер қатнамайды. Балаңыз қайтса, машинада ямаса самолётте келиўи мүмкин, бирақ теңиз жолы менен емес»,-дейди.

«Яқ, түсинбей атырсыз. Мениң балам еле жас. Ол өз үйин тек усы жол арқалы ғана таўып келе алады. Ол Мойнақтан басқа жерди билмейди, тек теңизге шығып көрген. Келсе, тек теңиз жолы менен келеди. Болмаса, ол үйди қалай табады?...»

-Мен 1978-жылы Алматыға оқыўға кетип баратырған ўақтымда Ақсары ананың усы портқа қарай баратырғанын ақырғы мәрте көрдим, - деп еслейди мойнақшы Ханымай апа. – 1983-жылы оқыўды тамамлап келдим, бирақ кейин ол кисини көрмедим.

- Мойнақ районында жуўапкерли жумысларда көп жыллар бойы хызмет еткен Әбдикерим Тилеўов деген киси 40 жыл баласын күткен ананың тәғдиринен қатты тәсирленип, урысқа кетип қайтып келмеген әскерлер естелигине бағышлап, «Аққан жулдыз» монументин орнатыў усынысын алға сүрген еди, - дейди экскурсовод-илимпаз Октябрь Доспанов.

Е.Қанаатов

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
140 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited  01:27
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 04:27:07 Ассалаума әлейкум, әзизлер!

Таң атты. Тыныш аспаным,
Жайнайды бағы-бостаным,
Күн сайын артса ығбалың,
Бул мениң Ана-Уатаным.

Бағда қусларда сайрайды,
Шадлықтан бергендей хабарды,
Самалда намасын шалады,
Бул мениң әзиз Уатаным.

Шаңарақларыңызда ауызбиршилик, өзлериңизге беккем ден саулық, елимизде тынышлық болсын!
М. Ниетуллаева.

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
128 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited  01:27
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 04:27:07 Дүнья

Н. Муҳаммеддинов намасы

Адамзаттыӊ көзин тартып,
Жан жүрегин өзин тартып,
Билип- билмей гүна артып
Шалқытады ялған дүнья.

Ақ мәрмерден үй салса да,
Онда маржан, зер толса да,
Еӊ соӊында ким болса да,
Бәршеге теӊ болған дүнья…

Адасқанын билмегенди,
Обал- саӯап көрмегенди,
Соӊын ойлап жүрмегенди,
Көрип көзи талған дүнья.

Деми жетип, өтип кеткен,
Тәриплери көкке жеткен,
Ырғалар бағы дөреткен,
Жақсылардан қалған дүнья.
Соӊғы демде ойлап бәрин,
Басып өткен көп жолларын,
Өлшестирсе намыс- арын,
Ақыбети- әрман дүнья…

Бәршеге теӊ болған дүнья,
Жақсылыққа толған дүнья,
Кеӊлерге кеӊ болған дүнья,
Мыӊ қубылған әлӯан дүнья,
Қызығы мол кәрӯан дүнья.

Алтынгүл

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
129 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited  01:27
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 04:27:07


Ҳәзирги дәўирде нелер болмақта?

-Үйлер үлкеймекте,бирақ шаңарақлар киширейди.

-Медицина раўажланбақта,бирақ кеселликтиң түри көбейди.

-Адам Айға жетип барды,бирақ жан қоңсысының жағдайынан хабарсыз.

-Пуллар көбейди,бирақ қәтержамлық жоғалды.

-Даналық раўажланып баратыр,бирақ сезимлер кемейип кетпекте.

-Билим,марифатасты, көбейди,бирақ ҳикмет азайды.

-Жол-жөнекей қосылып алатуғын дослар көп,бирақ ҳақыйқыйлары аз.

-Саатлар түрли дизайнде ислеп шығарылмақта, бирақ көп нәрсеге ўақыт таба алмаймыз.

-Адамлар жылдан-жылға көбейип бармақта,бирақ адамгершилик азайып баратыр.


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
135 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited  01:27
Ашу / Түсініктеме