Get Mystery Box with random crypto!

KarInform.uz

Telegram арнасының логотипі karinformuz — KarInform.uz K
Telegram арнасының логотипі karinformuz — KarInform.uz
Арна мекенжайы: @karinformuz
Санаттар: Жаңалықтар
Тіл: қазақ
ел: Қазақстан
Жазылушылар: 740
Арнадан сипаттама

Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы
Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Odnoklassniki: www.ok.ru/karinform.uz
Бизге мүрәжат @Karinformuzbot

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 3

2022-06-28 16:19:43
Президент «тонировка» мәселесине тоқталды

Толық мағлыўмат
https://karinform.uz/kk/article/12530

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
746 viewsedited  13:19
Ашу / Түсініктеме
2022-06-28 15:54:17 Конституцияға киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында

Өзбекстан Республикасының Конституциясына киргизилиўи жобаластырылып атырған өзгерис ҳәм қосымшалар ишинде Қарақалпақстан Республикасының суверенитети ҳәм оның Өзбекстан Республикасы қурамынан Қарақалпақстан халқының улыўма халықлық референдумы тийкарында шығып кетиўи көрсетилген статьяларының алып тасланыўы көпшилик қатарында бизди де тәшўишке, терең ойға салды.

Ата-бабаларымыз әрман еткен еркинлик, ғәрезсизлик түсиниклерин өзинде жәмлеген суверенитетимиз көз алдымызда жоқ болып баратырғаны Қарақалпақстан халқының басым көпшилигиниң кескин наразылығына себепши болды.

Мүмкин бул жерде халықтың исенген депутатлары бул өзгерислерди қоллап-қуўатлап, бийпәрўалық еткен шығар, ямаса айып улыўма басқа жақта да болыўы итимал. Бирақ, мениң ойлағаным, буннан биз қандай шешим қабыл ете алатуғынымызда.

Яғный, Қарақалпақстан халқы усы мәселеге келгенде аўызбиршилик көрсетип, бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып, өз еркинлигиниң ҳуқықый кепиллигин қорғаў ушын бирлеспекте. Бул халықтың бир мақсет жолында бирлесиўиниң бир епкини, көриниси болып, бундай ҳәрекетлер халқымыздың келешеги ушын оғада зәрүр деп есаплайман.

Және бир ойлағаным, бул өзгерислер халықтың наразылығынан кейин әлбетте бийкар етилиўи керек. Өйткени, халықлардың еркинлиги, азатлығы, ғәрезсизлиги, суверенитети ҳаққында гәп болғанда сол халықтың өзи менен есапласпаў мәзи ақмақшылық, деп есаплайман. Әлбетте, бул мениң жеке пикирим.

Бирақ, ҳәр нәрсениң бир ҳикмети болады дегендей, буннан биз жоқарыда атап өткенимиздей, бул ўақыяларды халықтың бирлигин тәмийинлейтуғын фактор сыпатында көре алсақ ҳәм соған ҳәрекет етсек өз мақсетимизге жете аламыз.

P.S.: Биз де, Конституция бойынша пикир-усыныслар порталы арқалы Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик суверенитети ҳәм референдум тийкарында ажыралып шығыў ҳуқықының алып тасланыўына наразылығымызды билдирип, бул нормалардың жаңа Конституцияда да сақланып қалыўы бойынша усыныс билдирдик.

P.P.S: Суверенитет – бул қарақалпақ халқының үмити. Халқымыз ҳәр қандай қыйыншылыққа төзим бериўи мүмкин. Бирақ, үмитиниң сөндирилиўине тамашагөй болып тура алмайды. Бундай болса бизди усы суверенитет, еркинлик ушын гүрес алып барып, шийрин жанынан ўаз кешкен ата-бабаларымыздың руўхы да, келешек әўладлар да кеширмейди…

Ислам Матеков.

Каналымызға ағза болың
@karinformuz
722 views12:54
Ашу / Түсініктеме
2022-06-28 15:31:39
Социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ипотека кредитлери төлеп бериледи

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ипотека кредитлерин төлеў ушын төрт миллиард үш жүз қырық бир миллион еки жүз мың сум қаржы ажыратылмақта. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қосымша дәреклери есабынан ажыратылып атырған бул қаржылар тек ғана социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ипотека кредитлериниң мүддети өткен қарыздарлықларын қаплаў ушын бир мәрте төлеп бериледи.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
620 views12:31
Ашу / Түсініктеме
2022-06-28 11:15:31
Жоқары оқыў орынларына қабыллаў параметрлериниң тиллер кесиминдеги бөлистирилиўи тастыйықланды

Толық мағлыўмат
https://karinform.uz/kk/article/12529

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
659 views08:15
Ашу / Түсініктеме
2022-06-25 15:32:55
Қарақалпақстанлы палўан қыз Ақтеңге Кеўнимжаева – Азия чемпионы

Қырғызстан Республикасы пайтахты Бишкек қаласында спорт гүреслери бойынша жас өспиримлер (U17) ҳәм жаслар (U23) арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.

