Get Mystery Box with random crypto!

#Сөз_қаймағы Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары Елдиң қәдир | 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

#Сөз_қаймағы

Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары

Елдиң қәдирин патша билмес,
Журттан-журтқа аспағанша,
Жақсы ярдың қәдирин билмес,
Бир жаманға түспегенше.

Жер емген – ел ел болады,
Жер қәдирин билмеген елдиң,
Өмиринше ырысқалы кем болады.

Журт жутаса – жоқшылық,
Журт байыса – тоқшылық.

Урыўлы ел – уялы терек.

Едил ғарғасы елине кетти,
Жайық ғарғасы жайына кетти

Елге ел қосылса – дәўлет.
Елден-ел кетсе – мийнет.

Елге панасыз болса сайдан без,
Нәмәрт болса бийден без.

Киси елинде ат шаппа,
Шапсан узап кетпе.
Мертилерсең узамай,
Алалмай қайтып есенлик.

Қәтқудасыз ел болса,
Бирин-бири шарпыйды.
Қәтқудалы ел болса,
Бирин-бири қорғайды.

Қус қанаты менен,
Адам елаты менен.

Кемликке – камал,
Менменге – заўал.
Жүйрикке – томар.
Кимде ким халыққа қысым қылса,
Барып-барып өзи-ақ қудайдан табар.

Жери байдың ели бай.

Халқыңды, журтыңды жаманлама,
Халық табады миниңди.

Ел аралаған сыншы болады.
Тоғай аралаған үйши болады.

Адассаң аўылың менен.
Ел қонбай ийт тынбайды.

Ердиң сәни ел болар,
Елдиң сәни жер болар.

Көпти жаманлаған көмиўсиз қалады.

Көшкен журттың қәдири,
Қонғанда өтер.



https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali