2022-04-30 04:24:54
Ассалаўма алейкум бәршеңизге!
Бүгин 30-апрель 2022-жыл.
Шемби күни.
Рамазанның 29-күни Бәршемизге мүбәрек болсын!!!
Қайырлы таң Алыстағы жақынларым. Сәҳәрликке турған бәрше Қәдирданларым.
Үйиңизге Алла тааланың рахметлери нур киби жаўсын.
Шаңарағыңызға тынышлық,қәтержамлық,қут,берекет тилеймен!
Күниңиз қайырлы өтсин. Аллаҳым өмириңизди,ырысқыңызды зыят қылсын.
Түнде турып,шаңарағы ушын сәрилик таярлаған ҳәм оларды оятқан ҳаялларымыздың,келинлеримиздиң шын кеўилден ислеген әмеллерине Алла таала көбирек саўапларын жазсын!
Аллаҳым ораза тутқанларға өзиң сабыр бергейсең!
Минекей өтип атырған ҳәр бир көринис сени бизден алып кетип,сағынышты қәлбимизге егип кетпекте.
Сенде жасап, сени сағынамыз Рамазан!...
Кеше ғана саған ынтық едик,бүгин санаўлы саатлар,минутлар менен күтпектемиз.
Бизлерден разы болып кеткейсең Рамазан.
Сенде әдетленген әмеллеримиз өмиримизди абат әйлесин!
Сәҳәрликтеги дуўаларымызды периштелер Алтын менен жазып алғай!
https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
139 views𝕀ℕ𝔻𝕀ℝ𝔸 , edited 01:24