Қуўанышлысы, ҳаял-қызлар гүреси беллесиўлеринде жерлесимиз Ақтеңге Кеўнимжаева 53 килограмм салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы болды.

Жерлесимиз континент бириншилигинде қазақстанлы Эллада Махяддинова, ҳиндстанлы Антим Антим, қырғызстанлы Айжан Сабырбек қызы ҳәм монголиялы Хулан Батхуягты жеңип, алтын медальды қолға киргизди.

Karinform.uz

Каналымызға ағза болың
@karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
995 views12:32
Ашу / Түсініктеме
2022-06-25 13:06:02
Dıqqat! Dıqqat!

30-iyun – «Jaslar kúni» múnásibeti menen usı jıldıń 25-iyun kúni saat 19:00 de siz kútken hám kútpegen estrada juldızları qatnasıwında Qaraqalpaqstan Respublikası I.V.Savickiy atındaǵı mámleketlik kórkem óner muzeyi aldındaǵı ashıq maydanda gala-koncert ótkeriledi.

Sonday-aq, gala-koncertte didjeyler qatnasıwında jaslar ushın diskoteka shólkemlestiriledi.

Barlıq jaslardı koncertte kútip qalamız !

Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması

Kanalımızǵa aǵza bolıń
@karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
912 views10:06
Ашу / Түсініктеме
2022-06-22 18:33:04
Жаңа Өзбекстанда Конституциялық реформалар

Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен «Конституцияға шахстың судланғанлығы ҳәм оннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның жақын туўысқанларының ҳуқықларын шеклеўге тийкар болыўы мүкин емес», деп қатаң жазып қойыў бойынша усыныс берилди.

Бизиң мәмлекетимизде де перзент әкеси ямаса ағасы ушын иниси жуўап бериўи керек емеслиги өзиниң беккем ҳуқықый тийкарын тапты. Ески совет дәўириниң халқымызды қорқыўда услап турыўға хызмет еткен сарқытларынан қутылыў жолында үлкен адым болды. Туўысқанлық, қарым-қатнасты оғада қәдирлейтуғын халқымыз ушын қәншелли қуўанышы хабар екенин көз алдымызға келтириўимиз қыйын. Мәмлекетимизди тиккелей ҳуқықый мәмлекет деп мақтаныш етиўге тийкар болатуғын зор усыныс болды.
384 views15:33
Ашу / Түсініктеме
2022-06-22 18:32:53
Жаңа Өзбекстанда Конституциялық реформалар

«Миранда қағыйдасы»н Конституцияға киргизиў. Яғный, шахсты услаў ўақтында оның ҳуқықлары ҳәм не себептен усланғаны әпиўайы тилде түсиндирилиўи шәрт.

«Миранда қағыйдасы»н тиккелей Тийкарғы нызамымызда беккемлеўди толық қоллап-қуўатлаймыз. Бул гүманланыўшы ямаса айыпланыўшы өзиниң ҳуқықларын билмеген ҳалда өз айыбына ықрарлығы ҳаққында көрсетпе бериўге тергеўши ҳәм прокурорлар тәрепинен мәжбүрлениўиниң алдын алады.
330 views15:32
Ашу / Түсініктеме
2022-06-22 18:32:39
Жаңа Өзбекстанда Конституциялық реформалар

Конституцияға «Өзбекстанда өлим жазасын қадаған етиледи» деген әҳмийетли норманы киргизиў усыныс етилди.

Өзбекстанда өлим жазасының қадаған етилгенин Конституция дәрежесинде белгилеў оғада әҳмийетли Елимизде көп жыллар бурын бийкар етилген өлим жазасы енди ҳеш қашан қолланылмайтуғынлығы Конституция менен кепилленбекте. Бул жоқары инсаныйлық халқымыз ушын ең жақсы қәдириятлардан бири екенлигинен дерек береди.
Соның менен бирге айырым пуқаралар тәрепинен берилген өлим жазасын тиклеў ҳаққындағы усынысларға да шек қояды. Инсан қәдири ушын әмелге асырылып атырған барлық реформаларымыздың мазмунынада сәйкес келеди.
351 views15:32
Ашу / Түсініктеме
2022-06-20 17:48:47
Академиялық лицейлерге онлайн тәризде ҳүжжет қабыллаў басланды

Толық мағлыўмат
https://karinform.uz/kk/article/12528

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
378 viewsedited  14:48
Ашу / Түсініктеме